Форумда Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Түркияның суд-ҳуқық системасындағы билимлендириў мәкемелери, бас прокуратуралар жанындағы академиялар, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм экспертлер қатнасты.
Өзбекстан Судьялар жоқары кеңесиниң баслығы Холмўмин Ёдгоров судьялық кәсиби ушын кадрлар таярлаў, сондай-ақ, әмелдеги судьялардың маманлығын арттырыў айрықша қатнас ҳәм жоқары стандартларға қатаң әмел етиўди талап ететуғын қурамалы ўазыйпа екенин атап өтти.
Оның атап өтиўинше, әдил судлаўдың нәтийжелилиги, биринши гезекте, судьялыққа талабанлардың қаншелли терең таярланғанлығы ҳәм профессионаллығына байланыслы. Онда ҳәр бир мәмлекеттиң бул бағдарда өз тәжирийбеси ҳәм көзқараслары бар.
Өзбекстанда кейинги жылларда суд системасын раўажландырыў, болажақ судьяларды таярлаў ҳәм әмелдеги судьялардың маманлығын арттырыўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Форумда суд-ҳуқық тараўы кадрларын таярлаўда жасалма интеллекттен пайдаланыў, оны билимлендириў процесине енгизиўдиң ҳуқықый тийкарлары, санлы технологияларды қолланыў мәселелери де додаланды.