Шавкат Мирзиёев 2016-жылы 4-декабрь күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында 88,61 процент даўыс пенен жеңип шықты ҳәм Президент етип сайланды. 2016-жил 14-декабрьден рәсмий лаўазымына киристи.

Жеделлик пенен басланған түпкиликли өзгерислер

Шавкат Мирзиёев ўақытша Президент сыпатында дәслепки қәдемлерин таслай баслаўы менен 2016-жылға шекемги дәўирде абадан турмыс кешириў үмити сөнген халқымызда және шийрин арзыўлар ояна баслады.

Себеби мәмлекетимиз басшысы Президент ўазыйпасын атқарыўшы лаўазымына сайланыўы менен дәрҳал ўәлаятларға шығып, әпиўайы халық ўәкиллери, түрли кәсип ийелери менен тиккелей сөйлести. Орынлардағы жетискенликлер ҳәм кемшиликлер, машқалалар менен және де кеңирек танысатуғын болды. Адамлардың пикир-усынысларын тыңлады. Сайлаў кампаниясында Президентликке талабан сыпатында сайлаўшылар алдына пүткиллей жаңа ҳәм халықшыл бағдарлама менен шықты.

Сайлаўалды бағдарламасы ҳәм халық пенен тиккелей ушырасыўларда халық билдирген усыныслар тийкарында Президентимиздиң басшылығында 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм оның шеңберинде 2017-жыл ушын "Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы" мәмлекетлик бағдарламасы ислеп шығылды. Яғный халқымыз Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм 2017-жыл ушын мәмлекетлик бағдарламаның ҳақыйқый дөретиўшиси, биргеликтеги авторы болды, оларды жаратыўда тиккелей қатнасты. Усы ўақытқа шекем халықты араластырмай, мәмлекет өзи билгенинше қарарлар қабыл етиўге үйренип қалған ўатанласларымыз ушын бул оғада үлкен жаңалық болды.

Президентимиздиң 2016-2017-жыллардағы жумысы ҳаққында ойлар екенбиз, бир жағдайға ҳайран боламан. Шавкат Мирзиёев 2016-жыл 8-сентябрьден-ақ мәмлекетти түп-тийкарынан қайта қуриў бойинша илажларды жедел баслап жиберди. Мениңше, жаңа басшы жәмийетимиздиң басы берк көшеге түсип қалғанын жүдә терең сезинип жүрген.

Халықтың мәмлекетке исенимин тиклеў зәрүрлиги

Ҳақыйқатында да, халқымыздың 2016-жылға шекемги дәўирде мәмлекетке болған жоғалтқан исенимин тиклеў оғада әҳмийетли ўазыйпа еди. Сонлықтан, "Ҳәмме нәрсе инсан ушын, оның қәдир-қымбаты ушын" идеясы мәмлекетлик сиясаттың баслы өлшеми сыпатында белгиленди.

Мәмлекетимизде 2017-жылы жәмийетшиликтиң исенимин тиклеў бағдарындағы ең әҳмийетли илаж жылдың "Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы" деп жәрияланыўы ҳәм бул бағдарда арнаўлы мәмлекетлик бағдарламаның қабыл етилиўи болды.

Исенимди қайта қолға киргизиў бағдарында халық пенен мәмлекет арасында тиккелей қарым-қатнасты жолға қойыў оғада әҳмийетли еди. Буның ушын дәслеп Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасы ҳәм орынларда Халық қабыллаўханалары шөлкемлестирилди. Бул система халықтың жыллар даўамында топланып қалған машқалаларын жедел шешиў арқалы мәмлекетке исенимин кескин арттырды.

Узақ жыллар халықтың мәмлекетлик уйымлардан ажыралып қалғаны, министрликлер ҳәм уйымлар халықтың мәплери менен есапласпай ислегенлиги себепли мүрәжатлар оғада көп болды. Соның ишинде, 2017-жылы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық қабыллаўханаларына физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден 1,4 миллионнан аслам мүрәжат келип түсти. Тийкарғысы, ҳеш бир мүрәжат итибарсыз қалдырылмады.

Виртуал қабыллаўхана ҳәм Халық қабыллаўханаларының әҳмийети оғада үлкен болды. Бәринен бурын, олар халық пенен мәмлекетлик уйымлар арасында тиккелей байланыс орнатты. Нәтийжеде ҳәр бир пуқара өз машқаласын бюрократиялық тосқынлықларсыз жоқары басшыға жеткериў имканиятына ийе болды. Қабыллаўханалар сол ўақытқа шекем топланып қалған машқалалардың шешимин системалы түрде шеше баслады. Узақ жыллардан берли орынланбай атырған мыңлаған мәселелер унамлы шешилди. Орынлаў қадағалаўы күшейтилди. Яғный арза ҳәм шағымлар менен ислесиўде министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкершилиги кескин арттырылды. Нызам бузылыў жағдайлары ушын жеке жуўапкершилик белгиленди.

Олий Мажлиске Мүрәжат жоллаў тәжирийбеси

2017-жили 22-декабрьде Өзбекстан Республикасы Президенти биринши мәрте Олий Мажлиске Мүрәжат жоллады. Сол жылдан елимиз турмысына киргизилген үлкен жаңалық - Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжат жоллаў институтының әҳмийети оғада үлкен. Бәринен бурын, Президентимиздиң Мүрәжаты мәмлекеттиң сиясий, экономикалық ҳәм социаллық раўажланыў бағдарларын белгилеп беретуғын ең әҳмийетли стратегиялық ҳәм бағдарламалық ҳүжжет болып есапланады.

Себеби онда жақын келешекте ҳәм узақ мүддетте мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы сиясатының ең тийкарғы ўазыйпалары көрсетип бериледи. Ҳүжжетте алға қойылған идеялар ҳәм басламалар тийкарында келеси жыл ушын мәмлекетлик бағдарлама, нызам ҳүжжетлери, тармақлық ҳәм аймақлық стратегиялар ислеп шығылады. Мәмлекетте әҳмийетли болған тараўларды ҳуқықый тәртипке салыў ушын әҳмийетли нызамшылық басламалары алға қойылады.

Мүрәжат атқарыўшы ҳәкимият, мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың мойнына үлкен жуўапкершилик жүклеў менен бир қатарда, халыққа, халықаралық жәмийетшиликке ҳәм инвесторларға Өзбекстанның келешектеги раўажланыў бағдарларын анық көрсетип беретуғын ашық-айдын платформа ўазыйпасын атқарады.

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги шөлкемлестирилди

Мәмлекетлик уйымларға жәмийетлик исенимди тиклеўде мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасының түп-тийкарынан жаңаланыўы революциялық әҳмийетке ийе болды. Яғный пуқаралардың мәмлекетлик уйымлар менен сөйлесиўин аңсатластырыў мақсетинде Әдиллик министрлиги жанында Мәмлекетлик хызметлер агентлиги шөлкемлестирилди.

Нәтийжеде алдын онлаған шөлкем ҳәм уйымларда бир неше ай даўамында жуўырысып орынланатуғын жумысларды халық енди Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң "бир айна"ларында, яғный бир орында ҳәм қысқа мүддетте шешиў имканиятына ийе болды. Бул арқалы коррупциялық қәўип-қәтерлер сапластырылып, ҳүжжетлестириў процеси максимал дәрежеде әпиўайыластырылды.

"Бир айна" принципи ҳүжжетлерди рәсмийлестириўде ашық-айдынлық ҳәм оперативликти тәмийинледи. Мәселен, исбилерменлик субъектлерин дизимнен өткериў, лицензия алыў ҳәм социаллық напақалар тайынлаў процеси бир неше күннен бир неше минутқа шекем қысқарды.

Бул жаңалық себепли халықтың мәмлекетлик уйымлардан разылығы дәрежеси унамлы тәрепке өзгерди. Яғный, мәмлекетлик хызметлердиң сапасының артыўы ҳәм орынлаў мүддетиниң қысқарыўы халықтың ҳәкимият системасына исенимин қысқа мүддетте тикледи ҳәм жоқары басқышқа алып шықты.

Ғалаба хабар қураллары халыққа жүзленди

Мәмлекетимиз басшысы 2017-жылдан баслап пуқаралар менен барлық тараўда ҳәм ҳәр қандай дәрежеде ашықтан-ашық сөйлесиў және ғалаба хабар қуралларының еркинлигин тәмийинлеў бағдарында түпкиликли өзгерислерди әмелге асыра баслады. ҒХҚның шын мәнисинде "төртинши ҳәкимият" дәрежесине шығыўына оғада үлкен итибар қаратты.

Бул бағдарда ерисилген ең үлкен жетискенликлерден бири цензура системасының сапластырылғаны болды. Яғный 2017-жылға шекем Өзбекстан медиа мәканында әмел еткен пүткиллей жабықлық ҳәм цензура орталығы бийкар етилди. Оның орнына саламат ҳәм ашық пикир-таласлар орталығы жаратылды.

Президентимиздиң тиккелей жеке басламасы ҳәм басшылығында жәмийетте баспасөзге ҳәм онда ислейтуғын хызметкерлерге мүнәсибет түп-тийкарынан өзгертилди. ҒХҚ жәмийеттеги реал машқалаларды, атқарыў ҳәкимияты, шөлкем ҳәм уйымлар, басшылардың кемшиликлерин ҳәм коррупция жағдайларын қорықпай сәўлелендире баслады. Ҳәкимият ўәкиллери ғалаба хабар қуралларының шығыўларына айрықша итибар менен қарай баслады.

Өзбекстанда халықаралық тәжирийбеден пайдаланған ҳалда миллий медиа орайлар шөлкемлестирилди ҳәм олар жәмийет турмысында әҳмийетли роль ойнай баслады. Соның ишинде, Халықаралық пресс-клуб (ХПК) сыяқлы жанлы эфирде тиккелей сөйлесиў алып баратуғын платформалар ашылды. ХПКда үлкен басшылар, министрлер ҳәм ҳәкимлердиң халық алдында сораўларға ашық-айдын жуўап бериў әмелияты жолға қойылды.

Алдынғы дәўирде мәлимлемени еркин алыў ҳуқықы жоқ еди. Бул ҳуқық тикленди. 2016-жылға шекемги дәўирде техникалық жақтан жабылған сырт ел ҳәм жергиликли мәлимлеме ресурсларынан пайдаланыў имканияты және ашылды.

Блогерлик ҳәрекетиниң күшейиўи ушын мәмлекет тәрепинен зәрүр шараятлар жаратылды. Нәтийжеде олар жәмийет турмысындағы актив қадағалаўшы күшке айланды. Олардың шығыўы мәмлекетлик уйымлар тәрепинен оператив үйренилип, мүнәсибет билдириў системасы жолға қойылды.

Қарарларды таярлаўда халықтың қатнасыўы

Жетилискен жәмийет қурыўда пуқаралардың еркин пикир билдириўин тәмийинлеўдиң өзи жетерли болмайды. Мәмлекет қарарларын таярлаў ҳәм қабыл етиўде кең халық массасының қатнасыўының әҳмийети жүдә үлкен.

Сол себепли, 2017-жылдан баслап жәмийетлик қадағалаў жумысын түп-тийкарынан қайта шөлкемлестириў басланды. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳуқықый тийкары жаңадан ислеп шығылды, жумысы ушын кең имканиятлар жаратылды. Олар социаллық бағдарламаларды әмелге асырыўда мәмлекеттиң тийкарғы шериги сыпатында тән алынды.

Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын жәмийетшилик тәрепинен додалаў порталы (regulation.gov.uz) 2015-жылы иске қосылған еди. Бирақ бул порталдың бар екенлигин көпшилик билмес, билгенлер де оған исенбес ҳәм мүрәжат етпес еди. Себеби бул пайдасыз жумыс болып, портал көзабаға ушын ғана шөлкемлестирилген еди. Яғный нормативлик ҳүжжетлерди таярлаў ҳәм оларды додалаўда халық қатнаспаған. Ҳәмме буған әлле қашан көнлигип болған ҳәм бул әдеттеги жағдайға айланып қалған еди.

Сол себепли, 2017-жылы бул кемшиликти дурыслаў ушын тийисли таярлық көрилди ҳәм 2018-жылдың 24-июль күни порталдың түп-тийкарынан жаңаланған ҳәм кең имканиятларға ийе жаңа варианты иске түсирилди. Усы тәризде ўатанласларымыз таярланып атырған нормативлик ҳүжжетлер жойбарларына усыныс киргизиў ҳәм нызамның мазмунына тәсир өткериў имканиятына ийе болды.

Мәҳәлле системасының жумысы жаңа басқышқа шықты

Жәмийетимизде мәҳәлле институты әзелден бар. Ол өзин-өзи басқарыў институтының узақ ўақыт сынақларында шыныққан, жетилискен өзине тән системасы.

2017-жылдан баслап мәҳәллелердиң жәмийеттеги орны және де күшейтилди. Бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 3-февральдағы "Мәҳәлле институтын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы оғада үлкен әҳмийетке ийе болды.

Сол ўақыттан мәҳәлле институты социаллық қорғаўды шөлкемлестириў ҳәм халықты мәнзилли қоллап-қуўатлаўда орайлық орынға шыға баслады. Мәҳәлле баслықлары ҳәм белсендилерине аймақтағы кем тәмийинленген шаңарақлар, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар менен мәнзилли ислесиў, оларды исбилерменликке тартыў бойынша кең ўәкилликлер берилди.

Мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиўде де олардың роли арттырылды. Соның ишинде, мәҳәллелер аймақлық ишки ислер, бәнтлик ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң жумысын баҳалаўшы әҳмийетли жәмийетлик қадағалаў буўынына айландырылды.

Суд-ҳуқық системасы ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаў:

"қара дизим" бийкар етилди

2017-жылдан баслап суд-ҳуқық системасы ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаўда да түпкиликли өзгерислерге жол тутылды. Яғный суд еркинлигин тәмийинлеў ҳәм әдиллик нормаларын тиклеў жумыслары басланды. Бул тараўдағы реформалар инсан қәдир-қымбатын қорғаўға қаратылды.

Көп жыллар дерлик бақланбаған ақлаў ҳүкимлери шығарыла баслады. Жүзлеген пуқаралар наҳақ айыплаўлардан азат етилип, олардың абырайы ҳәм ҳуқықлары тикленди. Нызамсыз дәлиллерден ўаз кешилди. Тергеў процесинде қыйнаў ямаса басым астында алынған дәлиллерди судта тән алмаў тәртиби енгизилди.

Дәлиллерди қәлбекилестириў ушын айрықша жынайый жуўапкершилик белгиленди. Тергеў қамақханалары (СИЗО) ҳәм арнаўлы қабыллаўханаларды видеобақлаў қураллары менен үскенелеў мәжбүрий етип қойылды. Адвокатларға жынаят иси бойынша дәлиллерди топлаў ҳәм усыныў ҳуқықы берилди. Бул дәлиллер суд тәрепинен мәжбүрий тексерилиўи шәрт етип қойылды.

2017-жылдан елимизде социаллық кеңпейиллик тәмийинлениўи ҳәм "қара дизим"лер бийкар етилиўи басланғаны мәмлекеттиң өз пуқараларына болған исенимин тиклеўши ең үлкен қәдемлерден бири болып тарийхқа кирди.

Социаллық ҳәм диний кеңпейиллик принциплери тийкарында диний-экстремистлик ағымларға адасып кирип қалған пуқараларды арнаўлы қадағалаў, яғный халық тилиндеги "қара дизимлер"ден шығарыў процеси 2017-жылы басланды. Усы жылдың өзинде дизимде турған 17 мыңға шамалас шахстан 16 мыңы қадағалаўдан шығарылды.

Диний тараўдағы шеклеўлер жумсартылды, диний билимлендириў ҳәм ибадат етиў еркинликлери кеңейтилди. Бул болса жәмийетте диний кеңпейиллик ҳәм миллетлераралық татыўлықты беккемледи. Инсан ҳуқықлары ҳәм халықаралық стандартларға муўапық пенитенсиар система түп-тийкарынан реформаланбақта.

Валюта сиясаты еркинлестирилди

Халықтың мәмлекетлик уйымларға исенимин тиклеў, экономикада ашық-айдынлықты тәмийинлеў тараўындағы революциялық өзгерислерден бири экономикалық еркинлик ҳәм валюта сиясатының либералластырылыўы болды.

2017-жылдан баслап исбилерменлерге үлкен еркинликлер берилди. Соның ишинде, шийки зат ҳәм заманагөй технологияларды сырт елден ҳеш қандай жасалма тосқынлықларсыз сатып алыў имканияты жаратылды.

Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм салық реформалары да халықтың мәмлекетлик ҳәкимиятқа исенимин тиклеўге үлкен үлес қосты. Соның ишинде, тексериўлерге мораторий қойылды. Яғный исбилерменлик субъектлериниң жумысын тийкарсыз тексериў процеси тоқтатылды. Коррупция ошағы болған режеден тыс тексериўлер бийкар етилди. Бажыхана ҳәм салық системасы әпиўайыластырылды. Экспорт-импорт әмелиятлары ушын талап етилетуғын ҳүжжетлер саны қысқартылды. "Жасыл коридор" системалары енгизилип, сыртқы саўда айланысының бир неше есеге өсиўи тәмийинленди.

2017-жил 5-сентябрьден сумның конвертациясы басланды. Бул илаж халықтың мәмлекетлик ҳәкимиятқа исенимин тиклеўде үлкен әҳмийетке ийе еди. Себеби, сырт ел валютасын сатып алыў ҳәм сатыўда узақ ўақыт ҳүким сүрген орынсыз шеклеўлер сапластырылды. Инвестициялық тартымлылық артты. Сырт ел инвесторлары ушын пайданы еркин репатриациялаў (өз журтына алып шығыў) имканияты жаратылды. Бул болса елимизге сырт ел капиталының ағымын кескин арттырды.

Сыртқы сиясат та инсан мәпи тәрепке өзгерди

Халықтың мәмлекетке исенимин тиклеў бағдарындағы түпкиликли бурылыслардан және бири сыртқы сиясат тараўында бақланды. Өзбекстанда узақ жыллар даўамында әмел етип келген "жабық система"ны бийкар етиў ҳәм "дүньяға бет ашыў" процеси де 2017-жылдан басланды.

Бул болса халық ушын күнделикли турмыста, саяхатта, исбилерменликте ҳәм мийнет етиўде оғада үлкен қолайлықлар жаратты. Соның ишинде, шегаралар ашылды ҳәм ҳәмме ушын мәмлекетлераралық еркин ҳәрекетлениў имканияты жаратылды.

Сырт елге шығыў ҳәм виза системасы әпиўайыластырылды Соның ишинде, сырт елге шығыў рухсатнамасы (қызыл стикер) бийкар етилип, заманагөй сырт елге шығыў биометрикалық паспорты (қызыл паспорт) енгизилди. Визасыз барыў мүмкин болған мәмлекетлер саны артты. Яғный Өзбекстан пуқаралары ушын көплеген мәмлекетлерге визасыз кириў ямаса әпиўайыластырылған электрон виза алыў системасы жолға қойылды.

Сыртқы сиясатта жүдә үлкен итибар қоңсы мәмлекетлер менен байланысларды беккемлеўге қаратылды. Буның ушын Президентимиз "Жақын қоңсышылық" доктринасын алға қойды. Бул қоңсы мәмлекетлер менен қатнасықларда жаңа дәўирди баслап берди.

Орайлық Азия мәмлекетлери менен байланыслардың күшейиўи қоңсы мәмлекетлер халқы ушын да пайдалы болды. Соның ишинде, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан менен жыллар даўамында жабық болған шегара постлары ашылды. Миллионлаған инсанлар өз туўысқанларын зыярат етиў, еркин ҳәрекетлениў имканиятына ийе болды.

Шавкат Мирзиёев мәмлекет басшылығына келиўи менен баслаған реформалар, әсиресе, 2017-жылы әмелге асырылған түпкиликли өзгерислер Өзбекстанның сиясий, экономикалық ҳәм социаллық келбетин пүткиллей өзгерте баслады.

Ҳәрекетлер стратегиясының қабыл етилиўи ҳәм избе-из әмелге асырылыўы стратегиялық характерге ийе болған жаңаланыўлар дәўирин баслап берди. Нәтийжеде тек ғана мәмлекетимиз емес, ал ўатанласларымыздың да көзқарасы өзгерип, халықтың мәмлекетлик уйымларға исеними тиклене баслады. Пуқаралардың мәмлекетине ҳәм өз тәғдирине байланыслылық сезимин оятты. Өзбекстанның демократиялық, ҳуқықый ҳәм экономикалық раўажланған мәмлекетлер қатарынан орын алыўы ушын жол ашты.

Одил ОЛИМЖОНОВ,

Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы
бас илимий хызметкери, экономика илимлери докторы,

профессор