Таў-кән санааты мәмлекетимиз экономикасында әҳмийетли орын ийелейди. 2025-жылы жәми санаат өниминиң 20 проценти тармақ кәрханаларының үлесине туўра келген. Олар бюджетке 118,5 триллион сум түсимлерди тәмийинледи.

Соның ушын тараўды технологиялық трансформациялаў, өндирис ҳәм мийнет ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, заманагөй санлы шешимлерди кеңнен енгизиў бойынша ўазыйпаларды шешиў экономикалық қәўипсизликти тәмийинлеў, инвестицияларды көбейтиў ҳәм тәбийғый байлықлардан ақылға уғрас пайдаланыўда стратегиялық әҳмийетке ийе.

Дүньяда "турақлы раўажланыў" ҳәм "санлы геология" концепциялары жедел раўажланбақта. Елимизде де бул бағдарда белгили жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, 2025-жылы таў-кән санаатының ири кәрханаларында 7,3 триллион сум операциялық қәрежетлер үнемленип, өнимниң өзине түсер баҳасы 9,1 процентке азайған.

Сондай-ақ, "Геомониторинг" мәлимлеме системасы енгизилип, 2 мыңнан аслам кән мағлыўматлары санластырылды.

Келеси бес жылда алтын резервин 879 тоннаға, гүмисти 510 тоннаға, мысты 676 мың тоннаға арттырыў бойынша жумыслар басланғаны атап өтилди.

Жасалма интеллект технологиялары геологиялық мағлыўматларды жедел таллаў, пайдалы қазылма кәнлерин болжаў, резервлерди анық баҳалаў ҳәм бураўлаў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў имканиятын береди. Усы мақсетте геологиялық-излеў процесиниң барлық басқышларында жасалма интеллектке тийкарланған шешимлерди енгизиў режелестирилген.

Президентимиз буның ушын тараўдағы технологиялық трансформацияны жаңа басқышқа алып шығыў, өндирис процесслерин жасалма интеллект тийкарында басқарыў ҳәм таллаў системасын жаратыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Таў-кән санааты ҳәм геологияда карталар, геологиялық излеў нәтийжелери, бураўлаў мағлыўматлары, лабораториялық анализлер, өндирис көрсеткишлери сыяқлы үлкен көлемдеги мағлыўматлар қәлиплеседи. Оларды бирден-бир электрон базаға бирлестирип, 3D модельлер арқалы жедел излеў ҳәм таллаў имканиятын жаратыў арқалы жаңа кәнлерди анықлаў имканиятын арттырыў мүмкин.

Оның нәтийжесинде өзине түсер баҳаны 10 процентке азайтыў, жаңа кәнлерди ашыў мүддетин 2 есеге қысқартыў ҳәм инвесторлар ушын усынысларды 4 есеге арттырыў имканияты жаратылатуғыны атап өтилди.

Презентацияда атап өтилгениндей, 2030-жылға шекем геология ҳәм таў-кән санаатына 30 миллиард доллар инвестиция тартыў режелестирилген. Оның ушын, бәринен бурын, инвесторлардың талапларына муўапық сапалы ҳәм исенимли санлы мағлыўматлар базасын қәлиплестириў зәрүр.

Соның ушын Миллий геологиялық мағлыўматлар базасын жаратыў усыныс етилди. Бул процессте Технологиялық трансформация орайы шөлкемлестирилип, 36 мыңнан аслам есабат ҳәм басланғыш мағлыўматлар санластырылады. Нәтийжеде геологиялық мағлыўматларды қәлиплестириў, кәнлерди модельлестириў ҳәм резервлерди есаплаў сапасы ҳәм тезлиги 2 есеге артады.

Геология тараўында ҳәм 6 ири кәрхана - Наўайы кән-металлургия комбинаты, Алмалық кән-металлургия комбинаты, "Наўайыуран", "Өзметкомбинат", "Өзбеккөмир" ҳәм Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты жумысында жасалма интеллект ҳәм санлы технологияларды енгизиў бойынша 2026-2030-жылларда 44 жойбарды әмелге асырыў режелестирилгени ҳаққында мәлимлеме берилди.

Бул жойбарлар бес тийкарғы бағдарды өз ишине алады: өндирис процесслерин автоматластырыў, корпоратив басқарыўды санластырыў, жасалма интеллект технологияларын енгизиў, мийнет ҳәм санаат қәўипсизлигин тәмийинлеў, геология-излеў жумысларын санлы трансформациялаў.

Жойбарларды әмелге асырыў есабынан операциялық нәтийжелилик 7 процентке, техника ҳәм үскенелердиң исенимлилиги 20 процентке, энергия нәтийжелилиги 8 процентке артыўы күтилмекте. Сондай-ақ, қәтелер ҳәм инсан факторы менен байланыслы қәўип-қәтерлер 15 процентке азайыўы прогноз етилмекте.

Келешекте бул шешимлерди патентлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жуўапкерлерге таў-кән санааты кәрханаларының бизнес-режесин ислеп шығыўда өндирис ҳәм мийнет ресурсларының нәтийжелилигин арттырыў илажларын киргизиў, технология ҳәм жасалма интеллект жойбарлары бойынша өз алдына бағдарламаларды тастыйықлаў ўазыйпасы қойылды.