Бул бағдардағы реформалар тийкарында, бәринен бурын, аграр тараўда жетистирилиўи режелестирилген өнимди жоғалтыў қәўпин басқарыўдың заманагөй механизмлерин қолланыў ўазыйпасы жатады.
Усы мақсетте 2025-жыл 14-апрельде "Аўыл хожалығы қәўип-қәтерлерин
қамсызландырыў ҳаққында"ғы нызам, Президентимиздиң 2025-жыл 21-ноябрьдеги
"Аўыл хожалығы қәўип-қәтерлерин қамсызландырыў механизмин нәтийжели
шөлкемлестириў ҳаққында"ғы пәрманы ҳәм 2025-жыл 6-декабрьде Министрлер
Кабинетиниң "Аўыл хожалығы қәўип-қәтерлерин қамсызландырыў системасын
енгизиўдиң шөлкемлестириўшилик илажлары ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди.
Бул
ҳүжжетлер менен аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў процесинде тәбийғый апатшылықлар
нәтийжесинде келетуғын зыянларды қаплаўдың жаңа механизмлерин енгизиў арқалы
тараўдағы исбилерменлик субъектлери экономикалық турақлы жумыс алып барыўы ушын
имканиятлар жаратыў белгиленди.
Аўыл
хожалығы қамсызландырыў системасын енгизиўде қамсызландырыў тараўында жетекши
есапланған Италия, Түркия ҳәм Әзербайжан тәжирийбелери тийкарында бир қатар
мақсетлер белгилеп алынды.
Соның
ишинде, қамсызландырыўдың нәтийжели системасын енгизиў арқалы тәбийғый ҳәм
техноген апатшылықлар, өрт, зыянкеслер ҳәм кеселликлер тәсиринде өсимликлер
және ҳайўанларға жеткерилген зыянды қаплап бериў, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп
шығарыў ҳәм экспорт көлемин 2030-жылға шекем басқышпа-басқыш 20 процентке
арттырыў, ислеп шығарыўшылардың қәўип-қәтерлерин азайтыў және қамсызландырыў
қәрежетлериниң (қамсызландырыў сыйлығының) 50 процентин бюджет қаржылары
есабынан қаплап бериў арқалы қамсызландырыў қамтып алыўын 50 процентке жеткериў
ўазыйпалары қойылды.
Бул арқалы
Өзбекстанда өнимлердиң набыт болыўын қамсызландырыўда аўыл хожалығы
кәрханаларының исенимине ерискен ҳалда жоқары дәрамат келтиретуғын азық-аўқат
өнимлерин жетистириў, ишки базарда өним муғдарын арттырыў есабынан баҳаны
арзанлатыў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың экспорт
потенциалын арттырыў мақсет етип алынды.
Жоқарыдағыларға
тийкарланып, Аўыл хожалығы қамсызландырыў қорының жумысын шөлкемлестириўде
тийкарғы итибар санластырыўға, ашық-айдынлықты тәмийинлеўге ҳәм инсан факторын
азайтыўға қаратылды.
Бүгинги
күнге келип Аўыл хожалығы министрлигиниң жәрдеминде Аgrosafe ҳәм Agroportal платформалары
иске қосылды. Нәтийжеде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўши кәрханаларға
онлайн тәризде арза бериў, шәртнаманы рәсмийлестириў ҳәм қамсызландырыў
сыйлығын банкке бармастан төлеў имканияты жаратылды.
Қамсызландырылған
аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў жағдайын мониторинг етиўди санластырыў
мақсетинде Космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар агентлиги менен биргеликте
жасалма жолдас, ушыўшысыз ушыў аппаратлары жәрдеминде космослық мониторингти
әмелге асырыўға рухсат берилди.
Өсимликлер
карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги аўыл хожалығы егинлериниң кеселликлери ҳәм
зыянкеслерине қарсы гүресиў бойынша, Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў
инспекциясы аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден мақсетли пайдаланыў ҳәм өз
ўақтында сапалы егиў ҳәм тәрбиялаў бойынша, сондай-ақ, Ветеринария ҳәм
шарўашылықты раўажландырыў комитети ветеринария тараўы ҳайўанларды жуқпалы
кеселликлерден қорғаў бойынша көрген илажлары бойынша мағлыўматларды "Аўыл
хожалығы қамсызландырыўы" мәлимлеме системасына мәжбүрий тәртипте киргизип
барыўы белгилеп қойылды.
"Аўыл хожалығы
қамсызландырыўы" мәлимлеме системасы 13 министрлик ҳәм уйым менен
интеграцияланып, реал ўақыт режиминде мониторинг етиў имканияты жаратылды.
Ең әҳмийетлиси, аўыл хожалығы
қамсызландырыў системасы арқалы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўши кәрханаларда
зүрәәттиң жоғалтылыўы нәтийжесинде көрилиўи мүмкин болған зыян мәмлекет
тәрепинен қапланатуғынына ҳәм оны қорғайтуғын заманагөй механизм қәлиплесип
атырғанына исеним пайда болмақта.
Қысқа ўақыт ишинде 13 мың 559
аўыл хожалығы кәрханасы менен жәми 5,1 триллион сумлық усындай қамсызландырыў
ҳаққында шәртнамаларға қол қойылғаны системаға исеним жоқары екенин көрсетеди.
Жылдың ақырына шекем 57
мыңнан аслам аўыл хожалығы кәрханасы менен шәртнамаларға қол қойылыўы ҳәм 16,5
триллион сумлық аўыл хожалығы егинлериниң қамсызландырылыўы режелестирилген.
Пахта ҳәм
ғәлле, дән ҳәм собықлы егинлер, мийўе жетистириў (алма, шийе, ерик, жүзим),
ыссыхана хожалықлары, палыз егинлери, қусшылық, балықшылық, шарўашылық ҳәм пал
ҳәррешилик бағдарларында қамсызландырыў механизмлери жаратылып, ҳәр бир бағдар
бойынша қамсызландырыў қағыйдалары, актуар есап-санақлар ҳәм тарифлер илимий
тийкарда ислеп шығылмақта.
Системада
биринши мәрте қамсызландырыў қәўипин баҳалаў нормалары ислеп шығылды.
Мағлыўматларға тийкарланған таллаў енгизилип, илимий-әмелий қатнас күшейтилди.
2027-жылы
шарўа малларын қамсызландырыў, жуқпалы кеселликлер қәўпин қаплаў механизмлерин
жолға қойыў бойынша жумыслар ҳәзирден баслап жиберилген.
Аўыл
хожалығы министрлиги аўыл хожалығы қамсызландырыў системасының әдил ислеўин,
қамсызландырыў ҳәдийсеси ҳәм себеплериниң қалыс үйренилиўин, зыян муғдарының
әдил анықланыўын ҳәм ҳақыйқый жуўмақ рәсмийлестирилиўин тәмийинлеў мақсетинде
Аўыл хожалығы қамсызландырыў қорына бойсынбайтуғын бийғәрез экспертлерди
таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратпақта.
Аўыл
хожалығы министрлиги ҳәм Ташкент мәмлекетлик аграр университети менен
биргеликте арнаўлы оқыў курсы шөлкемлестирилип, бүгинги күнге шекем дерлик 150 ғәрезсиз
эксперт таярланды.
Ғәрезсиз
экспертлердиң тәжирийбесин арттырыўда раўажланған сырт еллердиң қәнигелери де
тартылмақта. Соның ишинде, Insurance Development Forum консорциумы (Swiss re),
Германия ҳүкимети тәрепинен қаржыландырылып атырған InsuResiliyence Solutions
Fund (Europa re) жәрдеминде
халықаралық онлайн ҳәм офлайн семинарлар шөлкемлестирилди. Сырт елли бирге
ислесиўшилер Ташкент ўәлаяты фермерлериниң атызларында еркин экспертлер менен
әмелий тәжирийбе алмасыды.
Бул
семинарлар арқалы қамсызландырыў шәртнамалары бойынша егинлердиң жағдайын
орнында мониторинг етиў, қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз бергенде зыянланған
егислик майданларын үйрениў ҳәм жуўмақларды рәсмийлестириў тәртиплери бойынша
усыныслар берилди.
Аўыл
хожалығы қамсызландырыўы тек ғана финанслық инструмент емес. Бул аўыл хожалығы
кәрханаларының исениминиң кепили, аграр экономика турақлылығының тийкары,
мәмлекетлик сиясаттың стратегиялық бағдары болып есапланады.
Өзбекстанда
бул система заманагөй, санластырылған, илимий тийкарланған, халықаралық
стандартларға сай инфраструктура сыпатында қәлиплеспекте. Бул жумыслар
мәмлекетимиздиң аграр тараўында жаңа раўажланыў басқышын баслап бермекте.
Соатмурод ҚУЛМИРЗАЕВ,
Аўыл хожалығы министрлиги
департамент баслығы