Қайсы жерде исеним орталығы қәлиплессе, сол жерде ҳәрекет пайда болады. Ҳәрекет бар жерде болса раўажланыў тезлеседи.
Усы көзқарастан қарағанда, Қарақалпақстанда соңғы жылларда болып атырған өзгерислер әпиўайы экономикалық өсиўден әдеўир кең мәнис ийелейди. Бул процесслерди тек ғана жаңа кәрханалар, инвестициялар ямаса өсип атырған көрсеткишлер менен түсиндирип болмайды. Гәп, бәринен бурын, адамлардың экономикалық пикирлеўи өзгерип атырғаны, баслама ҳәм жуўапкершилик күшейгени, жәмийетте жаңа имканиятларға исеним орнап атырғанында.
Бул өзгерислердиң әҳмийетли тийкарларынан бири мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстан раўажланыўына қаратып атырған айрықша итибарында көзге тасланбақта. Атап айтқанда, 2024-жыл 19-август күни Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилисте аймақты ири бизнес ҳәм исбилерменлик хабына айландырыў ўазыйпасы белгилеп берилди. Мине, усы мақсетте "Қарақалпақстанда бизнес ислең" бағдарламасын ислеп шығыў басламасы алға қойылған еди. Бул бойынша ҳәзирги ўақытта системалы жумыслар алып барылмақта.
Бүгин Қарақалпақстан мысалында бир ҳақыйқатлық және де айқын көринбекте: реформалардың ҳақыйқый нәтийжеси тек ғана есабатларда емес, адамлардың кейпиятында, мийнетке мүнәсибетинде ҳәм келешекке болған көзқарасында да сәўлеленбекте. Усы мәнисте аймақта жүз берип атырған процесслерди жаңа экономикалық ой-пикир, жаңа имканиятлар орталығы ҳәм раўажланыўдың жаңа басқышының қәлиплесиўи сыпатында баҳалаў орынлы.
Қарақалпақстанда 2017-жылы жалпы аймақлық өним 13,5 триллион сум әтирапында болған болса, усы жылдың басында 54 триллион сумнан артқаны экономикалық системаның мазмун жағынан жаңа басқышқа көтерилгенин көрсетеди. Итибарлы тәрепи, өсиў экстенсив кеңейиў есабынан емес, басқарыў системасының жаңаланыўы, инвестициялық орталықтың жақсыланыўы ҳәм экономикалық қатнасықлардың заманагөйлесиўи арқалы тәмийинленбекте.
Халықтың жан басына туўра келетуғын жалпы аймақлық өнимниң 7,5 миллион сумнан 26,5 миллион сумға шекем артыўы болса бул өсиўдиң реал социаллық тәсирге ийе екенинен дәрек береди. Себеби бул санлардың артында ҳәр бир шаңарақтың дәрамат дәреклериниң кеңейиўи, тутыныў имканиятларының артыўы жәмленген. Экономикалық теория көзқарасынан бул жағдай инклюзив өсиў модельиниң әмелдеги көриниси есапланады, яғный раўажланыў нәтийжелери жәмийеттиң кең қатламларына кеңирек тарқала баслайды.
Инсанлар экономикалық процесслердиң белсенди қатнасыўшысына айланыўы, исбилерменлик басламаларының артыўы ҳәм мийнетке мүнәсибеттиң жаңаланыўы экономикалық өсиўдиң тереңлескенин аңлатады. Демек, Қарақалпақстанда бақланып атырған раўажланыўды тек ғана санлар динамикасының сапасы емес, ал экономикалық система ҳәм жәмийет арасындағы жаңа сапа тең салмақлығының қәлиплесиўи сыпатында түсиниў мақсетке муўапық.
Кейинги жыллары Қарақалпақстанда исбилерменлик орталығы түп-тийкарынан өзгерип, көлеми ҳәм мазмуны жаңа басқышқа шықты. Кәрханалар санының 11,1 мыңнан 26 мыңға шекем артыўы жәмийетте интакерлик мәденияты қәлиплесип атырғанының анық белгиси болып есапланады. Себеби, исбилерменлик тек ғана экономикалық белсендиликти аңлатпайды, ол инсанның пикирлеў тәризи ҳәм еркин қарар қабыл етиў қәбилети менен тығыз байланыслы. Ҳәр бир жаңа кәрхана артында жаңа идея, жаңа жумыс орны ҳәм жаңа экономикалық қатнасықлар системасы қәлиплеседи. Бул болса жәмийеттиң ишки энергиясы оянып атырғанынан дәрек береди.
Санаат өнимлериниң көлеми 7 триллион сумнан 29 триллион сумға шекем артқаны Қарақалпақстан экономикасында санаатласыў процеси избе-из ҳәм турақлы түс алып атырғанын көрсетеди. Бул өсиў тийкарында өндирислик қуўатлықлардың кеңейиўи менен бирге, технологияларды енгизиў, мийнет өнимдарлығын арттырыў ҳәм басқарыў модельлерин модернизациялаў сыяқлы терең өзгерислер жатады. Заманагөй экономика билим ҳәм инновацияға сүйенеди. Усы көзқарастан, аймақтағы санааттың раўажланыўы билимге тийкарланған экономикаға қәдем қойылып атырғанын аңлатады.
Экспорт көлеминиң 32,1 миллион доллардан 435 миллион долларға шекем өсиўи болса аймақтың сыртқы экономикалық байланыслары кеңейип, оның глобал базарлардағы қатнасыўы жеделлесип атырғанын көрсетеди. Бул процести тек ғана товар алмасыўы сыпатында баҳалаў жетерли болмайды. Экспорт бәсекиге шыдамлылық, сапа ҳәм исенимлилик өлшеми болып есапланады. Аймақ өнимлери халықаралық базарда өз орнын таўып атырғаны оның экономикалық потенциалы ҳәм өндирис мәденияты артып атырғанынан дәрек береди.
Инвестициялардың динамикасы да айрықша итибарға ылайық. 2017-жылы тек ғана 6 миллион доллар болған сырт ел инвестицияларының көлеми бүгин 2,5 миллиард долларға жеткени экономикалық сиясаттың турақлылығы ҳәм ашық-айдынлығын тастыйықлайды. Инвесторлар риск жоқары болған орталықты таңламайды, керисинше, ҳуқықый кепилликлер ҳәм болжаныўы мүмкин болған экономикалық системаны абзал көреди. Демек, Қарақалпақстанда әйне усындай орталық қәлиплесип үлгерген.
Бул өзгерислердиң беккем тийкары исбилерменлик субъектлери ушын салық жүгиниң сезилерли дәрежеде жеңиллетилгени болып есапланады. Пайда салығы, мүлк ҳәм жер салығы ставкаларының еки есеге қысқартылыўы, социаллық салықтың 1 процент етип белгилениўи мәмлекеттиң бизнести хошаметлеўге қаратылған анық ҳәм системалы сиясатын көрсетеди.
Нәтийжеде 17 мыңнан аслам исбилерменниң ықтыярында 567 миллиард сум қаржы қалдырылыўы экономикалық еркинликтиң әмелий нәтийжесине айланды. Бул ресурслар базарда жедел айланып, жаңа жумыс орынларын жаратыў, өндирис көлемин кеңейтиў ҳәм хызметлердиң сапасын арттырыўға хызмет етпекте. Соның менен бирге, 1 триллион сум муғдарында жеңиллетилген кредитлердиң ажыратылыўы инвестициялық жеделликти хошаметлеп, исбилерменлик басламаларын және де жеделлестирди.
Қарақалпақстанда бақланып атырған бул процесслер экономикалық өсиўдиң әпиўайы көрсеткишлери емес, ал жаңа экономикалық орталық, жаңаша пикирлеў ҳәм жаңа имканиятлар мәканы қәлиплесип атырғанынан дәрек береди.
Және бир әҳмийетли тәрепи - бул жеңилликлердиң 2040-жылға шекем созылыўы. Бул стратегиялық көзқарас бар екенлигин көрсетеди. Экономикалық раўажланыўда ең әҳмийетли факторлардан бири турақлылық ҳәм узақты көре билиў болып есапланады. Усы мәниде Қарақалпақстанға байланыслы жүргизилип атырған сиясат исенимге тийкарланған стратегиялық модель сыпатында көзге тасланбақта.
Аймақтағы бүгинги экономикалық өзгерислер әпиўайы өсиў емес, ал жаңа экономикалық пикирлеўдиң қәлиплесиўи болып есапланады. Бул процессте мәмлекетлик сиясат, исбилерменлик белсендилиги ҳәм жәмийеттиң социаллық санасы өз-ара үнлес раўажланбақта. Ең әҳмийетлиси, бул өзгерислер инсан мәпи, оның турмыс сапасы ҳәм келешекке болған исенимин беккемлеўге хызмет етпекте.
Умар УСМАНОВ,
Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы
аймақлық басқармасының баслығы