Мәмлекетимизде кең көлемли реформалардың руўхый-идеологиялық тийкарлары тарийхый мийрасымыз бенен үнлес ҳалда қәлиплеспекте. Атап айтқанда, Саҳыпқыран Әмир Темурдың "Күш әдилликте" принципи ҳәм Әлийшер Наўайының халықшыллық ҳәм адамгершилик идеялары бүгинги раўажланыў жолында заманагөй ҳәм турмыслық мазмунда сәўлеленбекте. Бул қәдириятлар жәмийетте әдиллик, нызам үстинлиги ҳәм инсан мәплерин тәмийинлеўде өз көринисин таўып, мәмлекет ҳәм жәмийет раўажланыўының әҳмийетли руўхый таянышына айланбақта.
Усы
тийкарда мәмлекетлик аппаратының қәлиплескен, тек есабатларға тийкарланған
бюрократиялық системадан "Мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи
керек" деген концептуаллық қатнасқа өтиўи мәмлекетти басқарыўда тарийхый
бурылыс жаратты.
Жаңа
Өзбекстандағы мәмлекетлик хызмет ҳәм жәмийеттиң трансформациясын үш тийкарғы
таллаў бағдарына ажыратыў мүмкин: социаллық-экономикалық прагматизм,
институционаллық меритократия ҳәм санлы-руўхый синергия.
Негизинде
олардың ҳәр бири бойынша көз алдымызда жүз берип атырған жаңаланыўлардың реал
нәтийжелери мысалында үлкен таллаўларды келтириў мүмкин. Солай болса да, бул
рет ең тийкарғы тәреплерге итибар қаратыўды лазым таптық.
Биринши
бағдар – социаллық-экономикалық
прагматизмге тоқталатуғын болсақ, кейинги жылларда турақлы раўажланыўға
байланыслы өлшемлер өзгергени, санлардан реал турмысқа көшкенин көремиз. Атап айтқанда, "Өзбекстан - 2030"
стратегиясы шеңберинде мәмлекетлик сиясаттың табысы абстракт макроэкономикалық
процентлер менен емес, ал инсанның күнделикли турмыс сапасы менен өлшенбекте.
Макроэкономикалық өсиўдиң "социалласыўы" төмендеги факторларда айқын
көринбекте:
– десентрализация ҳәм финанслық еркинлик: "Мәҳәлле бюджети"
системасының енгизилиўи пуқараларға өз аймағындағы машқалаларды (жол, суў,
инфраструктура) еркин шешиў ўәкиллигин берди. Бул жәмийетте ғәрезлилик кейпиятын
жоғалтып, байланыслылық сезимин оятпақта;
– инсан капиталына инвестиция: мектепке шекемги билимлендириўге қамтып
алыўдың 27 проценттен 74 процентке кескин артыўы, президент мектеплери тармағы
ҳәм "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри"ниң ислеўи мәмлекеттиң
тийкарғы капиталы интеллектуаллық ҳәм саламат әўлад екенин тастыйықлайды.
Екинши бағдар – институционал меритократияда да үлкен жетискенликлерге
ерисилди, айтыў керек болса, кадрлар сиясатында революция жүз берди.
Мәмлекетлик басқарыўды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шыққан ең әҳмийетли
ҳуқықый қәдем Президентимиздиң 2025-жыл 19-июньдеги "Мәмлекетлик пуқаралық
хызметин жаңа көзқараслар тийкарында шөлкемлестириў және профессионал ҳәм
нәтийжелиликке бағдарланған мәмлекетлик хызметкерлер корпусын қәлиплестириў
илажлары ҳаққында"ғы пәрманы болды. Бул ҳүжжет кадрлар сиясатында ески
көзқарасларды пүткиллей жоқ етип, меритократия (мүнәсиплердиң үстемлиги)
системасын орнатты. Бул төмендегилерде көринди:
– ашық бәсеки ҳәм ашық-айдынлық: 2025-жыл 1-августтан баслап вакант
лаўазымларға онлайн прокторинг ҳәм инсан факторысыз баҳалаў системасы арқалы
қабыл етилиўи таныс-билисликке шек қойды;
– компетенцияға
тийкарланған баҳалаў: Мәмлекетлик хызметкердиң потенциалы енди қурғақ жумыс
стажы менен емес, ал IQ (интеллектуаллық коэффициент), психологиялық турақлылық
ҳәм басқарыў қәбилети менен өлшенбекте. "Кәсиплик раўажланыў картасы"
арқалы ҳәр бир хызметкердиң өсиўи реал ўақытта бақланбақта;
– лидерлер
селекциясы: "Миллий кадрлар резерви" ҳәм "ТОП-100"
бағдарламалары шеңберинде жаңа әўлад басқарыўшылары селекцияланбақта. Енди
кадрлар бөлими тек ғана қағаз толтырыўшы емес, ал басшының стратегиялық мәсләҳәтшисине
айланды.
Үшинши
бағдар – санлы ашық-айдынлық ҳәм
жәмийеттиң социаллық сергеклиги бойынша да көп ҳәм жүдә көп жазыў мүмкин.
Тийкарғысы,
санластырыў бүгинги күнде тек ғана техникалық процесс емес, ал "әдиллик
қуралы" ҳәм коррупцияға қарсы ең күшли превентив механизмлерден бирине
айланды.
Оның
көриниси:
-
хызметлердиң санлы трансформациясы: алдын айлап даўам ететуғын бюрократиялық
процесслердиң “My.gov.uz” порталы арқалы 200 ден аслам аралықтан хызметке
өткерилиўи инсан факторын минималластырды. Бул бағдарда өткерилген арнаўлы
изертлеўлерде сораў қатнасыўшыларының 76,3 проценти бул жеңилликти айрықша тән
алғаны системаның дурыс ислеп атырғанын көрсетеди;
-
социаллық қадағалаў: респондентлердиң 76,8 проценти мәмлекетлик уйымлардың
жумысын социаллық тармақлар арқалы бақлап, мүнәсибет билдирип атырғаны
пуқаралық жәмийетиниң оянғаны ҳәм социаллық қадағалаў институтының реал ислеп
атырғанынан дәрек береди.
Мәмлекетлик
хызметкердиң руўхый-ағартыўшылық трансформациясы темасы да әҳмийетли
тәреплерден. Себеби, ең жетик нызамлар ҳәм ең алдыңғы технологиялар мәнаўиятсыз
ҳәм инсапсыз басшы қолында өз күшин жоғалтады. Сол себепли бүгинги күнде
"Руўхый индекс" ҳәм кәсиплик шеберлик үйлесими мәмлекетлик хызметтиң
алтын қағыйдасына айланды:
– эмпатия
ҳәм мәҳәлле кесиминде система: халықтың 80 проценти машқала туўылғанда биринши
болып мәҳәллеге сүйениўи ҳәким жәрдемшилери ҳәм мәҳәлле баслықларының ҳақыйқый
"таяныш таўы"на айланғанын көрсетеди. Алдын пуқара мәмлекетлик уйымға
барған болса, бүгин мәмлекет пуқараның шаңарағына кирип бармақта;
– ишки
тәртип-интизам ҳәм қәдириятлар: таллаўларға бола, тараў хызметкерлериниң 58,8
проценти ҳадаллықты бас өлшем деп билиўи ҳәм системада "устаз-шәкирт"
дәстүри арқалы 89,9 процент унамлы руўхый орталық жаратылғаны мәмлекетлик
аппаратының ишки иммунитети қәлиплескенин билдиреди. Бул жәмийетте енгизилип
атырған "ҳадаллық вакцинасы"ның әмелдеги нәтийжеси болып есапланады.
Жаңа
Өзбекстанда мәмлекетлик хызметкердиң санасы түп-тийкарынан өзгермекте. Олардағы
"Жумысым маған не берди?" деген тар тутыныўшылық кейпияты орнын
"Мен халқым ушын не ислей аламан?" деген кең көлемли, дөретиўшилик
идеологиясы ийелемекте.
Қабыл
етилип атырған ҳәр бир қарардың артында инсан тәғдири жатырғанын терең аңлаў,
жоқары қатнасық мәдениятына ийе болыў ҳәм елдиң дәрти менен жасаў бүгинги күн
басшысының тек ғана хызмет ўазыйпасы емес, ал жоқары руўхый миннетлемеси болып
есапланады. Миллий қәдириятларымыз ҳәм заманагөй басқарыў технологияларын
өзинде жәмлеген бул системаның мақсети биреў: халықты мәмлекеттен ҳәм бүгинги
жасап атырған турмысынан разы етиў.
Бекзод ТОҒАЕВ,
Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы бөлим
баслығы