Көптен берли толқынланып күтилип атырған бул конференцияны, әдеттегидей әпиўайы дәстүрий ушырасыў емес, ал мәмлекет ҳәм бизнес арасындағы исенимли бирге ислесиўдиң жаңа басқышының басланыўы сыпатында баҳалаў мүмкин.

Бул сөйлесиў мәмлекетимизде исбилерменлик орталығын жақсылаў ҳәм исбилерменликти хошаметлеў избе-из ҳәм артқа қайтпайтуғын сиясатқа айланғанын және бир мәрте көрсеткенин атап өтиў керек.

Мәмлекетимиз басшысы елимиздиң раўажланыўы жолында өзине тән локомотив ўазыйпасын атқарып атырған 1 миллион 200 мыңлық бизнес жәмийетшилигиниң ўәкиллерин Исбилерменлер күни менен қызғын қутлықлады ҳәм алдағы жумысларына үлкен табыслар тиледи. Буннан бес жыл алдын исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў өткериў дәстүри жолға қойылғанынан берли бизнестиң раўажланыўына тосқынлық еткен мыңлаған мәселелерге нызамлы ҳәм тийкарлы шешимлер табылғанын атап өтип, бул тараўға байланыслы 84 нызам, 861 пәрман ҳәм қарар қабыл етилгенин айрықша атап өтти.

- Не ушын? Исбилерменлеримизге шараят жаратып, жаңа жумыс орынларын көбейтиў, адамларымызды узаққа бармай, мәҳәллесиниң өзинде дәраматлы етиў ушын, - деди Президент.

Итибарлы тәрепи, бүгинги күнде дүньядағы қыйын жағдайға қарамастан, усы жылдың биринши ярымында Өзбекстан экономикасы 8,5 процентке өскени, сондай-ақ, халықаралық рейтинг агентликлери мәмлекетимиздиң суверен кредит рейтинги буннан былай да жақсыланып атырғанын тән алғаны бәршемизди қуўандырады. Мәмлекетимиз басшысы бундай үлкен нәтийжелер, бәринен бурын, исбилерменлер менен биргеликте әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжеси екенин атап өтти.

Еслетип өтемиз, дәслепки сөйлесиўден берли өткен дәўир аралығында исбилерменлердиң мыңлаған басламалары нызамшылық ҳүжжетлеринде, бизнести қоллап-қуўатлаўшы жаңа структуралар ашылғанында ҳәм басқа да унамлы өзгерислерде өз көринисин тапқаны бул қатнастың әмелий дәлили болып есапланады.

Усы жерде оғада қысқа мүддетте ерисилген табыслардың айырымларын және бир мәрте қанаатланыўшылық пенен тилге алыў керек: өткен бес жыл ишинде бизнес ушын ажыратылған кредит портфели дерлик 3 есеге артып, 450 триллион сумға жетти. Исбилерменлер 650 триллион сум муғдарында салық ҳәм бажыхана жеңилликлеринен пайдаланды. Көплеген бизнес ўәкиллери сырт ел банклеринен өз жойбарларына еркин түрде 1 миллиард доллар тартты. Сондай-ақ, кәрханалардың тийкарғы капиталға инвестициясы 3 есеге көбейип, 363 триллион сумға жетти. Санааты 100 миллион доллардан асқан районлардың саны 66 дан 116 ға көбейди. Бизнесин мәҳәлледе баслап, елимиз бойлап онлаған филиалларға ийе болған исбилерменлер 550 ден, миллий брендин жаратқанлар 300 ден асты.

Және бир ибратлы тәрепи сонда, қосымша қун салығына өтиў шегарасы 1 миллиард сумнан 5 миллиард сумға арттырылды. Кафе ҳәм ресторанларға 100 миллиард сум ҚҚС "кэшбек" сыпатында қайтарылды, аўыл хожалығы өнимлерине "ноль"лик ставка енгизилиўи есабынан 400 миллиард сум фермерлердиң есап бетинде қалды. Жәҳән банкиниң инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығы бойынша есабатында Өзбекстан 31-орынды ийеледи...

Бул санлар мәмлекеттиң бизнеске қатнасы "көбирек салық өндириў"ден "исбилерменди өсириў, айланысын кеңейтиў ҳәм сол арқалы экономикалық базаны беккемлеў" принципине өтип атырғанынан дәрек береди.

Ашықтан-ашық сөйлесиў мәмлекетимизде бизнести раўажландырыўға түртки беретуғын жаңа, жетик бир институт, нәтийжели механизм сыпатында қәлиплескени белгили. Бул ретки қызғын болып өткен сөйлесиўде исбилерменлер тәрепинен көтерилген мәселелер тийкарында бес тийкарғы бағдар бойынша жаңа басламалар жәрияланды.

Биринши бағдар - исбилерменлик ушын турақлы өсиў траекториясын тәмийинлеўден ибарат. Бул баслама стартаплар ҳәм раўажланып атырған бизнестиң қаржыға болған талабы, гиреў тәмийнатының жетиспеўшилиги, айырым бюрократиялық факторлар ҳәм бизнести жүргизиўде исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў системасының жетик емеслиги себепли жүзеге келгенин айтыў керек. Бул басламаның әмелге асырылыўы себепли исбилерменликти комплексли қоллап-қуўатлайтуғын бирден-бир экосистема жаратылады, жасалма интеллект ҳәм жеңиллетилген кредитлер есабынан жаңа бизнеслерди жолға қойыў аңсатласады.

Ҳақыйқатында да, Президенттиң "Исбилерменге кредит бериў емес, оны биринши қәдеминен үлкен бизнеске айланғанға шекем басынан ақырына шекем қоллап-қуўатлайтуғын комплексли система жаратамыз", деген сөзлери бәршемизди қуўандырды.

Екинши бағдар сыпатында аймақларда "бизнес имканиятлары"н арттырыў белгиленип, жер ҳәм мүлк алыў процеси "таяр пакет" системасы арқалы тезлесиўи, айланба қаржылардың үнемлениўи - локализациялаў ҳәм өндирис көлеминиң артыўына хызмет етеди.

Тийкарғысы, қалған үш бағдар бойынша белгилеп берилген барлық ўазыйпалар да биринши гезекте исбилерменлердиң мәпи жолында хызмет етеди. Мәселен, кейинги жыллары мәмлекетимизде бәсекиге шыдамлылықты ҳәм мийнет өнимдарлығын және де арттырыў, өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў, жеке меншик секторға сыртқы инвестицияларды көбирек тартыў ҳәм заманагөй қәнигелердиң жетиспеўшилигин сапластырыў зәрүрлиги пайда болды. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен "жасалма интеллект - басқарыў нәтийжелилиги - жаңа инвестициялар" экосистемасын жаратыў ўазыйпасының белгилениўи мине усы кемшиликлерди сапластырады.

Президентимиздиң экспорт потенциалын арттырыў ҳәм миллий брендлерди сыртқы базарларға алып шығыўға байланыслы басламасы болса кәрханалардың жумысына жасалма интеллект ҳәм автоматластырылған басқарыў интеграцияланыўы есабынан дәраматлардың артыўы, жергиликли компаниялар халықаралық капитал базарына шығып миллиардлап доллар тартыў имканиятына ийе болыўы ҳәм жүз мыңлаған жаслардың заманагөй, жоқары дәраматлы кәсиплерди ийелеўине жол ашады.

Түрли қадағалаў уйымлары тәрепинен исбилерменлердиң жумысы қайта тексериўлер өткерилиўи, үлкен финанслық жәриймалар ҳәм лицензиялаў-руқсат бериў процесслериндеги айырым бюрократиялық басымлар бесинши - бизнеске ҳәкимшилик басымды кескин азайтыў басламасына түртки болды, деп айтыў мүмкин. Тез арада киши бизнес ушын 3 жыллық мораторий енгизилиўи, "сөйлемеў - келисим" принципиниң күшке кириўи, жәриймалардың азайтылыўы ҳәм басқа да жеңилликлер бизнес ушын тыныш, еркин ҳәм ашық-айдын орталықты жаратады.

Соны қуўаныш пенен атап өтемен, бул турмыслық басламалар исбилерменлер ушын оғада әҳмийетли болып турған мәселелерди шешиўге қаратылғаны менен әҳмийетли. Алға қойылған басламалар партиямыздың сайлаўалды бағдарламасында билдирилген ўазыйпаларға оғада үнлеслиги менен де айрықша дыққатқа ылайық. Олар киши бизнеске жаңа имканиятлар есигин ашады, орта бизнести раўажландырыўға түртки береди, қысқасы, исбилерменлерге жаңа шеклерди ийелеў ушын тийкар жаратады.

Сөйлесиўде алға қойылған басламалар исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, исбилерменлик орталығын және де жақсылаў ҳәм жеке меншик сектордың экономикадағы орнын беккемлеўге хызмет етеди. Бул басламалар фракциямыз ағзаларына да үлкен жуўапкершилик жүклейди. Бул бағдарда исбилерменлердиң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, олардың жумысына тосқынлық етип атырған машқалаларды сапластырыў, тараўға байланыслы нызамшылықты заман талаплары тийкарында жетилистириўге айрықша итибар қаратыўымыз зәрүр болады. Себеби, исбилермен ушын жаратылған ҳәр бир қолайлық - жаңа жумыс орны, турақлы дәрамат ҳәм мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўы ушын беккем тийкар дегени.

 Актам ХАИТОВ,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы

ӨзЛиДеП фракциясы басшысы