Усындай татыў турмыста елимизде 30-июль – Халықлар дослығы күни сыпатында белгиленип келинбекте.

Усы мүнәсибет пенен орынларда байрам илажлары шөлкемлестирилмекте. Нөкис районында да  “Дослық” фестивалы шеңберинде “Өзбекстан – бирден-бир Ўатан” сүрени астында байрам илажы шөлкемлестирилди. Илажда түрли миллет ҳәм халық ўәкиллери, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Байрам илажында Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов қатнасып, елимизде түрли миллет ўәкиллери өз-ара ҳүрмет, дослық ҳәм татыўлық орталығында тыныш-татыў жасап киятырғанын айрықша атап өтти.

Илаж даўамында халықлар арасындағы дослық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, миллетлерара татыўлықты тәмийинлеў және жас әўладты кеңпейиллик руўхында тәрбиялаўдың әҳмийети атап өтилди.

Байрам бағдарламасы шеңберинде түрли миллетлердиң миллий қәдириятлары, үрп-әдетлери ҳәм мәдениятын сәўлелендириўши шығыўлар көрсетилип, қатнасыўшыларға көтериңки кейпият бағышлады.

                                                                            Қарақалпақстан хабар агентлиги.