Кейинги жылларда мәмлекетимизде экономиканы либералластырыў, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды трансформациялаў, меншиклестириў процесслерин жеделлестириў, инвесторлар ушын қолайлы орталық жаратыў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Онда капитал базарының раўажланыўы айрықша әҳмийетке ийе.

Өткен айда елимиздиң финанслық турмысында үлкен ўақыя жүз берди. Биринши мәрте Лондон ҳәм Ташкент фонд биржаларында Миллий инвестиция қоры акцияларының дәслепки ғалабалық жайластырылыўы болып өтти. Бул экономикамыз сырт ел инвестициялары ушын ашық ҳәм исенимли майданға айланып атырғанын және бир мәрте көрсетти.

Атап өтилгениндей, халықаралық инвесторлар Өзбекстан капитал базарына барған сайын көбирек қызығыўшылық билдирмекте. Атап айтқанда, Азия раўажланыў банки, Халықаралық финанс корпорациясы, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки сыяқлы абырайлы халықаралық финанс институтлары жергиликли фонд базарында өзиниң миллий валютадағы облигацияларын шығарыўға умтылып келмекте.

Оның ушын халықаралық стандартларға сай заманагөй инфраструктураны, ҳуқықый режимди, салық жеңилликлерин, ең әҳмийетлиси, исенимли ҳәм ашық-айдын исбилерменлик орталығын қәлиплестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бул бағдарда халықаралық финанс шөлкемлери менен биргеликте жаңа редакциядағы "Капитал базары ҳаққында"ғы нызам жойбары ислеп шығылды. 16 бап ҳәм 123 статьядан ибарат бул ҳүжжет капитал базарын заманагөй базар нормалары тийкарында тәртипке салыў, инвесторлардың ҳуқықларын қорғаў, базар инфраструктурасын беккемлеў ҳәм жаңа финанслық инструментлерди енгизиўге қаратылған.

Нызам жойбарында халықаралық әмелиятта кеңнен қолланылып атырған жаңа финанслық инструментлерди енгизиў нәзерде тутылмақта. Атап айтқанда, Своп ҳәм деривативлер халықаралық ассоциациясының стандартларына муўапық, елимизде опцион, своп, фьючерс ҳәм форвард сыяқлы туўынды финанслық инструментлер бойынша, сондай-ақ, неттинг келисимлери тийкарында келисимлер дүзиў системасы енгизиледи.

Банклер тәрепинен гиреўли облигациялар, сондай-ақ, ипотека кредитлери бойынша миннетлемелер тийкарында арнаўлы облигациялар шығарыўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылмақта. Бул банклер ушын узақ мүддетли ресурсларды тартыў, ипотека базарын раўажландырыў ҳәм халықтың финанслық имканиятларын кеңейтиўге хызмет етеди.

Ислам қаржыландырыў қуралларын енгизиўге де айрықша итибар қаратылды. Елимизде биринши мәрте "сукук" баҳалы қағазларды шығарыў шәртлери, соның ишинде, шериклик, ижара, саўда, агентлик сыяқлы ислам қаржыландырыўының сукук түрлери белгиленбекте.

Презентацияда баҳалы қағазлар базарының инфраструктурасын жетилистириў мәселелери де көрип шығылды. Қымбат баҳалы қағазлар орайлық депозитарийсиниң ўәкилликлерин кеңейтиў нәзерде тутылмақта: оған дивидендлерди орайласқан ҳалда төлеў, сондай-ақ, сырт ел банклеринде корреспондентлик есап бетлерин ашыў ҳуқықы берилмекте.

Қаржы шөлкемлери қарыйдарлардың баҳалы қағазларын сақлаў, олардың есабын жүргизиў ҳәм оларға байланыслы операцияларды әмелге асырыў бойынша профессионал хызметлер көрсетеди. Сырт елли номинал сақлаўшыларды жергиликли базарға киргизиў тәртибиниң әпиўайыластырылыўы сырт елли институтционаллық инвесторларды тартыў имканиятын кеңейтеди.

Сондай-ақ, регулятор ўәкилликлерин халықаралық талаплар ҳәм стандартларға муўапықластырыў нәзерде тутылмақта. Бул базар қатнасыўшыларының жумысын нәтийжели қадағалаў, мәлимлемениң ашық-айдынлығын тәмийинлеў, нызамшылықтың бузылыў жағдайларына оператив жуўап бериў, сондай-ақ, инвесторлардың ҳуқықларын исенимли қорғаўға хызмет етеди.

Миллий кәрханалардың акцияларын халықаралық финанс базарларында жайластырыў, инвесторлардың активлерин исенимли қорғаў мақсетинде 10 нан аслам нызам ҳәм кодекслерге өзгерислер киргизилмекте.

Президентимиз капитал базары экономикаға узақ мүддетли ресурсларды тартыў, кәрханаларды трансформациялаў ҳәм жеке меншик инвестициялар ағымын кеңейтиўдиң әҳмийетли дәреги екенин атап өтти.

Жуўапкерлерге жаңа редакциядағы "Капитал базары ҳаққында"ғы нызам жойбарын халықаралық шериклер менен додалаў, базар инфраструктурасын халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў, жаңа қаржы механизмлерин енгизиў, тараў ушын кадрлар таярлаў бойынша тапсырмалар берилди.