Бул кеңесте барлық ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлердиң тараў ўәкиллери менен биргеликте бир қатар жойбарлар үстинде исленбекте. Мысал ушын, Қазақстан менен жерди аралықтан зондлаў мағлыўматлары тийкарында регионымыздағы экологиялық ҳәм суў мәселелеринде мониторинг етилип атырған болса, азербайжанлы кәсиплеслер менен мәмлекетимиз аймағында жерлердиң шорланыў дәрежеси үйренилмекте.
Түркия жоқары билимлендириў мәкемелеринде өзбекстанлы
жасларды аэрокосмослық инжиниринг бағдары бойынша қысқа мүддетли стажировкаға
жибериў режелестирилген. Ең тийкарғы жойбар болса ТМШ шеңберинде биринши
жасалма жолдасты ушырыў мәселеси болып есапланады. Бул жойбар бойынша барлық ағза
мәмлекетлер биргеликте ислемекте.
Өзбекстан бул басламада өзимизде ислеп шығарылған
арнаўлы жасалма жолдас двигательи менен қатнаспақта. Бул двигатель Өзбекстанда
жергиликли қәниге ҳәм инженерлер тәрепинен ислеп шығарылмақта. Ол жасалма
жолдасты орбитаға алып шығыў ҳәм орбитада манёврлаўын тәмийинлеп береди. Бундай
двигательди, улыўма алғанда, космослық элементлерди ислеп шығарыў Өзбекстан
ушын оғада үлкен жаңалық болып есапланады. Бул қыйын технология болып, шөлкемге
ағза мәмлекетлердиң инженерлери менен мәсләҳәтлесилди. Оны жойбарластырыў,
прототипин жыйнаў ҳәм сол прототипти сынақтан өткериў жумыслары толық әмелге
асырылды.
Ҳәзирги ўақытта жасалма жолдасқа интеграцияланатуғын
ушыў модельи жыйналмақта. Жумыс усы жылдың ақырына шекем жуўмақланады.
Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Қазақстанда болып өткен
рәсмий емес саммитинде Президентимиз тәрепинен бир қатар басламалар алға қойылды.
Жасалма жолдас мағлыўматларынан ҳәм жасалма интеллект технологияларынан
пайдаланған ҳалда экологиялық машқалаларға, суў жетиспеўшилигине, шөллениўге ҳәм
басқа да әҳмийетли мәселелерге шешим табыў усылардың қатарына киреди. Бул
баслама тек ғана Өзбекстан емес, ал Орайлық Азия ҳәм түркий мәмлекетлер ушын оғада
әҳмийетли. Себеби регион бир, машқалалар бир. Бүгинги күнде климат өзгериўи, экологиялық
машқалалар, суў тамтарыслығы бир мәмлекеттиң емес, бәршениң машқаласына айланған.
Соның ушын бул баслама шеңберинде "Өзбеккосмос" агентлиги қоңсы мәмлекетлер
менен бундай жойбарларды орынлаўға таяр.
Бүгинги күнде магистрант жас инженерлеримиз Мырза Улығбек
атындағы илимий жасалма жолдасты жыйнамақта. Оның тийкарғы ўазыйпасы жерди
аралықтан зондлаў болып, тийисли камералар менен үскенеленеди. Оны келеси жылдың
ақыры ҳәм 2028-жылдың басында ушырыў режелестирилген. Әйне усы жасалма
жолдастан алынатуғын мағлыўматлардан да жоқарыда атап өтилген басламаларды әмелге
асырыўда, яғный экологиялық ўазыйпаларды орынлаўда пайдаланылады.
Басламалар әҳмийетли болып, регионаллық машқалаларды
шешиўге, улыўма мәплерге хызмет етеди. Усы мәнисте космослық ҳәм жасалма жолдас
мағлыўматларын қайта ислеў, олар арқалы аналитикалық жуўмақлар шығарып, түрли
бағдарларда пайдаланыў оғада әҳмийетли. Бул пүткил дүнья тәжирийбеси. Ҳәзир дүньяда
бул бағдарға инвестициялар көп киргизилип атырғанының себеби де сонда.
Муҳиддин
ИБРАГИМОВ,
“Өзбеккосмос” агентлиги директорының орынбасары