Мәмлекетимизде исбилерменлер менен турақлы сөйлесиўлер, тараўлар кесиминде турақлы ушырасыўлар өткерилип атырғаны бийкарға емес. Оларда бизнес ийелерин қыйнап атырған мәселелер, жумыс процесине тосқынлық етип атырған машқалалар, анық усыныс ҳәм басламалар ортаға тасланады. Додалаўлар даўамында көпшилиги шешимин таўып атырған болса, үлкен ҳәм системалы мәселелер жыйналып, улыўмаластырылған ҳалда мәмлекетимиз басшысына усынылады. Көтерилип атырған мәселелердиң шешими көп күттирмей атырғаны болса исбилерменлердиң ҳеш бир усыныс ҳәм басламасы босқа қалып кетпей атырғанынан дәрек береди.

Әдетте, елимиз бизнес ийелери өзлери күткен жаңалық ҳәм өзгерислерди ҳәр жылы августта мәмлекетимиз басшысы менен болып өтетуғын дәстүрий ашықтан-ашық сөйлесиўде еситиўге үйренип қалған. Усыныс ҳәм басламаларды да әне усы сөйлесиўден бир неше ай бурын жыйнаў жолға қойылған. Соның ушын, бизнес тараўының ўәкиллериниң көпшилиги мине усы ашықтан-ашық сөйлесиўди күтип, оған үлкен таярлық көреди.

Кейинги жылларда бул процесс және де нәтийжели механизмге айланды. Енди тийкарғы ашықтан-ашық сөйлесиўден алдын да исбилерменлер менен жуўапкер шөлкемлер арасында жыл даўамында ушырасыўлар шөлкемлестирилип, машқала ҳәм кемшиликлер турақлы додаланып келинбекте. Қызығы сонда, олардың нәтийжеси де көп күттирмей атыр. Исбилерменлер ортаға таслап атырған мәселелердиң әмелий шешими бойынша бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, қысқа мүддетте әмелиятқа енгизилип атырғаны бизнес ўәкиллерин және де жанландырмақта.

Президентимиздиң усы жыл 26-майдағы "Киши бизнес субъектлериниң өсиўи ушын және де қолайлы экономикалық ҳәм ҳәкимшилик шараятлар жаратыў ҳаққында"ғы пәрманын да елимиз исбилерменлери қызғын күтип алды. Көпшилик ушын бул күтилмеген хабар болды. Әсиресе, киши бизнес бағдарында жумыс алып барып атырған ўатанласларымыз пәрман менен оларға берилип атырған жеңилликлерди қуўаныш пенен қабыл етти. Көпшилиги оларды көптен берли қыйнап киятырған мәселелер шешилиўи менен бирге үлкен жеңилликлер берилип атырғанын қуўаныш пенен айтты.

Себеби, бул пәрманда киши бизнес субъектлери ушын салық режимин және де қолайластырыў, қосымша қун салығы (ҚҚС) ҳәкимшилигин әпиўайыластырыў арқалы айланысларды ашық етиў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға қаратылған әҳмийетли өзгерислер нәзерде тутылған. Мәселен, енди киши бизнес ийелеринен пайда салығы алынбайды, тексериўлер қысқартылып, есабат тапсырыў миннетлемеси бийкар етиледи. Булар әпиўайы жеңилликлер емес, айырым исбилерменлердиң аяғына жыллар даўамында тусаў болып киятырған үлкен аўырманлықты алып таслаў болып табылады. Киши болса да бизнесин жүргизип киятырған мыңлаған ўатанласларымыздың қуўанышының себеби сонда.

“Соңғы күнлерде киши бизнес ушын шараятлар жеңиллестирилетуғыны ҳаққындағы жаңалықлар исбилермен топарлар тәрепинен жыллы күтип алынғанын көрип турмыз. Бул мәселе бираз ўақыттан берли исбилерменлер ушын аўыр болып киятырған еди. Аймақларға сапарлар ўақтында олар ҚҚС төлеўге өтиў бойынша 1 миллиард сумлық шегара жүдә төмен, салық ҳәкимшилиги қурамалы, тексериў ҳәм есабатлар ҳәдден тысқары көп екенлигин атап өтетуғын еди. Нәтийжеде бизнес тыныш раўажланыў орнына жасалма түрде бөлиниўге мәжбүр болып атырған еди. Президентимиз қол қойған пәрманға муўапық, бул шегара 5 миллиард сумға шекем арттырылды. Буның нәтийжесин, бәринен бурын, шаңарақлық кәрханалар, кафелер, дүканлар, хызмет көрсетиўшилер, бир сөз бенен айтқанда, өзиниң күнделикли мийнети менен мәмлекетимиз экономикасын ҳәрекетке келтирип атырған мыңлаған инсанлар сезеди”, деп жазды Саида Мирзиёева.

Исбилерменлер де изли-изинен бул пәрманға мүнәсибет билдирип, жеңилликлердиң әҳмийетин түсиндире баслады. Себеби нәзерде тутылып атырған өзгерислер тиккелей олардың жумысы менен байланыслы. Мәселен, пәрман менен 2026-жыл 1-июньнен баслап улыўма аўқатланыў, саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы исбилерменлерге ҚҚСын есаплаў ҳәм төлеўдиң жаңа әпиўайыластырылған тәртибин таңлаў ҳуқықы берилмекте.

Бул жаңа тәртипке бола, ҚҚС ставкасы 6 процент етип белгиленеди, пайда салығы 0 процент болады ҳәм есабат тапсырыў миннетлемеси бийкар етиледи. Кафе, ресторан ҳәм мийманханалар ушын бир қатар жеңилликлер енгизилип, айырым хызметкерлерди әпиўайыластырылған тәртипте рәсмийлестириў имканияты жаратылады. ҚҚС гүўалығын тоқтатып турыў әмелияты да бийкар етиледи, 10 миллион сумға шекемги унамсыз ҚҚС суммасы автоматикалық тәртипте қайтарылады ҳәм басқалар.

Бул жеңилликлердиң әмелиятта қаншелли пайдалы екенин усы тараў адамларынан жақсырақ ҳеш ким билмейтуғын шығар. Сонлықтан, пәрманда нәзерде тутылған жаңа тәртип ҳәм жеңилликлер мәмлекетимиз исбилерменлериниң жумысына қаншелли тәсир көрсететуғыны менен қызықтық. Себеби, усыныс ҳәм басламалардың көпшилиги бизнес ийелериниң өзлери тәрепинен билдирилген.

Ҳәр бир жумыс орны рәсмийлестириледи

Исбилерменлер бул пәрманды бирден үлкен толқынланыў, жоқары исеним ҳәм унамлы кейпият пенен қабыл еткени бийкарға емес. Бизди қуўандырып атырған тийкарғы себеп - жыллар даўамында бизнестиң өсиўине тосқынлық еткен ең аўыр ноқатлар, атап айтқанда, үлкен салық жүги, қурамалы есабатлар ҳәм тынымсыз тексериўлер бир ўақыттың өзинде жеңиллетилди. Бул - енди исбилерменлер еркин дем алады, бар итибарын тексериўлерге емес, бизнесин раўажландырыўға қаратады, дегени.

Ашығын айтыў керек, исбилерменлер ушын қосымша жеңилликлер берилиўин күткен едик. Себеби бизнес ўәкиллери менен турақлы сөйлесиўлер даўамында көтерилип атырған мәселелерге шешим берилип, әмелиятқа енгизилиўи елимизде дәстүрге айланып үлгерди. Әҳмийетлиси, бул процесслерде тиккелей исбилерменлердиң өзи қатнаспақта.

Бирақ пайда салығының 0 процент етип белгилениўи ҳәм есабатлардың бийкар етилиўи, дурысы, күткенимизден де артық. Ҳәм булар биз ушын күтилмеген саўға болды. Қалаберди, пәрман менен киши ҳәм орта бизнес ушын берилип атырған ҳәр бир жеңиллик тийкарында үлкен имканиятлар бар. Мәселен, алдын жыллық айланысымыз 1 миллиард сумнан асса, дәрриў аўыр салық системасына өтетуғын едик, енди бул шегара дерлик 5 миллиард сумға шекем арттырылды. Яғный, салық салыўдың улыўма белгиленген тәртибине өтиў ушын белгиленген шекленген муғдар БЕМның 12 мың есеси етип белгиленбекте.

Салық жеңилликлери бәрқулла исбилерменге қолайлық береди. Себеби бизнес ийелери дәраматының үлкен бөлеги салықларға төленеди. Мәселен, кәрханамыз өткен жылы 1,5 миллиард сумнан аслам қосымша қун салығы төлемин төлеген. Буннан тысқары, улыўма аўқатланыў ҳәм мийманханалардың сап пайдасынан 15 процент пайда салығы төленеди. Жаңа пәрман менен болса енди мине усы салық төлемлериниң биреўи еки есеге қысқартылып, екиншиси ноль процентке түсирилмекте. Бул - исбилермен пайда салығын төлеўден азат етилип атыр, дегени. Мәмлекет бул арқалы исбилерменниң тапқан сап пайдасын өзинде қалдырып, бизнести реинвестициялаў ҳәм кеңейтиўге хошаметлемекте.

Кәрханамыз тийкарынан халыққа ҳәм туристлерге тиккелей хызмет көрсететуғыны себепли, бул салық жеңилликлеринен толық пайдаланыўды режелестирип атырмыз. Себеби бул - ҳақыйқый жеңиллик. Қалаберди, исбилермен пайда салығы есабатын тапсырыўдай “бас аўырыўы”нан да қутылады. Бурын есабат ушын ҳәр бир сатып алынған өнимниң, ҳәр бир шығыстың ҳүжжети жыйналып, қурамалы баланслар дүзиў керек еди. Бул бухгалтерия ушын артықша жумыс ҳәм ўақыт жоғалтыў болған. Бул да жетпегендей, кәрхана тәрепинен жиберилген есабатлар, әлбетте, салық уйымлары тәрепинен тексерилип, анықлық киргизилген. Салық уйымларына тастыйықлаўшы ҳүжжетлер алып барылмағанға шекем есабатларымыз қабыл етилмеген. Енди мине усындай әўерегершиликлер себепли сергиздан болмаймыз.

Исбилерменди ең көп қыйнайтуғын және бир мәселе - салық тексериўлериниң көплиги, ҚҚС гүўалығының тийкарсыз блокланып қойылыўы, контрагентлер менен жүзеге келип атырған машқалалы жағдайлар еди. Кейинги жылларда булар бираз жумсартылғанына қарамастан, еле сақланып қалып атырған айырым машқалалар көплеген исбилерменлердиң наразылығына себеп болып атырған еди. Мине, усы мәселедеги мүрәжатларымызға шешим берилгени кеўлимиздегидей болды. Яғный 2028-жылға шекем киши бизнес ушын айырым салық аудити ҳәм көшпели тексериўлер қысқартылады.

Дерлик 24 жылдан берли туризм ҳәм мийманхана бағдарында жумыс алып бараман. Жүзлеген хызметкерлер менен ислесемиз. Бүгин 200 ден аслам адамның бәнтлигин тәмийинлегенбиз. Жумысым даўамында тек ғана жумыс орнын ашыў емес, ал ҳәр бир хызметкер ушын мүнәсип мийнет шараятын тәмийинлеў, кәсиплик раўажландырыўға айрықша итибар қаратаман. Буның ушын рәсмий жумыс орынлары оғада әҳмийетли.

Бул пәрман менен енди, ҳәттеки, мәўсимлик жумысшыларды рәсмийлестириў де жүдә аңсат болады. Бул бизиң бағдарымыздағы бизнес ушын жүдә қолайлы. Гәп сонда, кафе ҳәм мийманханаларда мәўсимлик хызметкерлер (официантлар, тазалаўшылар, жәрдемши жумысшылар) тез-тезден алмасып турады. Бурын оларды жумысқа алыў ҳәм босатыў саатлап қағазпазлық ҳәм салық есабатларын талап ететуғын еди. Еңгизилип атырған жаңа ҳәм әпиўайы система себепли исбилермен хызметкерди демде нызамлы дизимнен өткере алады. Бул жасырын жумысшы сақлаў қәўпин жоқ етеди, хызметкерлер де нызамлы мийнет ҳақы ҳәм стажға ийе болады.

Лола МИРЗАЕВА,

“KHIVA PLAZA” ЖШЖ ҳәм “Farovon Hotels Group” басшысы

 

ҚҚС автоматикалық түрде қайтарылады

Мәмлекетимиз исбилерменлери бизнести қоллап-қуўатлаўға қаратылған жаңалық ҳәм өзгерислерди турақлы күтиўи әдеттеги жағдайға айланып қалды. Бул оғада унамлы тенденция. Усының өзи-ақ мәмлекет ҳәм бизнес арасындағы исенимли қарым-қатнас беккемленип атырғанынан дәрек береди. Исбилерменлер берип атырған усыныслар, көрсетип атырған машқалалардың шешими әмелий қарарларда өз көринисин таппақта. Мәмлекетимиз басшысының гезектеги пәрманы да буның айқын мысалы.

Онда тек ғана киши бизнес ўәкиллери емес, ал елимиздиң барлық исбилерменлери ушын әҳмийетли жеңилликлер берилмекте. Әсиресе, есап тапсырыўдың бийкар етилиўи ҳәм ҳәкимшилик процесслердиң жеңиллестирилип атырғаны ҳаққында сөз болғанда, бул арқалы исбилерменниң ең тийкарғы машқаласы шешимин таўып атырғаны көринеди. Себеби, әйне усы әмелият бизнес ийелериниң ең көп ўақтын алып, артықша әўерегершилигине себеп болып келмекте.

Ҳәр сапары ушырасыўларда кеминде бир мәрте усы мәселе ортаға тасланады. Дурыс, ҳәзир тексериўлер ҳәм қағазпазлық бурынғыдай емес. Бирақ соңғы ўақытлары ҳәр қыйлы тексериўлердиң салыстырмалы түрде және артқаны бақланып, бул исбилерменлердиң кескин наразылығына себеп болып атырған еди. Ҳәттеки бул мәселе социаллық тармақларда да додаланғанын көпшилик биледи. Мине, усы машқалаға дәрҳал шешим берилгени, исбилерменлердиң талабы қысқа мүддетте қанаатландырылғаны көпшилик ушын күтилмеген жағдай болды. Соның ушын да бизнес ўәкиллери бул пәрманды үлкен қуўаныш пенен қабыл етти.

Әлбетте, бул бирден-бир жеңиллик емес. Пәрманда өзим тиккелей жумыс алып баратуғын ресторан ҳәм хызмет көрсетиў тараўы ушын әҳмийетли болған басқа да бир неше жаңалықлар нәзерде тутылған. Атап айтқанда, исбилерменлерге салық системасын тәмийинлеў бойынша қосымша имканият берилмекте. Яғный айырым кәрханалар әпиўайыластырылған тәртипти таңлаў арқалы 6 процент ҚҚС төлейди, пайда салығынан азат етиледи. Бирақ бул барлық исбилерменлер автоматикалық түрде пайда салығын төлемейди, дегени емес. Ҳәр бир кәрхана өзиниң бизнес модели ҳәм экономикалық есап-санағынан келип шығып, өзине пайдалырақ системаны таңлайды. Мәселен, компаниямызда жеткерип бериўшилердиң дерлик барлығы ҚҚС төлеўшилер ҳәм ҚҚС системасында ислеў биз ушын экономикалық жақтан мақул. ҚҚС өтиў шегарасының 5 миллиард сумға шекем арттырылыўы ямаса 6 процентлик әпиўайыластырылған системаның ықтыярлы екени ҳәм ири салық төлеўши компанияларға енгизилмейтуғыны да соннан. Яғный бул бизики сыяқлы үлкен компаниялардың бизнес моделине үлкен тәсир көрсетпеўи мүмкин, бирақ киши ҳәм орта бизнес ушын унамлы қарар деп билемен ҳәм жаңа система олардың жумысында қосымша имканиятларды ашыўы мүмкин.

Бирақ ҚҚСты автоматикалық қайтарыў механизми, тексериўлер санының азайыўы ҳәм ҳәкимшилик процесслердиң әпиўайыластырылып атырғаны биз ушын да, басқа исбилерменлер ушын да жүдә пайдалы өзгерис болып есапланады. Тек ғана ҚҚС бойынша қайтарылыўы керек болған қаржыны алыў мүддетин алайық. Бул биз ушын әҳмийетли мәселе болып келген. Себеби жеткерип бериўшилер менен тийкарынан банк арқалы ислесемиз ҳәм үлкен көлемдеги ҚҚС қәлиплеседи. Сол себепли, бул салықтан қәлиплесетуғын кэшбеклер ҳәм қаржылардың тезирек және автоматикалық қайтарылыўы бизнес ушын әҳмийетли. Әне усы бағдарда автоматикалық қайтарыў механизмин енгизилип атырғаны оғада үлкен жаңалықлардан бири.

Айырым хызметкерлерди әпиўайыластырылған тәртипте рәсмийлестириў имканиятының жаратылып атырғаны да бираз қолайлық туўдырады. Гәп сонда, ресторан бизнеси инсан ресурслары менен байланыслы бағдар. Компаниямызда да 500 ден аслам жумысшы мийнет етеди. Бул киши сан емес. Сонлықтан, жумысқа қабыл етиў ҳәм рәсмийлестириў процеси қаншелли әпиўайы болса, исбилермен ушын да, хызметкер ушын да соншелли қолайлы. Қалаберди, бул рәсмий емес бәнтликти азайтыўға хызмет етеди. Процесс әпиўайы ҳәм түсиникли болса, хызметкерлерди нызамлы рәсмийлестириўге хошамет артады. Нәтийжеде ҳәр бир хызметкердиң социаллық қорғалыўы күшейип, бизнес және де ашық-айдын ислейди.

Даврон ҲАМИДОВ,

         “Memories Group” ресторанлар тармағының шөлкемлестириўшиси