Алтын теңсалмақлық
Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процеси
айрықша стратегиялық әҳмийетке ийе. Буны тек ғана сыртқы саўданың еркинлесиўи
сыпатында баҳалаў дурыс емес. Себеби ЖСШға интеграция мәмлекет экономикасын
халықаралық бәсеки орталығына алып шығады, ислеп шығарыўшыларды сапа ҳәм
нәтийжелиликке ийтермелейди және базарда тәбийғый бәсеки орталығын
қәлиплестиреди.
Бул трансформация Өзбекстан экономикасының шийки
затқа байланыслы модельден жоқары қосымша қун жарататуғын индустриаллық
экономикаға өтиўин тезлестириўи мүмкин. Бүгинги дүньяда тийкарғы дәрамат шийки
заттан емес, ал технология, инженерлик ҳәм интеллектуаллық өнимлерден
қәлиплеспекте. Соның ушын мәмлекет алдындағы тийкарғы ўазыйпа тәбийғый
ресурсларды тек ғана экспорт етиў емес, ал терең қайта ислеп, таяр ҳәм бәсекиге
шыдамлы өнимлерге айландырыў болып табылады.
Мәмлекетимизде
Менделеев кестесиндеги дерлик барлық стратегиялық элементлер бар. Енди бул
имканиятларды нәтийжели иске қосыў ўақты келди. Мәселен, мыс, литий, уран ҳәм
баҳалы металлар тийкарында аккумуляторлар, электротехника өнимлери, санаат
үскенелери ҳәм "жасыл экономика" ушын зәрүр технологиялар ислеп шығарыў
сыртқы саўда потенциалын бир неше есеге арттырыўы мүмкин. Бул болса Өзбекстанды
әпиўайы ресурс жеткерип бериўши емес, ал Орайлық Азиядағы жоқары технологиялы
индустриаллық орайлардан бирине айландырыў имканиятын береди.
ЖСШға ағзалық
мәмлекетке кирип киятырған инвестициялар көлемин де арттырыўы мүмкин. Себеби
халықаралық инвесторлар, бәринен бурын, нызамлары турақлы, саўда қағыйдалары
анық ҳәм халықаралық экономикалық системаға интеграцияланған мәмлекетлерге
исеним билдиреди.
Жаңа
Өзбекстан феномени әне усы тәрептен көзге тасланбақта: мәмлекет бир ўақыттың
өзинде ишки реформалар, индустриаллық раўажланыў, ашық экономика ҳәм көп
векторлы прагматикалық сыртқы сиясатты үнлес алып бармақта. Бул болса келешекте
Өзбекстанның тек ғана регионаллық емес, ал глобал экономикалық әҳмийетин де
сезилерли дәрежеде арттырады.
Усы мәнисте,
Өзбекстанның ЖСШға интеграцияланыўы тек ғана сыртқы саўда имканиятларын
кеңейтиў емес, ал экономиканың сапа жағынан жаңа басқышқа өтиўи ушын да әҳмийетли
тийкар, десек дурыс болады.
ЖСШға ағза болыў процесиндеги жаңа
басқыш
Мәмлекетимиз
басшысы танысқан презентацияда 2025-жыл Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза
болыў процесинде ең белсенди ҳәм шешиўши басқышлардан бири болғаны атап өтилди.
Мәмлекетте алып барылып атырған ашық экономика сиясаты, сыртқы саўданы
еркинлестириў ҳәм кең көлемли экономикалық реформалар ЖСШға интеграция процесин
пүткиллей жаңа басқышқа алып шықты. Енди бул процесс тек ғана сыртқы саўда
қатнасықларын тәртипке салыў емес, ал экономиканы халықаралық бәсеки орталығына
бейимлестириўдиң әҳмийетли механизмине айланбақта.
Презентацияда
атап өтилгениндей, Өзбекстанның ЖСШға ағзалық бойынша көп тәреплеме ҳәм еки
тәреплеме сөйлесиўлери сезилерли жеделлести. ЖСШ жумысшы топарының еки мәжилиси
өткерилип, шөлкем ағзаларына 200 ден аслам сораў бойынша рәсмий жуўаплар ҳәм
сыртқы саўда тараўына байланыслы онлаған ҳүжжетлер усынылды. Бул мәмлекеттиң
халықаралық экономикалық қатнасықларда ашық-айдынлық принциплерине барған сайын
жақынласып атырғанын көрсетеди.
Еки тәреплеме
сөйлесиўлер де жаңа басқышқа шыққан. 40 тан аслам сөйлесиў раунды өткерилип,
2025-жылдың өзинде 11 мәмлекет пенен келисимге ерисилди. Нәтийжеде Өзбекстан
менен ЖСШға ағзалық бойынша сөйлесиўлерди жуўмақлаған мәмлекетлердиң саны 33 ке
жетти. Бул болса мәмлекеттиң халықаралық экономикалық майданда исенимли ҳәм
прогноз етилетуғын шерик сыпатында абырайы артып атырғанын аңлатады.
Әҳмийетлиси,
ЖСШға қосылыў процеси ишки экономикалық реформаларды да жеделлестирмекте. Атап
айтқанда, өткен жылдың өзинде 68 нызамшылық ҳүжжети халықаралық нормаларға
бейимлестирилди. Интеллектуаллық мүлк тараўындағы тәртиплер әпиўайыластырылды, экспорт
шеклеўлери бийкар етилди, минимал экспорт баҳаларын белгилеў әмелиятынан ўаз
кешилди. Бул экономикада ҳәкимшилик араласыўды қысқартыў ҳәм базар механизмлерин
күшейтиўге хызмет етпекте.
ЖСШға ағза
болыў халықаралық қағыйдалар ҳәм стандартларға бейимлесиўди талап етеди.
Сонлықтан, сыртқы саўдадағы техникалық ҳәм санитариялық талапларды халықаралық
нормаларға бейимлестириў жумыслары да жаңа басқышқа шықты. Бурын артықша
бюрократиялық тосық болып келген бир қатар сертификатлаў системалары қайта
көрип шығылды. Соның ишинде, 747 товар позициясы бойынша мәжбүрий
сертификатластырыў талаплары бийкар етилип, техникалық шеклеўлер сезилерли
қысқартылды. Бул исбилерменлер ушын сыртқы базарларға шығыўды жеңиллестириў
менен бирге, ишки базарда бәсеки орталығын да күшейтпекте.
Бундай
реформалар тек ғана ЖСШға ағза болыў ушын әмелге асырылып атырған жоқ. Олардың
тийкарғы мақсети ашық, бәсекиге шыдамлы ҳәм заманагөй экономиканы қәлиплестириў
болып есапланады. Себеби, бүгинги дүньяда экономикалық жетискенлик тек ғана
тәбийғый ресурслар ямаса ишки базар көлеми менен емес, ал инвестициялық исеним,
еркин бәсеки ҳәм халықаралық қағыйдаларға сәйкес экономикалық система менен де
белгиленеди.
Усы мәнисте,
Өзбекстанның ЖСШға ағза болыў процеси әпиўайы техникалық сөйлесиў емес. Бул
жаңа Өзбекстан экономикасын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған
узақ мүддетли стратегиялық трансформацияның әҳмийетли бөлеги болып есапланады.
Өзине тән прагматикалық индустриал
жол
Өзбекстанның
Жәҳән саўда шөлкемине кириў процеси дүньяда оғада қурамалы ҳәм геосиясий жақтан
турақсыз дәўирге туўра келмекте. Бүгин глобал экономика барған сайын геосиясий
бәсеки майданына айланбақта. Транспорт коридорлары, энергия ресурслары,
технологиялар ҳәм жаңа базарлар ушын гүрес халықаралық қатнасықларға күшли
тәсир көрсетпекте. АҚШ-Қытай бәсекиси, Россияға қарсы санкциялар ҳәм Европа ҳәм
Азия арасындағы жаңа логистика шынжырларының қәлиплесиўи дүнья экономикалық
картасын түп-тийкарынан өзгертпекте.
Бундай
шараятта Өзбекстанның ЖСШға интеграцияласыўы әпиўайы сыртқы саўда процеси емес,
ал узақ мүддетли стратегиялық таңлаў сыпатында көринбекте. Себеби, бүгин
мәмлекетлердиң әҳмийети тек ғана ресурслары ямаса өндирис көлеми менен емес, ал
глобал саўда ҳәм транспорт системасында тутқан орны менен де белгиленбекте.
Әне сол
себепли жаңа Өзбекстан сыртқы сиясатта тең салмақлы ҳәм прагматикалық жолды
таңламақта. Мәмлекет бир ўақыттың өзинде Россия, Қытай, Европа
Аўқамы, Түркия ҳәм Азия мәмлекетлери менен экономикалық қатнасықларды избе-из
раўажландырыўға ҳәрекет етпекте. Бул болса көп векторлы экономикалық дипломатия
мәмлекет сыртқы сиясатының әҳмийетли өзгешелигине айланғанын көрсетеди.
Өзбекстан ҳеш бир геосиясий қарама-қарсылық орайында
қатнасыўды емес, ал барлық мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди
тийкарғы деп биледи. Бүгинги турақсыз шараятта мине усы қатнас мәмлекеттиң
экономикалық қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыўы ушын әҳмийетли факторға
айланбақта.
Миллий
экономика ушын қәўип-қәтерлер ҳәм шешимлер
Жәҳән саўда шөлкемине ағзалық миллий экономика алдына
жаңа талап ҳәм шақырықларды да қоятуғыны, ашық экономика шараятында ишки базар
халықаралық бәсеки ушын ашылатуғыны ҳәм бул айырым жергиликли ислеп шығарыўшылар
ушын қатаң сынаққа айланатуғыны тәбийғый. Әсиресе, технология, өним сапасы ҳәм
өзине түсер баҳасы бойынша бәсекиге шыдамлылығы төмен болған кәрханалар сыртқы
базар басымына дус келиўи итималдан жырақ емес. Арзан импорт өнимлериниң кирип
келиўи айырым жергиликли ислеп шығарыўшылардың жумысына тәсир етиўи мүмкин. Бул
болса экономиканы жасалма қорғаў емес, ал оны реал бәсеки шараятына таярлаў
зәрүрлигин көрсетеди.
ЖСШ қағыйдалары мәмлекетлик субсидиялар ҳәм
протекционистлик механизмлерди басқышпа-басқыш қысқартыўды талап етеди. Яғный
мәмлекет қоллап-қуўатлаўына үйренип қалған айырым тармақларды жаңа экономикалық
орталыққа бейимлесиўге ийтермелейди.
Бул процессти тек қәўип сыпатында баҳалаў дурыс емес.
Керисинше, ол миллий экономиканы модернизациялаў, технологиялық жаңаланыў ҳәм
нәтийжелиликти арттырыў ушын әҳмийетли имканият болып табылады. Себеби бүгинги
глобал экономикада нәтийжесиз ҳәм ески басқарыў системасына тийкарланған
өндирис модельлери узақ мүддетке бәсекиге шыдам бере алмайды.
Өзбекстандағы жедел экономикалық реформалар мине усы
трансформацияға таярлық ўазыйпасын атқармақта. Жоқары билимлендириўди
трансформациялаў, санлы экономика ҳәм жасалма интеллектке өтиў, жеке меншик
секторды қоллап-қуўатлаў, исбилерменлик орталығын жеңиллетиў, логистика ҳәм
инфраструктураны модернизациялаў, банк ҳәм салық системасының реформалары
сыяқлы илажлар миллий экономиканың бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға хызмет
етпекте.
Буннан тысқары, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти
раўажландырыў, жаслардың стартапларын қоллап-қуўатлаў ҳәм экономикалық
саўатлылықты арттырыў келешекте үлкен әҳмийетке ийе болады. Заманагөй
экономикада мәмлекет күши тек ғана ресурслар емес, ал тез бейимлесе алатуғын
ҳәм инновациялық жеке меншик сектор менен де белгиленеди.
Тасқан
дәря арнасын излейди
Бүгинги глобал геоэкономикалық өзгерислер шараятында
Өзбекстан сыртқы саўда айланысының келешекте бир неше есеге өсиўи ушын беккем
экономикалық тийкарлар бар. Әсиресе, транспорт коридорлары, энергия
қәўипсизлиги, стратегиялық минерал ресурслар ҳәм санаат шийки затларына болған
талаптың артыўы мәмлекет ушын жаңа имканиятлар ашпақта. Усы көзқарастан, сыртқы
саўда айланысының еки есеге өсиўи реал экономикалық процесс сыпатында
көрилмекте.
Өзбекстан тәбийий ресурслар резерви бойынша Орайлық
Азияда жетекши мәмлекетлерден бири. Мәмлекет алтын, мыс, уран, литий ҳәм баҳалы
металлар резервлерине ийе. Бүгин "жасыл экономика" ҳәм жоқары
технологиялардың раўажланыўы себепли мине усы ресурсларға жәҳән базарында талап
кескин артпақта. Электромобиллер, аккумуляторлар ҳәм санлы технологиялар ислеп
шығарыўда бул ресурслар стратегиялық әҳмийетке ийе. Талап ҳәм усыныс болса
Өзбекстанның экспорт потенциалын узақ мүддетли перспективада сезилерли арттырыў
имканиятын береди.
Екиншиден, глобал логистика коридорларының өзгериўи
Өзбекстанның әҳмийетин күшейтпекте. Европа-Азия, Қытай-Орайлық Азия-Жақын Шығыс
ҳәм Транскаспий транспорт жөнелислерине қызығыўшылық артып бармақта. Өзбекстан
усы бағдарлардың орайында жайласқан мәмлекет сыпатында транзит ҳәм логистика
хабына айланыў имканиятына ийе. Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан темир жолы,
Трансаўған жойбары ҳәм Каспий арқалы Европа базарларына шығыў имканиятлары
сыртқы саўда көлемин және де кеңейтеди.
Мәмлекетимизде соңғы жылларда бақланып атырған
академиялық ҳәм билимлендириў тараўындағы трансформация айрықша әҳмийетке ийе
болмақта. Себеби келешек экономикасының тийкарғы күши инсан капиталы болып
есапланады. Бүгин көплеген раўажланған мәмлекетлерде демографиялық қартайыў
процеси күшейип, мийнет ресурслары қысқарып бармақта. Өзбекстан болса жаслар
үлеси жоқары болған мәмлекет сыпатында үлкен стратегиялық үстинликке ийе.
Енди тийкарғы мәселе бул демографиялық имканиятты
жоқары маман кадрлар, инженерлер, программистлер ҳәм технологиялық
пикирлейтуғын әўладқа айландыра алыў болып табылады. Мәмлекетимиз басшысының
атап өткениндей, келешек экономикасының тийкарында жоқары инженерлик
қолланбалар, инновациялар ҳәм заманагөй технологиялар турыўы керек. Себеби, дүнья экономикасында тийкарғы
үстинлик енди шийки зат емес, ал илим, технология ҳәм интеллектуаллық потенциал
менен белгиленбекте.
Раўажланған
мәмлекетлердиң тәжирийбеси соны көрсетеди, экономикалық қүдиреттиң тийкарында
әйне жоқары технологиялы санаат ҳәм инновациялық өндирис системасы турады.
Қубла Корея, Япония, Германия яки Қытайдын экономикалық раўажланыўы, бәринен
бурын, инженерлик мектеби, санаат технологиялары ҳәм билимли кадрлар менен
байланыслы болған.
Усы
көзқарастан, Өзбекстанда машина қурылысы, электротехника, химия санааты, энергетика
үскенелери ҳәм санлы технологиялар тараўында миллий өндирис шынжырларын
қәлиплестириў экономиканы жаңа басқышқа алып шығыўы мүмкин. Егер бул процесс
Жәҳән саўда шөлкемине интеграция ҳәм ашық экономика сиясаты менен үнлес барса,
Өзбекстан Орайлық Азияда жоқары технологиялы өнимлер ислеп шығарыўшы ири индустриаллық
орайлардан бирине айланыў итималы артады.
Ашық
экономика жаңа талап ҳәм шақырықларды да жүзеге келтиреди. Айырым тармақларды
модернизациялаў, бәсекиге шыдамлылықты арттырыў ҳәм технологиялық жаңаланыўды
жеделлестириў турмыслық зәрүрликке айланбақта. Себеби глобал бәсеки шараятында
ески басқарыў усыллары ҳәм төмен нәтийжелиликке тийкарланған экономикалық
модельлер узақ даўам етпейди.
Орайлық Азия
мәмлекетлери енди тек ғана шийки зат экспорт етиўши аймақ сыпатында емес, ал
санаат кооперациясы, қоспа өндирис ҳәм транспорт-логистика шынжырлары
қәлиплесип атырған экономикалық мәкан сыпатында да қаралмақта. Регионаллық
турақлы өсиў регион мәмлекетлери арасында бәсекиге қарағанда өз-ара пайдалы
интеграция зәрүрлиги күшейип баратырғанын аңлатады.
Бүгинги глобал турақсызлық шараятында жаңа Өзбекстан
таңлаған жол ашық экономика, тынышлық ҳәм раўажланыў жолы болып есапланады. Әне
усы ақылға уғрас сиясат мәмлекеттиң халықаралық экономикалық абырайын
беккемлеў, инвестициялық тартымлылығын арттырыў ҳәм келешек әўладлар ушын
турақлы раўажланыў тийкарларын жаратыўда шешиўши әҳмийетке ийе.
Шерзод ҚУРБОНОВ,
экономикалық аналитик