Соңғы он жыллықларда адамзат тарийхта мисли көрилмеген экологиялық басымлар менен жүзбе-жүз келмекте. Климат өзгериўи, ҳаўа ҳәм суўдың патасланыўы, шөллениў, биокөптүрлиликтиң қысқарыўы ҳәм тәбийғый ресурслардың избе-из азайып барыўы тек ғана тәбиятқа емес, ал экономикалық раўажланыў, инсан саламатлығы ҳәм глобал қәўипсизликке де үлкен қәўип туўдырмақта.

Бүгин экологиялық машқалалар айырым бир мәмлекет ямаса регион шеңберинде емес, ал улыўмаинсаныйлық қәўип дәрежесине шыққан. Усы мәнисте қоршаған орталықты қорғаў мәселеси енди тек экологлар ямаса қәнигелер емес, ал ҳәр бир инсанның турмыслық жуўапкершилигине айланып бармақта.

Тоғайлар Жер планетасы экологиялық теңсалмақлылығының тийкарғы бағдарларынан бири. Бүгин дүнья қурғақлық аймағының дерлик 31 проценти тоғайлар менен қапланған болып, әйне усы аймақларда планетадағы биокөптүрлиликтиң 80 проценттен асламы жәмленген.

Тоғайлар атмосферадағы углеродты жутыў арқалы климат өзгериўин пәсейтиўши ең әҳмийетли тәбийғый механизм ўазыйпасын атқарады. Таллаўларга қарағанда, тоғайлар Жер атмосферасына салыстырганда көбирек муғдарда углерод сақлайды.

Бүгинги күнде дүньяда 1,6 миллиардтан аслам инсанның турмысы, дәраматы ҳәм күнделикли турмысы тиккелей тоғай менен байланыслы. Сондай-ақ, дерлик 2 миллиард адам, яғный Жер шары халқының төрттен бир бөлеги елеге шекем аўқат таярлаў ҳәм жылытыў ушын ағаш жанылғысынан пайдаланады.

Тоғайлар ҳаўаны тазалаў, суў дереклерин қорғаў, топырақ эрозиясының алдын алыў ҳәм климат турақлылығын сақлаўда үлкен әҳмийетке ийе. Сондай-ақ, олар миллионлап тири организмлер ушын тәбийғый жасаў орталығын тәмийинлейди.

Инсан саламатлығы да тиккелей тәбийий экосистемалар жағдайына байланыслы. Атап айтқанда, жаңа жуқпалы кеселликлердиң 75 проценти тәбийғый ландшафтлар, әсиресе, тоғайлар жоқ етилиўи нәтийжесинде жүзеге келип атырғаны айрықша қәўетер оятпақта.

Бүгин глобал көлемде тоғайлар үлкен қәўиплерге дус келмекте. Ҳәр жылы дүнья бойлап 10 миллион гектар тоғай майданы жоғалмақта. Бул дерлик Корея Республикасы аймағына тең майдан дегени.

Тоғайларға бүгинги күнде бир қатар аўыр экологиялық ҳәм антропоген факторлар қәўип салмақта. Атап айтқанда, нызамсыз терек кесиў, тоғай өртлери, ҳаўа ҳәм топырақтың патасланыўы, зыянкеслердиң тарқалыўы, климаттың өзгериўи, қурғақшылық және күшли боранлар тоғай экосистемаларына унамсыз тәсир көрсетпекте. Нәтийжеде биокөптүрлилик қысқарып, тәбийғый экосистемалар турақлылығы бузылмақта. Глобал температура артыўы ҳәм экстремал ҳаўа-райы ҳәдийселериниң көбейиўи тәбийғый экосистемаларға басымды және де күшейтпекте.

Халықаралық экспертлердиң есап-санақларына бола, бүгинги күнде дүньяда деградацияға ушыраған 2 миллиард гектардан аслам жер майданын қайта тиклеў имканияты бар. Тоғайларды қайта тиклеў тек ғана климат өзгериўине қарсы гүресиўде үлкен әҳмийетке ийе емес, ал жаңа жумыс орынларын жаратыў, топырақ эрозиясының алдын алыў, суў бассейнлерин қорғаў ҳәм биокөптүрлиликти сақлап қалыўға да хызмет етеди.

Глобал температураның артыўы нәтийжесинде дүньяда қурғақшылық, суў тамтарыслығы, тәбийғый апатшылықлар ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги менен байланыслы қәўип-қәтерлер күшеймекте. Әсиресе, Орайлық Азия регионы климат өзгериўи тәсирине ең сезгир аймақлардан бири сыпатында баҳаланбақта.

Өзбекстан ушын да экологиялық турақлылық мәселеси стратегиялық әҳмийетке ийе. Арал теңизи апатшылығы, суў ресурсларының жетиспеўшилиги, ҳаўаның патасланыўы ҳәм шөллениў процесслери мәмлекеттиң экологиялық қәўипсизлигине айрықша тәсир етпекте.

Таллаўларға бола, мәмлекетимизде ҳаўа температурасының артыўы, суў ресурслары көлеминиң қысқарыўы ҳәм экологиялық жүктиң күшейиўи аўыл хожалығы, халықтың саламатлығы ҳәм экономикалық нәтийжелиликке тиккелей тәсир етпекте.

Кейинги жыллары Өзбекстанда климат өзгериўине бейимлесиў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды.

Экологиялық машқалаларды шешиўде комплексли қатнас тийкарында қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў, "жасыл" энергетика жойбарларын кеңейтиў, көклемзарластырыўды күшейтиў, шығындыларды басқарыў системасын модернизациялаў, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў бойынша системалы илажлар көрилмекте. 

Атап айтқанда, жасыл энергия үлеси 30 проценттен артты, онда қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў ҳәм қуўатлықларын кеңейтиў бойынша ири инвестициялық жойбарлар тек ғана энергетикалық қәўипсизликти беккемлеў емес, ал экологиялық турақлылықты тәмийинлеўге де хызмет етпекте.

Энергетика министрлигиниң мағлыўматларына бола, 2026-жыл май жағдайына елимиздеги қуяш ҳәм самал электр станциялары тәрепинен жыл басынан берли жәми 4 миллиард кВт саат электр энергиясы ислеп шығарылды. Соннан 2 миллиард 315 миллион кВт саат қуяш фотоэлектр станциялары, 1 миллиард 685 миллион кВт саат болса самал электр станцияларының үлесине туўра келеди. Бул көрсеткиш 2025-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 898 миллион кВт саат ямаса дерлик 29 процент көп дегени.

Бул көлемдеги "жасыл" энергия ислеп шығарылыўы нәтийжесинде 1 миллиард 66 миллион куб метр тәбийғый газ үнемленди ҳәм атмосфераға 2,3 миллион тонна зыянлы затлардың шығарылыўының алды алынды. Бул болса углерод изин қысқартыў ҳәм климат өзгериўине қарсы гүресиў бойынша қабыл етилген халықаралық миннетлемелерди орынлаўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

"Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм климат өзгериўи ақыбетлерин жумсартыўға қаратылған ең ири экологиялық басламалардан бири сыпатында үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Жойбар шеңберинде республика бойлап кең көлемли көклемзарластырыў жумыслары орынланып, қала ҳәм аўылларда миллионлаған түп терек ҳәм пута егиў избе-из даўам еттирилмекте.

Бүгинги күнге шекем республика бойынша 981,7 миллион түп, жәми 259 түрдеги терек ҳәм пута нәли егилди.

Аралбойы аймағында сексеўил тоғайларын жаратыў жумыслары халықаралық көлемде де тән алынбақта. Рәсмий мағлыўматларға бола, Арал теңизиниң қурыған ултанында дерлик 2 миллион гектар майданда тоғайзарлар жаратылған. Бул болса қум ҳәм дуз көшиўиниң алдын алыў, ҳаўа сапасы ҳәм халықтың саламатлығын қорғаўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Көклемзарластырыў ҳаўадағы шаң ҳәм зыянлы затлар муғдарын азайтыў, қалаларда микроклиматты жақсылаў, ҳаўа температурасын төменлетиў, углерод шығындыларын жутыў ҳәм шөллениў процеслерин пәсейтиў сыяқлы әҳмийетли экологиялық ўазыйпаларды орынлайды. Усы мәниде "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары тек ғана экологиялық орталықты жақсылаў емес, ал халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў ҳәм келешек әўлад ушын саламат жасаў орталығын қәлиплестириўге хызмет етип атырған стратегиялық баслама сыпатында да үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Бүгинги күнде климат өзгериўи, суў ресурсларының жетиспеўшилиги, ҳаўа патасланыўы ҳәм шығындылар көлеминиң артыўы сыяқлы глобал машқалалардың көпшилиги инсан ҳәрекети нәтийжесинде жүзеге келмекте. Сол себепли, экологиялық машқалалардың шешими де инсанның мүнәсибети ҳәм минез-қулқынан басланады. Бир қарағанда әпиўайы болып көринетуғын суўдан үнемлеп пайдаланыў, электр энергиясын артықша жумсамаў, бир мәртелик пластикалық өнимлерден аз пайдаланыў, шығындыларды сайлап алыў ямаса терек егиў сыяқлы әмелий ҳәрекетлер улыўма есапта экологиялық турақлылыққа үлкен үлес қосады.

Халықаралық шөлкемлердиң мағлыўматларына бола, ҳәр жылы дүнья жүзи бойынша 400 миллион тоннадан аслам пластикалық шығынды пайда болады ҳәм оның үлкен бөлеги қайта исленбестен қоршаған орталыққа тасланады. Нәтийжеде пластикалық шығындылар дәрьялар, көллер ҳәм океанларды патаслап, мыңлаған ҳайўан ҳәм өсимлик түрлериниң жасаў орталығына унамсыз тәсир көрсетпекте.

Өзбекстанда экологиялық мәдениятты арттырыў мәмлекетлик сиясат дәрежесиндеги әҳмийетли ўазыйпалардан бири сыпатында белгиленген. Соңғы жыллары мектеплер, жоқары оқыў орынлары ҳәм мәҳәллелерде экологиялық билимлендириўди күшейтиў, халық арасында экологиялық үгит-нәсиятлаўды кеңейтиў, көклемзарластырыў акцияларын өткериў ҳәм шығындыларды сайлап алыў мәдениятын қәлиплестириўге қаратылған бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта.

Экспертлердиң атап өтиўинше, экологиялық билимлендириўди ерте жастан баслаў айрықша әҳмийетке ийе. Себеби тәбиятқа абайлы мүнәсибет, ресурсларды үнемлеў ҳәм экологиялық жуўапкершилик сыяқлы қәдириятлар балалықтан қәлиплессе, келешекте экологиялық санасы жоқары болған жәмийетти қурыў имканияты артады. Усы көзқарастан, билимлендириў мәкемелеринде экологиялық билимлерди кеңейтиў, әмелий экологиялық жойбарларды көбейтиў ҳәм жаслардың тәбиятты қорғаўға байланыслы басламаларын қоллап-қуўатлаў айрықша әҳмийетке ийе.

Қоршаған орталықты қорғаў тек мәмлекетлик уйымлар ямаса экологиялық шөлкемлердиң ўазыйпасы емес. Тәбиятты қәстерлеп сақлаў ҳәр бир инсанның күнделикли турмыс тәризи, жеке жуўапкершилиги ҳәм пуқаралық миннетине айланыўы керек. Себеби турақлы келешек, саламат экологиялық орталық ҳәм келешек әўладтың абаданлығы әйне бүгин қабыл етилип атырған қарарлар ҳәм қәлиплестирилип атырған экологиялық мәдениятқа байланыслы. Бул ҳақыйқатлық Дүнья жүзилик қоршаған орталықты қорғаў күниниң тийкарғы идеясы ҳәм инсаният алдында турған ең әҳмийетли ўазыйпалардан бирин аңлатады.

Дүнья жүзилик қоршаған орталықты қорғаў күни - тек ғана экологиялық сәне емес. Бул инсан ҳәм тәбият арасындағы теңсалмақлылықты сақлаў, келешек әўлад алдындағы жуўапкершиликти аңлаў ҳәм турақлы раўажланыўға умтылыў белгиси болып есапланады.

Тәбият инсанға тийисли емес, ал инсан тәбияттың бир бөлеги. Сонлықтан, қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәр бир мәмлекет, ҳәр бир жәмийет ҳәм ҳәр бир инсанның улыўма ўазыйпасы болып есапланады.

Авазбек ХОЛБЕКОВ,

Турақлы раўажланыў орайы 

бөлим баслығы