Бул жетискенлик оған 2026-жылдың ноябрь айында Әзербайжан
Республикасының Баку қаласында өткерилетуғын Халықаралық таңлаў-фестивалында
қатнасыўға жоллама берди.
Ҳүрзада Нөкис каласындығы Опера көркем өнерине
қәнигелестирилген мектептиң 11-класс оқыўшысы. Ол Хожели районының Жайхун мәхәллесинде туўылып
өскенликтен, 2-класынан баслап райондағы
Балалар музыка мектебине қатнайды. Өнер
үйрениў жолындағы қызығыўшылығы менен Нөкиске келип, 8 – класынан берли
қәнигелестирилген мектепте устазларынан бақсышылық өнериниң сырларын үйренип
келмекте.
Ол жас болса да бир неше таңлаўларға қатнасып, сыйлы
орынларды ийелеўге еристи. Атап өтетуғын болсақ, 2024-жыл март айында Ташкент қаласында «Ихтидорли
болалар» атлы халықаралық таңлаўда, 2025-жылдың март айында Бухара ўәлаятында
«Бухора садолари» республикалық таңлаўда ҳәм
2025-жылдың ноябрь айында Ташкент қаласында «Оҳанглар жилоси»
республикалық таңлаўларда биринши орынларды қолға киргизген болса, 2026-жылдың
март айында Бухара ўәлаятында «Шарх гавҳари» халықаралық таңлаўында Гран-при жеңимпазы
болыўға еристи.
Хошҳаўаз талантлы қыз усы жылдың апрель айында өзи билим
алып атырған Нөкис каласындағы Опера көркем өнерине қәнигелестирилген мектепте
өзиниң жеке дәстан кешесин өткерип, онда «Әўез үйленген» дәстанын шеберлик
пенен атқарып шықты.
– Халықаралық таңлаўда жақсы нәтийжеге ерискениме
қуўанышлыман. Алдағы ўақытларда халқымыздың белгили тарийхый дәстанларын
атқарып шығып, еле де үлкен табысларға ерисиўди алдыма мақсет етип қойдым.
Усындай табысларға ерисиўимде мийнетлери сиңген ата-анама, устазларыма өз
миннетдаршылығымды билдиремен. Әсиресе, бақсышылық сырларын жалықпай үйретип
киятырған устазым Өткирбай Азирбаевқа миннетдаршылығым шексиз, – дейди Ҳүрзада.
Ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған бақсышылық өнери
елимизде жүдә жақсы раўажланған. Жағымлы ҳаўазы менен дәстанларды ядый айтып,
халқымыздың кеўлинен шығып киятырған сол бақсылар арасында жас бақсы қыз
Ҳүрзаданың да орны айрықша. Оның халықаралық таңлаўларда ерисип атырған
табыслары даўамлы болып, халқымыздың бай көркем өнерин дүнья бойлап ен
жайдырыўда жетискенликлери көбейе бергей
деймиз.
Гүлнара
Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги.