Илажда Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Қазақстан
Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти
Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан
Президенти Сердар Бердимуҳамедов қатнасты.
Мәмлекет басшылары Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан халықлары ҳәм
мәмлекетлериниң турақлы раўажланыўын, экономикалық өсиўин, қәўипсизлигин
тәмийинлеў ҳәм абаданлығын арттырыўдың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир
алысты.
Өзбекстан
жетекшиси сөзиниң басында Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровқа рәсмий
емес саммитти өткериў басламасы ҳәм Ыссықкөл бойында көрсетилип атырған қызғын
қабыллаў ушын миннетдаршылық билдирди.
Сондай-ақ,
Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовқа Мәсләҳәт ушырасыўлары
форматындағы нәтийжели басшылық ушын миннетдаршылық билдирилди.
Регион
мәмлекетлери ғәрезсизлигиниң 35 жыллығын белгилеў алдынан мәмлекетшиликти
қәлиплестириў, экономикалық раўажланыў ҳәм миллий тиклениў бағдарындағы барлық
жетискенликлерге жоқары баҳа берилди.
- Биргеликтеги
ҳәрекетлер себепли Орайлық Азия ҳәзирги ўақытта улыўма раўажланыў мақсетлери
жолында бирлеспекте, - деп айрықша атап өтти Президентимиз.
Қыйын ҳәм
алдыннан айтып болмайтуғын халықаралық жағдайдың ҳақыйқатын таллап, ол ушырасыў
қатнасыўшыларын буннан былай да исенимли ҳәрекет етиўге ҳәм және де тығыз
муўапықласыўға шақырды. Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, Әзербайжанның
Мәсләҳәт ушырасыўлары форматына қосылғаны мәмлекетлеримиз арасындағы бирге
ислесиўди сапа жағынан жаңа - макроаймақлық дәрежеге алып шығады.
- Бизиң алдымызда
Орайлық Азия, Қубла Кавказ ҳәм жақын қоңсымыз - Аўғанстанды бирлестиретуғын
бирден-бир раўажланыў мәканын қәлиплестириў ушын тарийхый имканият ашылмақта, -
деди Өзбекстан жетекшиси.
Орайлық Азия
мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан арасында турақлы раўажланыў, өз-ара байланыслылық
ҳәм жақсы қоңсышылық тийкарын беккемлеў мақсетинде регионаллық бирге ислесиўдиң
тийкарғы бағдарлары ҳаққындағы көзқараслар усыныс етилди.
Бәринен бурын,
регионаллық бирге ислесиўдиң турақлы архитектурасын буннан былай да
қәлиплестириў әҳмийетли екени атап өтилди, оның қурылысы нәтийжели бирге
ислесиў институтларына, тармақ уйымларының тығыз байланысларына, аймақлардың
тиккелей байланысларына ҳәм раўажланыўдың әҳмийетли тараўларындағы узақ
мүддетли биргеликтеги бағдарламаларға сүйениўи керек.
Регионның
халықаралық субъектлигин беккемлеўге хызмет ететуғын мәмлекетлераралық
шөлкемлер ҳәм "Орайлық Азия плюс" форматлары шеңберинде
муўапықласыўды күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Саўда-экономикалық
ҳәм транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты беккемлеў, үзликсиз
санаат-технологиялық шынжырларды кеңейтиў, улыўма санлы хызметлерди
раўажландырыў ҳәм инвестициялық платформаларды иске қосыў бойынша гезектеги
қәдемлерди пуқта ислеп шығыў талап етиледи.
Кадрлар
потенциалы, жасалма интеллект технологиялары, дата-орайлар ҳәм энергетика
қуўатлықларын бирлестиретуғын бир пүтин инфраструктураны жаратыў арқалы Орайлық
Азияны билимлендириў, илим ҳәм инновациялардың бәсекиге шыдамлы хабына
айландырыў перспективалы ўазыйпа сыпатында көрсетип өтилди.
Экологиялық
мәселелер бәрқулла регионаллық күн тәртибиниң тийкарғы темасы болғаны ҳәм болып
қалып атырғаны айрықша атап өтилди. Улыўма тәбият мәканымызда жүзеге келип
атырған қәўип-қәтерлер мәмлекетлик шегараларды тән алмайды, демек, оларға
берилетуғын жуўаплар да улыўмалық болыўы керек.
- Быйылғы жаздың
аномал ыссысы климаттың өзгериўи экономикаға, суў ҳәм энергетика
қәўипсизлигине, адамлардың денсаўлығы ҳәм турмыс сапасына тиккелей тәсир
ететуғынын және бир мәрте көрсетти. Бул жаңа қәўип-қәтерлерге биргеликте
бейимлесиў бойынша узақ мүддетли шешимлерди табыў әҳмийетли, - деди
мәмлекетимиз басшысы.
Бирге ислесиўдиң
өзгермейтуғын тийкарғы бағдарлары арасында гуманитарлық бағдар айрықша атап
өтилди. Регион халықлары әсирлер даўамында бир-бири менен жақын жасаған,
саўданы раўажландырған, билим ҳәм мәдений дәстүрлер алмасқан. Заманагөй өз ара
байланыслар тереңлескен сайын адамларда жәмийетлик сезими де күшеймекте.
- Халықларымыздың
миллий өзине тәнлигин сақлап қалыў арқалы улыўма регионаллық өзине тәнлик
қәлиплеспекте. Бул бирге ислесиўимизди жаңа, және де терең гуманитарлық мазмун
менен байытыўды талап етеди, - деди мәмлекетимиз жетекшиси.
Сөзиниң
жуўмағында Өзбекстан Президенти улыўма күш бирлик, өз-ара исеним ҳәм
биргеликтеги дөретиўшиликке беккем садықлықта екенин терең исеним менен атап
өтти.
Илажда Орайлық
Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан жетекшилери де шығып сөйлеп, регионаллық бирге
ислесиўди раўажландырыўдың бүгинги жағдайы ҳәм перспективаларына өз баҳаларын
берди.
Саммит жуўмағында
Шолпаната декларациясы қабыл етилди.