Усы жылдың 17-19-апрель күнлери Берлиндеги Араб мәденият үйинде өткерилген халықаралық балалар китап фестивалы Өзбекстан балалар әдебияты ушын да әҳмийетли ўақыяға айланды. Илажда Өзбекстанның Германиядағы елшиханасы менен биргеликте шөлкемлестирилген миллий стендимизде Өзбекстан балалар әдебиятының бай ҳәм рәңбәрең үлгилери кеңнен орын алды. Өткир Ҳошимовтың "Дүньяның ислери" шығармасы ҳәм Айбек Астанов тәрепинен әмелге асырылған аўдармалар айрықша итибарды тартты. Заманагөй балалар әдебиятынан болса Динара Мўминова, Саида Рашидова, Феруза Назарова ҳәм Ситора Усманованың китаплары фестиваль көргизбесине қойылып, халықаралық китапқумарлар итибарына усынылды.

Илаждың ең жарқын тәреплеринен бири - "Көпир ҳәм Дослық" атамасындағы еки тилде (өзбек ҳәм немис) жаратылған китаптың презентациясы болды. Бул презентация интерактив тәризде шөлкемлестирилип, балаларда үлкен қызығыўшылық оятты.

Дослық идеясы балалардың қәлбине тез жетип барған ҳалда, ата-аналар тәрепинен де қызғын ҳәм жыллы күтип алынды.

Фестиваль тек ғана китаплар көргизбеси емес, ал мәдениятлар арасындағы қарым-қатнасты беккемлеўши майданға айланды. Онда жаңа дослық байланыслар орнатылып, келешекте балалар әдебияты ҳәм мәдений жойбарлар шеңберинде бирге ислесиў ушын беккем тийкар жаратылды.

Бундай халықаралық илажларда Өзбекстанның белсене қатнасыўы миллий әдебиятымызды дүньяға танытыў, жас әўлад қәлбинде китапқа меҳир оятыў ҳәм дослық қәдириятларын беккемлеў жолында үлкен әҳмийетке ийе.

Ситора Усмонова,

Германиядағы ўатанлас.