ЕТРБ менен әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм кең көлемли шерикликти, биринши гезекте, Жаңа Өзбекстанда реформалар бағдарламасын әмелге асырыў шеңберинде беккемлеўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм режелери көрип шығылды.
Бул көп тәреплеме жетекши қаржы институты менен стратегиялық шерикликтиң бүгинги мисли көрилмеген жоқары дәрежеси үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Бүгин Өзбекстан ЕТРБның региондағы ең ири шериги болып есапланады. Тийкарғы бағдарлардағы жойбарлардың улыўма портфели 7 миллиард доллардан артты. Инвестициялардың үлкен бөлеги жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаўға қаратылған.
Экологиялық транспортты раўажландырыў, темир жол инфраструктурасын санластырыў, исбилерменликти, ипотека базарын ҳәм стартап экосистемасын қоллап-қуўатлаў тараўларында жаңа келисимлерге қол қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Киши ҳәм орта бизнести кредитлеў, соның ишинде, экспортты қаржыландырыўды кеңейтиў, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды бизнес жүргизиўге оқытыў бағдарламаларын әмелге асырыў, агроазық-аўқат тараўын раўажландырыў ҳәм банк-қаржы секторын трансформациялаўда қатнасыў ҳәм басқа да бағдарлар усы жылдың тийкарғы бағдарлары сыпатында белгиленген.
Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм транспорт инфраструктурасы тараўларында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыў режелери қоллап-қуўатланды.
Жойбарларды таярлаў механизмлерин жетилистириў ҳәм оларды әмелге асырыў нәтийжелилигин арттырыў ушын ЕТРБ экспертлерин тартыўға қызығыўшылық билдирилди.
Сырт ел инвесторлары кеңесиниң болажақ төртинши мәжилисиниң күн тәртиби де көрип шығылды.