Өзбекстан жетекшиси БМШтың елатлы пунктлер бойынша бағдарламасы шеңберинде өткерилетуғын Улыўмажәҳән урбанизация форумының 13-сессиясы жетекшилери саммитинде қатнасады ҳәм шығып сөйлейди.
Форум қалаларды турақлы раўажландырыў, арзан турақ жай менен тәмийинлеў, қала орталығының сапасын арттырыў, климат турақлылығы ҳәм турақ жайды қаржыландырыў механизмлерин жетилистириў мәселелерине бағышланған.
Сапар етиў шеңберинде сырт ел делегацияларының басшылары менен бир қатар ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткерилиўи нәзерде тутылған.