Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасының районларында усындай жаңа орайлар қурылмақта. Китап фондлары турақлы түрде жаңаланып, ҳәр қыйлы әдебий-көркем илажлар өткерилмекте.
Қанлыкөл районында жақында қурылысы жуўмақланған, заманагөй талапларға
жуўап беретуғын китапхана елимизде китапқумарлық мәдениятын буннан былай да
күшейтиў, китапханалардың жумысын раўажландырыў бағдарындағы реформаларға және
бир мысал сыпатында бой көрсетти.
– Бул китапхана ең
соңғы мәлимлеме-коммуникация технологиялары менен үскенеленген. Бай китап
фондына, электрон ресурслардан пайдаланыў имканиятларына ийе. Барлық жастағы
китапқумарлар ушын қолайлы шараятлар жаратылған. Ол басламалы бюджет есабынан
ажыратылған 1 миллиард 500 миллион сум қаржы есабынан 138 метр квадрат майданда
қурылды, - дейди Мәлимлеме-китапхана орайының директоры Паршагүл Атамуратова. -
Мәлимлеме-китапхана базасы 11 мыңнан аслам атамадағы 41 мыңнан аслам китап
фондына ийе. Үш мыңға шамалас китапты онлайн платформалар арқалы оқыў имканияты
бар.
* * *
Балалықтан
китапқумарлық жас әўладтың жетик инсан болып камалға келиўинде беккем тийкар
ўазыйпасын атқарады. Ҳәр жылы дүнья көлеминде белгиленетуғын Халықаралық
балалар китабы күни де әйне усы ийгиликли мақсетке - перзентлеримиздиң китап
пенен досласыўына хызмет етеди.
Әмиўдәрья районы
мәлимлеме-китапхана орайында шөлкемлестирилген “Китап - кеўил шырағы”
атамасындағы әдебий-көркем кеше де мине усындай руўхый байрамлардың бирине
айланды. Илажда райондағы 59-санлы мектептиң ең белсенди, умтылыўшаң ҳәм
китапқумар оқыўшылары жәмленди. Китапқумарлық кешесиниң тийкарғы мазмун-мәниси
жасларды китап оқыўға тартыў, дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм
руўхый дүньясын байытыўдан ибарат болды. Илаж шеңберинде шөлкемлестирилген
"Заковат" интеллектуаллық ойыны оқыўшылардың тек ғана билимлерин
емес, ал тез пикирлеў ҳәм логикалық пикир жүргизиў қәбилетин де сынақтан
өткерди. Сораў-жуўапларда балалардың жәҳән ҳәм өзбек әдебияты ғайраткерлериниң
өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққындағы терең билими ҳәммени таң қалдырды. Бул болса
мектеп ҳәм китапхана бирге ислесиўиниң әмелий нәтийжеси сыпатында көринди. Илаж
соңында белсене қатнасқан ҳәм билимданлығы менен ажыралып турған оқыўшыларға
мәлимлеме-китапхана орайының естелик саўғалары тапсырылды.
– Заманагөй
мәлимлеме технологиялары раўажланған дәўирде де китапханалар өзиниң тартымлылығы
ҳәм әҳмийетин жоғалтқан жоқ. Керисинше, олар және де қызықлы, заманагөй билим
орайына айланып бармақта. Бүгин орайымыз фондында 65 мың 594 нусқадан аслам ҳәр
қыйлы жанрдағы әдебият жәмленген. Бундай бай ғәзийнеден ҳәр бир китапқумар өз
талғамы ҳәм қызығыўшылығына сәйкес шығарманы табыўы мүмкин, - дейди Әмиўдәрья
районы мәлимлеме-китапхана орайының қәнигеси Муножат Сапарбаева. - Орайдан 6170
ден аслам пайдаланыўшы турақлы түрде пайдаланып келмекте. Китапхана ағзалары
қатарында барлық жастағылардың бар екенлиги билим алыў ҳәм оқыў ушын ҳеш қандай
шегара жоқ екенлигинен дәрек береди.
Мәмлекетимиз
басшысының 2026-жыл 15-январьдағы тийисли қарары елимизде руўхый реформалардың
жаңа басқышын баслап берди. Онда 2026-2030-жылларда халықтың китап оқыў
көрсеткишин жыллық орташа 10 китапқа жеткериў тийкарғы ўазыйпа сыпатында
белгиленген. Бул қарардың ең әҳмийетли тәрепи китапқумарлықты системалы
мәмлекет механизми арқалы да раўажландырыўға қаратылған.
Қарарға муўапық,
Жаслар ислери агентлиги жанында Китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў қоры,
яғный китапқумарлықты қоллап-қуўатлаўдың жаңа институты шөлкемлестирилди. Бул
қор тек ғана китап оқыўды үгит-нәсиятлап қоймастан, ал әдебият тараўында
дөретиўшиликти де хошаметлейди.
Ең әҳмийетлиси,
китапқумарлық социаллық қәдирият сыпатында қайта тикленбекте. Бул процесс жәмийетте
пикирлеў мәдениятын арттырыўға хызмет етеди. Сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм
шөлкемлерде "Китап мүйеши", "Китап оқыў сааты",
китапқумарлық рейтинги, ең көп китап оқыған хызметкерлерди материаллық
хошаметлеў сыяқлы әмелиятлар енгизилди. Бул болса оқыўды жеке қызығыўшылықтан
социаллық қәдирият дәрежесине алып шығады. Бул реформалардың тийкарында оғада
әҳмийетли идея жәмленген: китапқумар жәмийет - турақлы жәмийет. Себеби китап
оқыған инсан талқылайды, пикир жүргизеди, жуўапкершилик пенен қарар қабыл
етеди.
Бул қарар елимиздиң
шетки аймақларындағы халық ушын да әжайып жаңалық болды. Жаслар ҳәр бир жаңа
китапты оқып питкерген күнин өзине тән байрам сыпатында белгилеўге умтылмақта. Елликқала
районында да бул қарарды китапханашылар ҳәм китапқумарлар тараўға қаратылған
итибар сыпатында қабыл етип, берилип атырған имканиятлардан үнемли пайдаланыўға
умтылмақта. Районлық мәлимлеме-китапхана орайы тәрепинен халық ҳәм жаслар
арасында китапқумарлықты ғалаба ен жайдырыў, санлы хызметлерди кеңейтиў ҳәм
руўхый-ағартыўшылық орталықты беккемлеўге қаратылған системалы жойбарлар жолға
қойылған.
- Орайдың социаллық
тармақтағы бети арқалы онлайн "Заковат" интеллектуаллық ойынлары,
викториналар ҳәм ағартыўшылық илажлар турақлы өткерилмекте. Халық ҳәм жаслар
ушын компьютер технологиялары және интернеттен нәтийжели пайдаланыўға
бағышланған семинарлар шөлкемлестирилмекте. Соның менен бирге, PDF ҳәм аудио
форматта китап жеткерип бериў хызмети жолға қойылып, әдебиятқа жедел кириў
имканияты жаратылған, - дейди Елликқала районы мәлимлеме-китапхана орайының
директоры Мақсуда Жуманиязова. – Сондай-ақ, социаллық тармақлардағы бетлерге
дөретиўшилердиң өмири ҳәм дөретиўшилигине байланыслы қызықлы фактлер ҳәм
китаплар ҳаққындағы мағлыўматлар турақлы жайластырылып барылмақта. Бул болса
оқыўды заманагөй мәлимлеме орталығы менен үйлестириўге хызмет ететуғыны сөзсиз.
Соның менен бирге, китапхана веб-бетинде "сырт ел әдебиятлары"
рубрикасы шөлкемлестирилип, онда жаңа әдебиятлар жайластырылған.
Елликқала районы
ҳәкимлигиниң басламасы менен китапхана фонды жаңа әдебиятлар менен
байытылмақта. Бүгинги күнде мәлимлеме-китапхана орайы фондында 10 мың 773
атамадағы 32 мың 35 нусқадағы әдебият бар. Орай 15 мың 400 ден аслам
пайдаланыўшыға хызмет көрсетпекте. Сондай-ақ, белсенди китапқумарлар - Самандар
Исмоилов, Тохташ Тураева ҳәм Ҳулкарой Қаландарова шаңарағында үлгили
үй-китапханалар шөлкемлестирилип, мәҳәлле жаслары ушын ашық ағартыўшылық орайы
ўазыйпасын атқармақта.
Районда китап
саўдасын раўажландырыў бағдарында да унамлы өзгерислер бақланбақта. Ҳәзир 2 ири
китап дүканы халыққа онлайн ҳәм офлайн хызмет көрсетип, китапларды кең жәмийетшиликке
жедел жеткерип бериў имканиятын жаратпақта.
Елликқала
районындағы жумыслар китапқумарлық мәденияты тек ғана үгит-нәсиятлаў менен
емес, ал системалы әмелий жумыс арқалы раўажланатуғынын көрсетеди. Китапхана
хызметлериниң кеңейиўи, санлы имканиятлардың енгизилиўи, халық ҳәм жасларды
қамтып алған ағартыўшылық илажлар китапқумарлық орталығын беккемлеп барады.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
“Янги
Ўзбекистон” хабаршысы