Соның ушын олардың атын мәңгилестириў, илимий мийрасын сақлаў бағдарындағы жумысларға айрықша итибар берилмекте. Атап айтқанда, быйыл Әмир Темур туўылғанының 690 жыллығы мүнәсибети менен айрықша қарарға қол қойылып, апрель айының "Әмир Темур айлығы" деп жәрияланғаны Саҳыпқыран шахсына шексиз ҳүрметимиздиң көриниси болды. Мәмлекетимиз басшысы Әмир Темур естелигине гүлшеңбер қойғаны, Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейине барғаны ертеңги күнимиз ийелеринде тарийхый шахсларға ҳүрмет сезимин және де арттырған болса не әжеп. Үлкен әўлад ўәкиллериниң ата-бабаларымызға терең ҳүрметин көрген жасларда оларға мүнәсип мийрасхорлық сезими де артып барады.
Ўатанласлар
қоллап-қуўатлаўы көбирек күш береди
Әндижанлы
Аҳмаджон Баҳодиров кишкенелигинен елимиздиң тарийхы, уллы ойшылларымыздың
балалығы, өмири ҳәм дөретиўшилигине қызығады. Жақында дүньяға белгили Steam платформасында
ол жаратқан "Қылыш изинен" деп аталған ойын көринди. Ойында
қатнасыўшы Әмир Темурдың жоғалган қылышын излеп табыўы керек болады. Бул тек
ғана бир деталь деп айтыўыңыз мүмкин. Дурыс, дүнья платформаларында өзбек
ойынлары көбейип бармақта. Бул жақсы, әлбетте. Егер оларға миллий
қәдириятларымыз, өзлигимиз сиңдирип барылса, нур үстине нур болар еди.
Қаҳарманымыз
авторлығындағы ойын графикасында пайтахттағы Әмир Темур естелиги, музейлеримиз
ҳәм уллы ойшылларымыз сүўретленеди. Улыўма, үлкен платформада зәрре сыяқлы
көрингени менен бай мәдений мийрасымыз, өзине тән мәнаўиятымыз көрсетип
өтилген. Бул пайдаланыўшыларда қандай да бир мәнисте мәмлекетимиз ҳаққында
түсиник пайда етиўге хызмет етеди. Көпшилик ўатанласларымыз түсиниклерде бундай
ойынлардан мақтанатуғынын билдирип, авторға әўмет тилеген.
Ахмеджан
ойынды жаратыўға төрт ай ўақыт кеткени, күнине 16 сааттан ислеўге туўра
келгенин айтты. Негизинде анимация қурамалы тараў. Қәнигелер бунда оғада
сабырлылардың пидайылық көрсетиўи кереклигин айтады. 22 жасар қаҳарманымыз да
айырым жаслар сыяқлы шыдамсызлыққа көнбеди. Бирақ жумыстың аңсатырақ
питкерилиўи ҳәм ўақыт, ҳәм нақ пулды үнемлейди, әлбетте. Әмир Темурдың
Ташкенттеги бабамыз естелигиниң модельи сканерленип, интернетке жайластырылғаны
Аҳмаджанға қолайлы келди. Азғана редакторлап, анықластырып оны ойынның ишине
алып кирди. Болмаса Ташкентке келиўге ямаса пайтахттағы бирде-бир танысына
мүсинниң әтирапында айланып, 60-80 сапалы сүўрет алып бериўин өтиниш етиўине
туўра келген болар еди. Бирақ профессионал сүўретке алыўды ҳәмме де еплей
алмайды. Себеби бундай сүўретлерди кеминде 20 сантиметрден жылжып жүрип алыў
керек. Сол кадрлар бирлестирилип, 3D модель пайда болады. Модель топологиялық
жақтан сулыў емес болғаны ушын программаға алып кирип анықластырылады, ислеў
бериледи.
—
Маған сонша нәрсени қайдан билесиз, деп сораў береди, - дейди Аҳмаджан. — Бүгинги
билимлеримди интернеттеги ҳәммеге ашық видеосабақлардан, мағлыўматлардан
үйрендим. Видеосабақлықларда азғана билим берип қызықтырады да, қалғанын
төлемли курсқа қалдырады. Курсты сатып алсаныз, толық билимге ийе боласыз.
Бирақ мен өз бетимше ақырына жеткердим. Ҳәзир 15 программада ислей аламан.
Бүгин программистлер ушын ҳәр қыйлы жойбарлар, таңлаўлар жәрияланбақта,
платформалар иске қосылмақта. 11-класты тамамлағанымнан берли фрилансерлик етип
атырман. Енди сертификат алып, келешек кәсиплер менен мәмлекетлик шөлкемлерде
де ислеўим мүмкин екенлигинен қуўанышлыман. Мен таңлаған тараўда тек ғана ойын
жаратыў емес, ал видеомонтаж, визуал эффектлер, қурамалы жумыслар да талап
етиледи. Буның ушын компьютериңиз қанша күшли болса, сонша жақсы.
Аҳмаджан
ҳәзирше киши жастағы балалар ойнайтуғын мобиль ойынлар үстинде ислеп атыр.
Бирақ келешектеги режелери үлкен. Себеби, жазылып атырған унамлы пикирлер,
ўатанласларымыздың руўхый қоллап-қуўатлаўы оны жоқары шеклерге шақырмақта. Атап
айтқанда, енди Абу Али ибн Сино бабамыз ҳаққында да тарийхый ойын жаратпақшы.
Перзентлеримиздиң
миллий мақтанышы өссин
Тарийхый
шахслар қатнасыўында мультфилмлер жаратып, балаларға усыныўға үлес қосып
атырған Давлатшоҳ Ҳамроқуловта болса имканият үлкен. Себеби ол пайтахттағы
абырайлы шөлкемлердиң биринде ислейди. Қаҳарманларымызды бирлестирип турған
тәрепи - олардың мақсети. Екеўи де миллий руўхтағы контентлер жаратыў жолынан
бармақта. Әҳмийетлиси сол негизинде. Мәмлекетимизде заманагөй мәлимлеме
технологияларынан пайдаланыўға кеңнен жол ашылғаны, әне усы жумысты
қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде көплеген жаслар бир мақсетке бирлеспекте,
бир-бирине күш бермекте.
—
Медиа тараўын, кино, телевидение ҳәм радио режиссёрлығы бағдарын таңлап
қәтелеспеген екенмен, - дейди Давлатшоҳ. - Өйткени, булардың бәри адамлардың
дыққат-итибарында. Әсиресе, медиа күннен күнге, сааттан саатқа жаңаланып
турады. Егер бунда ағым менен бирге жүзсеңиз, жаңалықлар, жаңа дөретиўшилик
жумысларға сүңгип кетесиз. Бүгин ҳеш бир тараўды жасалма интеллектсиз көз
алдымызға келтирип болмайды. Енди әпиўайы сөзлер менен емес, кодлар менен
ислесиў керек болып атыр. Мысал ушын, тек ғана Жалаладдин Мангуберди ҳаққындағы
рольимизди ислеў ушын 30 дан аслам AI менен ислескенбиз.
Аўа,
жасалма интеллект технологиялары анимация ҳәм мультфильм тараўында да
түпкиликли бурылыс жасап атырғанын көрип турмыз. Себеби, бул бурын бир неше ай,
ҳәттеки жыллар талап етилген процесслерди бүгин бир неше саат ишинде әмелге
асырыўда да айқын сезиледи. Инсан факторысыз да көринислер анимациялық
сызылады, қаҳарманлар ҳәрекетленеди, фон ҳәм орталық қәлиплесип, кадрлар
арасындағы үзликсизликти тәмийинлейди. Нәтийжеде әпиўайы сүўрет ямаса видео
жанлы сахнаға айланбақта. Усы мәнисте бүгин мультфильм ямаса анимация жаратыў
ушын үлкен студия, узақ ўақыт, үлкен жәмәәт болыўы шәрт емес. Себеби булардың
ҳәммесин жасалма интеллект ислеп атыр. Ол ҳәрекетти жанландырады,
визуалластырады ҳәм пүткил әпиўайы идеяны үлкен сахнаға айландырады.
Давлатшоҳ
әне усы технологиялар жәрдеминде көринислерди жанландырып, толық мультфильм
сахнасына айландырыў жолында ислеп атыр. Жалаладдин Мангуберди образына
бағышланған анимация балаларда айрықша қызығыўшылық оятатуғыны анық. Себеби,
усы ўақытқа шекем уллы ата-бабаларымыздың балалығы, өспиримлиги ҳаққында
мағлыўматлар дерлик берилмеген. Балалар болса мағлыўматларды өз қыялы, түсиниги
ҳәм жасы дәрежесинде қабыллаўды қәлейди. Соның ушын оларға Әлийшер Наўайы,
Бабур, Әмир Темурдың балалық ўақытлары, қандай ойынларды ойнағаны қызық. Усылар
ҳаққында пикир жүргизер екенбиз, Давлатшоҳ рети келгенде жақсы бир гәп айтты:
"Әмир Темур туўылыўы алдынан балалар ушын әжайып бир китапты саўға еттик.
Ол даңқлы тарийхымыз ҳаққындағы қосықлары, дәстанлары, романлары, драмалары
менен танылған Өзбекстан халық жазыўшысы Муҳаммад Алидиң "Темурбек"
тарийхый повести тийкарында, заманагөй формада - QR кодлар, түрли сүўретлер
менен таярланған. Онда Саҳыпқыранниң балалық ҳәм өспиримлик жыллары
сәўлеленген".
Қандай
жақсы! Бир ўақытлары мақтаныў түўе, бабамыз деп айтыўға жол берилмеген, оғада залым
шахс сыпатында тәрийипленген Әмир Темурды балаларымыз уллы атасы сыпатында
жақыннан биледи. Ол ҳаққында көбирек биледи. Әдиллик, ҳадаллық, мәртлик, данышпанлық
сыяқлы пазыйлетлерге ийе болыў тилеги оянады.
Биз болса
уллы өтмишимиз, терең ойлы ата-бабаларымыздан күш алып атырған еки дөретиўшиге
де бул жолда бәркамаллық тилеймиз. Атап айтқанда, олардың қәлби менен жаратылып
атырған ҳәр бир контент заманагөй технологиялар ҳәм дөретиўшилик үйлесими
нәтийжеси. Сондай-ақ, бул имканиятлар дәўириниң, тынышлық, парахатшылықтың, усы
күнлер ушын гүрескенлерге қарыздарлық сезиминиң әмелий көриниси.
Муножат МЎМИНОВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы