Александр Стуббтың Өзбекстанға өткен жылғы рәсмий сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Өз-ара саўданы көбейтиў, металлургия, энергетика ҳәм геология тараўларында биргеликтеги жойбарларды жеделлестириў, экология ҳәм суў ресурслары тараўындағы бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси ҳәм бизнес форумын 2027-жылдың басында өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.