Мәмлекетимиздеги кең көлемли реформалар, соның ишинде, халықтың саламатлығын беккемлеў, медицина мәкемелерин қәўипсиз ҳәм сапалы дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар менен тәмийинлеў, тараўға санластырыўды енгизиў бойынша көрилип атырған илажлар унамлы нәтийже бермекте.
Әсиресе, Қарақалпақстанда кейинги жыллары тараўда жүз берген сапа өзгерислерин айрықша атап өтиў керек. 2017-2025-жылларда аймақта "Бир қәдем" принципи тийкарында 76 шаңарақлық шыпакерлик пункти, 89 шаңарақлық поликлиника, 87 мәҳәлле медицина пункти шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, қәнигелестирилген орайлардың аймақлық филиалларында 150 түрдеги жаңа технологиялар енгизилди. Жылына 4500 наўқастың Ташкент ҳәм сырт елге бармастан, аймақтың өзинде жоқары технологиялық жәрдем алыў имканияты жаратылды. Төрткүл, Қоңырат ҳәм Шымбай районларында қоспа жарақатлар ҳәм өткир қан тамыр кеселликлери орайлары шөлкемлестирилип, наўқасларға орынларда қыстаўлы ҳәм қәнигели медициналық жәрдем көрсетилиўи тәмийинленди.
Буннан тысқары, 6 жасар балалар арасында вируслы гепатит "А" кеселлигиниң алдын алыў мақсетинде бийпул режели шаншыў өткерилди. Тийисли пәрман тийкарында тек ғана 2025-жылдың өзинде Қарақалпақстанда жасаўшы балалар ушын зәрүр қаржы ажыратылып, 47 мың 220 доза вакцина сатып алынды ҳәм жас көрсеткиши бойынша кеселлениў дәрежеси жоқары болған балалар арасында гепатит "А" кеселлигине қарсы бийпул шаншыў жумыслары орынланды. Нәтийжеде халықтың усы кеселликке шалыныў көрсеткиши 2024-жылдағыға салыстырғанда 1,6 есеге, мақсетли топар балалары арасындағы кеселлениў жағдайлары 3,7 есеге азайыўына ерисилди.
Быйыл кеселликке қарсы шаншыў ушын бюджеттен және 8 миллиард сум ажыратылды. Сондай-ақ, бүгинги күнге шекем тек ғана Ташкент қаласында өткерилип келген айырым қурамалы хирургиялық операциялар енди усы жердиң өзинде орынланбақта. Соның ишинде, жасалма қан айланыў аппараты арқалы наўқаслардың жүрегинде ашық хирургиялық операция өткерилмекте. Мультиспирал компьютер томографиясы, ультрасес, лаборатория үскенелери болса кеселликлерге ерте диагноз қойыў имканиятын бермекте.
Медицина хызметкерлериниң мийнетин хошаметлеў, алыс ҳәм шетки аймақларға шыпакерлерди тартыў мақсетинде бундай аймақлардың дизими 297 ге кеңейтилип, Қарақалпақстаннан 38 мәҳәлле усы дизимге киргизилген. Ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан, сондай-ақ, сырт мәмлекетлерден аймақтың Тахтакөпир, Шымбай, Қараөзек, Бозатаў, Шоманай, Қоңырат районларына барып ислейтуғын шыпакерлердиң айлық лаўазым мийнет ҳақысына дәслепки үш жыл даўамында 100 процент, Мойнақ районында болса 200 процент муғдарында қосымша ҳәр айлық үстеме мәмлекетлик бюджет есабынан төлеп барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасындағы жәми 221 мәкемеде "Электрон поликлиника" ҳәм "Электрон емлеўхана" мәлимлеме системалары қәлиплестирилип, наўқасларды шаңарақлық шыпакерлерге бириктириў, онлайн қабыллаўға жазылыў, патронаж, профилактикалық тексериўлер, скрининг бағдарламалары ҳәм олардың нәтийжелерин таллаў, наўқасларды қосымша тексериў, мәсләҳәт ҳәм емлеўге бағдарлаў және қайта байланысыў имканиятларын қамтып алған "Бирден-бир медицина системасы" енгизилди. Нөкис қалалық медицина бирлеспесинде орайласқан лаборатория шөлкемлестирилип, қаладағы барлық лабораториялар менен интеграция етилди ҳәм DMED мәлимлеме системасы тийкарында жумыс баслады.
Аналық ҳәм балалықты қорғаў бағдарында жумыс алып барып атырған медицина мәкемелериниң нәтийжелилигин арттырыўға да айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, районларымыздағы туўыў комплекслери ҳәм перинатал орайларда фертил жастағы ҳаял-қызлар, аналар ҳәм балалар ушын зәрүр қолайлы шараят жаратылды.
Қалалық ҳәм районлық медицина бирлеспеси қурамында барлық қолайлылыққа ийе орайлық емлеўханалар, заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленген қыстаўлы медициналық жәрдем бөлими, көп тармақлы орайлық поликлиника, сондай-ақ, аймақларда аўыллық шаңарақлық поликлиникалар, шетки аўылларда болса мәҳәлле медицина пунктлери шөлкемлестирилген. Халықтың саламатлығы шыпакерлердиң турақлы қадағалаўында.
Кейинги жыллары халқымыздың денсаўлығын қорғаўда жеке меншик клиникалардың үлеси сезилерли дәрежеде артқан. Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстандағы 392 жеке меншик медицина мәкемесинде 346 амбулатор ҳәм 45 стационар шараятта 57 түрдеги қәнигелик бойынша халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетилмекте.
Соның менен бирге, денсаўлықты сақлаў тараўында сырт ел клиникалары менен бирге ислесиў жолға қойылып, бир қатар халықаралық меморандумларға қол қойылды. Атап айтқанда, Қытайдың CSADI компаниясының жәрдеминде Нөкис қаласында балалар медицина кластериниң қурылысы режелестирилген. Буннан тысқары, усы аймақта аналар ҳәм балалар ушын емлеўхананың қурылысы БАӘ жәрдеми менен жуўмақланбақта.
Японияның “Digital knowledge” компаниясы тәрепинен ҳәмиледар ҳаяллар ушын мөлшерленген санластырылған платформаны басланғыш медицина буўыны хызметкерлериниң әмелиятына енгизиў биргеликтеги жойбары менен бирге, АҚШтың TIFO шөлкеминиң жәрдеминде аймақта "Арал апатшылығының регионаллық халықтың саламатлығына унамсыз тәсирин үйрениў" жойбары шеңберинде суў үлгилерин алыў ҳәм үйрениў жумыслары орынланбақта.
Бүгин Қарақалпақстанда медицина тараўында бақланып атырған өзгерислер белгили бир тармақ шеңбериндеги жаңаланыўлар менен шекленип қалып атырған жоқ. Олардың мазмун-мәниси инсан қәдирин улығлаў, халықтың саламатлығын сақлаў ҳәм турмыс сапасына байланыслы ең әҳмийетли мәселелерди шешиўге қаратылған.
Ҳәзирги ўақытта медицина тараўы алдына қойылып атырған ўазыйпалар барған сайын қурамаласып, талаплар артып атырған бир шараятта Қарақалпақстанда қәлиплесип атырған жаңа тәжирийбе ҳәм көзқараслар келешектеги раўажланыў ушын беккем тийкар жаратпақта. Ең әҳмийетлиси, бул процесслер орайында инсан қәдири ҳәм мәплери тур. Пуқаралардың сапалы медициналық хызметтен пайдаланыўы, өз ўақтында диагноз қойыў ҳәм емлениў имканиятларының кеңейиўи, қәнигели медициналық жәрдемниң халыққа және де жақынласып атырғаны болса реформалардың турмыслық әҳмийетин айқын көрсетпекте.
Мурад ҚУРБАНОВ,
Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри