«Sayat LLC» компаниясы медицина шығындыларынан
альтернатив ыссылық энергиясын ислеп шығарыў станцияларын қурыўға қәнигелескен.
Өзбекстан Президентиниң усы жойбарды әмелге асырыў ҳаққындағы қарарына
муўапық, ҳәзирги ўақытта Ташкент қаласы, Самарқанд ҳәм Бухара ўәлаятларында да
усындай заманагөй объектлердиң қурылысы алып барылмақта, деп хабар бермекте
Ферғана ўәлаяты ҳәкимлигиниң баспасөз хызмети.
Бағдарламаның
2026-2030-жылларға мөлшерленген екинши басқышында бундай станциялар
мәмлекетимиздиң басқа аймақларында, соның ишинде, Ферғана ўәлаятында да иске
қосылыўы режелестирилген.
Мәлим етилиўинше,
«Sayat green» компаниясы менен биргеликте әмелге асырылып атырған жойбар
шеңберинде медицина шығындыларын экологиялық қәўипсиз утилизациялаў ҳәм кейин
ала ыссылық энергиясын ислеп шығарыў шөлкемлестириледи.
Ушырасыў ўақтында
тәреплер жойбарды әмелге асырыўдың шөлкемлестириўшилик ҳәм техникалық
тәреплерин додалады.
Ўәлаят ҳәкими бул
басламаның экологиялық әҳмийетин атап өтип, оны әмелге асырыўға ҳәр тәреплеме
жәрдем бериўге таяр екенин билдирди. Жуўапкер структураларға инвесторларға
зәрүр жәрдемди тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.
Сөйлесиўлер
жуўмағында тәреплер жойбарды әмелге асырыў бойынша биргеликтеги жумысларды
жеделлестириўге келисип алды.