Әсиресе, пахташылық тараўындағы түпкиликли өзгерислер тек ғана аграр тармақ емес, ал миллий экономиканың стратегиялық келешегин белгилеп берип атырған әҳмийетли факторға айланбақта.

Себеби пахташылық бүгин тек ғана шийки зат жетистирилетуғын тараў емес. Керисинше, жоқары қосымша қун жарататуғын, санаатты раўажландыратуғын, экспорт потенциалын арттыратуғын ҳәм жүз мыңлаған адамлардың бәнтлигин тәмийинлейтуғын үлкен экономикалық система болып есапланады.

Жақын өтмиште пахташылық тийкарынан реже ҳәм миннетлеме тийкарында қурылған еди. Пахта жетистириўде тийкарғы итибар сапа ҳәм нәтийжелиликке емес, ал режени орынлаўға қаратылғаны тараўдың раўажланыўын шеклеп қойған еди. Ең ашынарлысы, бул процесс көп жағдайда мәжбүрий мийнет пенен байланыслы болып, оқытыўшылар, шыпакерлер, студентлер ҳәм басқа да тараў ўәкиллери де аўыл хожалығы жумысларына тартылатуғын еди. Бул болса мәмлекеттиң халықаралық имиджине унамсыз тәсир көрсетип, ақырында өзбек пахтасына халықаралық бойкотлар енгизилиўине шекем жеткени белгили ғой!

Ақырында Президентимиздиң басламасы менен бундай аўыр машқалаларды сапластырыўға пүткиллей жаңаша қатнас қәлиплестирилди. Пахташылық тараўында мәжбүрий мийнет пүткиллей сапластырылды, кластер усылы енгизилди ҳәм базар экономикасы механизмлери кеңнен жолға қойылды. Ең әҳмийетлиси, дийқан ҳәм фермерликке мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратыла басланды.

Кейинги жыллардағы бундай жаңаланыўлар қысқа мүддетте әмелий нәтийжесин көрсетти. Бурын пахта зүрәәтлилиги ең көби, гектарынан орташа 15-25 центнер әтирапында болған болса, бүгин заманагөй агротехнологиялар, илим жетискенликлери ҳәм нәтийжели басқарыў арқалы зүрәәтлилик 85 центнерге шекем жетпекте. Бул болса жерге, дийқан мийнетине мүнәсибет пүткиллей өзгергенин, агротехникалық хызмет ҳәм қадағалаў системасы жаңа басқышқа шыққанын аңлатады.

Әсиресе, пахта талшығын мәмлекетте терең қайта ислеў системасы реформалардың ең әҳмийетли стратегиялық жетискенликлеринен болды. Көз алдыңызға келтириң: егер 2016-жылға шекем жетистирилген пахта талшығының тек ғана 40 проценти елимизде қайта исленген болса, бүгин талшықтың дерлик 100 проценти ишки санаатта қайта исленбекте. Бул болса Өзбекстанның шийки зат экспорт етиўши мәмлекеттен таяр өним ислеп шығарыўшы мәмлекетке айланып баратырғанын көрсетеди.

Нәтийжеде республика бойлап 350 ге шамалас заманагөй тоқымашылық кәрханасы шөлкемлестирилди. Тоқымашылық өнимлериниң экспорты соңғы жыллары дерлик 4 есеге артып, 3 миллиард долларға жетти. Ең әҳмийетлиси, бүгин өзбек брендиндеги өнимлер 80 нен аслам мәмлекетке экспорт етилмекте. Бул елимиз экономикасының бәсекиге шыдамлылығы барған сайын артып атырғанын айқын көрсетпекте.

Пахташылық тараўындағы реформалар халықаралық абырай көзқарасынан да үлкен әҳмийетке ийе болды. Халықаралық мийнет шөлкеми ҳәм “Cotton Campaign” коалициясы менен системалы бирге ислесиў, мәжбүрий мийнетке қарсы қатаң илажлар көрилиўи себепли 2022-жыл 10-март күни өзбек пахтасына қойылған 12 жыллық бойкот бийкар етилди. Кейин ала АҚШ Мийнет министрлиги де шеклеўлерди алып таслады. Бул жаңа Өзбекстанның халықаралық майдандағы әҳмийетли сиясий ҳәм экономикалық жеңислеринен бири сыпатында баҳаланды.

Аўыл хожалығындағы реформалардың нәтийжели өткерилиўинде Президентимиздиң басшылығындағы видеоселектор мәжилислери әҳмийетли басқарыў механизмине айланды. Онда тараўдағы әҳмийетли машқалалар талланып, анық ўазыйпалар ҳәм мүддетлер белгиленбекте. Ең әҳмийетлиси, қабыл етилген қарарлар қысқа мүддетте нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге айландырылып, әмелиятқа енгизилмекте.

Атап айтқанда, 2025-2026-жылларда қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар тийкарында фермерлерге кең финанслық жеңилликлер берилди. 10 жылдан аслам мүддеттен берли жумыс ислеп атырған, кредити ҳәм салық қарыздарлығы болмаған фермерлерге пахта ушын 8 процентлик, ғәлле ушын болса 10 процентлик жеңиллетилген кредитлер ажыратыў системасы енгизилди. Пахта ушын алынған кредитлерди өз ўақтында қайтарған фермерлерге процент төлеминиң бир бөлеги мәмлекет тәрепинен компенсация етип берилетуғын болды.

Сондай-ақ, дизель жанылғысы ҳәм минерал төгинлерди жеңиллетилген баҳаларда жеткерип бериў системасы жолға қойылды. Субсидия ажыратыў мүддети 1 айдан 15 күнге қысқартылды. 50 ден аслам түрдеги кредит ҳәм субсидияларды инсан факторысыз санлы платформалар арқалы алыў имканияты жаратылды. Бул болса тараўда бүгин ашық-айдынлық ҳәм нәтийжелиликти тәмийинлеўге хызмет етпекте.

2025-жылдан баслап пахташылықта енгизилип атырған 76×10 егиў системасы болса тараўдағы әҳмийетли инновациялық жаңалықлардан бири болды. Қытайдың Синцзян тәжирийбеси тийкарында жолға қойылған бул усыл қатарлар геометриясын илимий тийкарда шөлкемлестириў имканиятын бермекте. Қатарлар аралығының 76 ҳәм нәллер аралығының 10 сантиметр етип белгиленгени нәтийжесинде қуяш нуры, ҳаўа ҳәм ығаллықтың теңдей бөлистирилиўи тәмийинленбекте.

Бул болса фотосинтез процесин күшейтип, өнимдарлықты арттырыўға хызмет етпекте. Тамшылатып суўғарыў технологиялары менен биргеликте болса суўдың жумсалыўы кескин қысқарып, гидро нәтийжелилик еки есеге артпақта. Соның менен бирге, минерал төгинлер ҳәм химиялық қураллар анық мәнзилге жеткерилиўи есабынан ресурслар үнемленбекте.

Бүгинги пахташылық енди қол мийнетине емес, илим ҳәм жоқары технологияларға сүйенбекте. "Илим ҳәм излениў болмаған тараўда раўажланыў болмайды" принципи тийкарында Аўыл хожалығы илимлери академиясы шөлкемлестирилмекте. Тараўдағы 22 илимий орай ҳәм 260 лабораторияның жумысы модернизацияланбақта.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда Қытай, АҚШ, Түркия, Ҳиндстан, Россия ҳәм Қазақстанның жоқары өнимдарлы пахта сортлары локализацияланбақта. Жергиликли ҳәм сырт ел селекциясы тийкарында қурғақшылыққа, шорланыўға, кеселликлерге шыдамлы жаңа әўлад туқымлары жаратылмақта. Сырт ел сортлары егилетуғын майданлардың көлемин 500 мың гектарға жеткериў режелестирилген.

Заманагөй технологиялар тараўға кеңнен кирип келмекте. Дронлар жәрдеминде бир гектар жерге тек ғана 7 минутта химиялық ҳәм биологиялық ислеў бериў имканияты жаратылды. Санлы мониторинг системалары арқалы атыз жағдайы турақлы қадағаланбақта.

Тараўда инсан капиталына инвестиция киргизиў де әҳмийетли ўазыйпаға айланды. Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң 180 студенти алдынғы кластерлерде әмелият өтеп атыр. Студентлерге 1,5 миллион сум стипендия, оларға устазлық етип атырған фермерлерге болса 5 миллион сум қаржы ажыратылмақта. Жас агрономларға 2000 долларға шекем мийнет ҳақы төлеў системасы енгизилмекте.

Соның менен бирге, Өзбекстан фермерлер кеңеси тәрепинен Қытай ҳәм Түркияға тәжирийбе алмасыў ушын жүзлеген қәнигелер жиберилмекте. Мырзашөлде шөлкемлестирилип атырған инновациялық аўыл хожалығы мектебинде болса 1000 фермер заманагөй пахташылық технологиялары бойынша арнаўлы таярлықтан өткериледи.

Бир сөз бенен айтқанда, пахташылық тараўындағы реформалар жаңа Өзбекстан экономикасының раўажланыў модельине айланбақта. "Шийки заттан — таяр өнимге шекем" принципи тийкарында қәлиплесип атырған заманагөй агросанаат системасы экономикалық турақлылықты тәмийинлеў, экспорт потенциалын арттырыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўға хызмет етпекте.

Актам ҲАИТОВ, 

Өзбекстан фермерлери кеңесиниң баслығы