Сонлықтан, туранлы жаслар овош ҳәм палыз егинлерин егип, шаңарағына мол дәрамат келтириў менен бирге, ишки базарда аўыл хожалығы өнимлериниң арзан болыўына да үлес қоспақта.
- Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 5-апрельдеги "Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жаңа жер майданларын өзлестириў илажлары ҳаққында"ғы қарарына тийкарланып районымыздағы 600 ден аслам жасқа 30 сотыхтан 1 гектарға шекем жер ажыратылып, бәнтлиги тәмийинленген, - дейди Халық депутатлары Беруний районлық Кеңеси секретариатының баслығы Маҳмуд Қодиров. - Атап айтқанда, Туран мәҳәллесиндеги 30 жасқа 30 сотыхтан жер берилип, ҳәзир бул жерлерде палыз өнимлери ҳәм қаўын жетистирилмекте. Ҳәр бир қарыс жерден үнемли пайдаланыўға умтылған жаслар тәжирийбели қыйтақ жер ийелери менен турақлы мәсләҳәтлесип, пикир алысып турады. Берилип атырған имканият ҳәм жеңилликлер аймақлардың жаңа келбетке кириўи, мүрәжатлардың мәҳәлледе шешилиўи, бир сөз бенен айтқанда, мәҳәллениң шын мәнисинде халқымыздың аўызбиршилигин тәмийинлейтуғын өзин-өзи басқарыў системасына айланыўына хызмет етпекте.
Районның Лалазар мәҳәллесиндеги 6000 пуқараның 1500 ин жаслар қурайды. Жоқарыдағы қарарға бола, олардың 15ине 30 жыллық ижара шәртнамасы тийкарында 30 сотыхтан жер ажыратып берилген. Бул жерлерге овош ҳәм палыз өнимлерин егкен жаслар жыл ақырына шекем жақсы дәраматқа ийе болады.
Қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў бойынша районның өз тәжирийбе мектеби бар. Мәселен, Палваш мәҳәллесинде жасайтуғын Мадияр Сейтназаров үйи әтирапындағы 56 сотых қыйтақ жеринде қосымша шырша, хризантема, шафран ҳәм бир қанша гүл нәллери туқымын жетистириўди жолға қойған. 6 жыл алдын басланған жумыс бүгин шаңарақлық бизнеске айланған.
- Бир нәл 2 жылда егиў ушын толық жетилиседи. Алдын туқымды Ферғана ўәлаятынан алып келген болсам, енди туқымгершиликти қыйтақ жеримде жолға қойғанман. Ҳәзир гүз мәўсиминде егиў ушын 3000 түп нәл таяр жағдайға келген. Буйыртпа тийкарында қоңсы районларға да нәл жеткерип бериўди жолға қойғанман, - дейди Мадияр Сейтназаров. - Мақсетим халықта тәбиятты қәстерлеп сақлаў, өз үйиниң алдында жасыл майдан жаратыўға қызығыўшылық оятыў.
Агротехникалық илажлар өз ўақтында орынланса, нәллер түрли кеселликлерге шалынбайды. Бул бойынша Мадияр қыйтақ жер ийесинде тәжирийбе жетерли. Мәўсим даўамында 10 ға шекем мәўсимлик жумысшы ислейди. Бул сонша адамның шаңарағына дәрамат кирди дегени. Жақсы жетистирилген ҳәр бир нәл 30-40 мың сумнан сатылады.
Мәҳәлледе халықтың ҳәр бир қарыс жерден өнимли пайдаланыў ҳәм дәрамат алыў бағдарындағы тәжирийбеси жоқары. Бул болса аймақтың аўыр мәҳәлле категориясынан шығыўы, драйвер жойбарлардың өз ўақтында әмелге асырылыўы, халықтың бәнтлиги тәмийинлениўи, дәраматлардың көбейиўине жәрдем бермекте.
Тигиўшилик өнерин анасынан үйренип, енди көплеген шәкиртлерге устазлық етип атырған Зулфия Рейимбаева районның Хорезм мәҳәллесинде жасайды. Тигиўшилик ушын зәрүр тигиў машиналарын "мәҳәлле жетилиги" жәрдеми менен жеңиллетилген кредит тийкарында сатып алды. Ҳәзир "Өнермент" ассоциациясы тәрепинен "Устаз-шәкирт" системасы тийкарында субсидияға ийе болып, қызларға өнер үйретип келмекте. Заманагөй кийимлер, той сарпайлары, сондай-ақ, қурақ көрпе ҳәм көрпешелерди толық етип тигиўди жолға қойған. Өнердиң пайдасын билген Зулфия бул бағдарда жаңа жойбарларды жолға қойыў, жумысын және де кеңейтиўди режелестирген.
Райондағы дерлик 500 гектар жерде жасалма көллер шөлкемлестирилип, аукционда 49 жылға ижара шәртнамасы тийкарында исбилерменлерге сатылыўы режелестирилген. Балықшылық бағдарын буннан былай да раўажландырыў, халықтың тутыныў талабынан келип шыққан ҳалда ишки базарға арзан балық жеткерип бериў мақсет етилген.
- Районымызда исбилерменлик жумысын баслаўды қәлеўши жасларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетилип келинбекте, - дейди район ҳәкиминиң орынбасары Давронбек Каримов. - Мәселен, балықшылық тармағын раўажландырыў ушын "Алтынсай" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасалма көллер шөлкемлестирилген. Тараўға жасларды қызықтырыў ушын жаслар менен жасалма көл бассейнлерине бизнес саяхатлар шөлкемлестирип атырмыз.
Беруний районындағы көплеген жаслар кәсип-өнер үйренип, өз исбилерменлигин баслап атырған болса, шарўашылық ҳәм дийқаншылыққа бейимлескен аймақларда илимий қатнас тийкарында дәстүрий мектеп тәжирийбеси қол келмекте.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы