Кубок жарысында мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан ең күшли командалар қатнасты ҳәм белгиленген шәртлер тийкарында өз-ара беллести.

Кескин өткен беллесиўлер соңында жарыс соңында республикамыз абырайын мүнәсип түрде қорғаған Кегейли районындағы 41-санлы мектептиң «Лашын» командасы биринши орынды ийелеп, «Қорғаныў министри кубоги»ниң жеңимпазына айланды.

Мағлыўмат ушын айтатуғын бул мектеп оқыўшылары буннан алдын да усы жарыста жеңимпазлықты қолға киргизген еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.