Халқымызға тән жақсылық ҳәм
мийрим-шәпәәт, адамгершилик, шүкиршилик, сақаўат ҳәм кеңпейиллик сыяқлы
ийгиликли пазыйлетлерди өзинде жәмлеген мүбәрек Қурбан ҳайытын мүнәсип өткериў,
усы қутлы әййямда халықты мәмлекет тәрепинен және де қоллап-қуўатлаў мақсетинде
Қарар етемен:
I. Мәмлекет
тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары.
1. Өзбекстан мусылманлары
басқармасы, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий
агентлиги (кейинги орынларда - Агентлик), Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Экономика
ҳәм қаржы министрлиги, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы ҳәм "Вақф"
қайырқомлық жәмийетлик фондының мүбәрек Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен халықты
социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаўға қаратылған төмендеги усынысларына
келисим берилсин:
(а) төмендеги категориядағы наўқасларды медициналық
тексериўден өткериў, хирургиялық операциялар ҳәм емлеў қәрежетлерин қаплаў:
(i) аўыр ҳәм майыплыққа алып келетуғын кеселликлерге
шалынған 10 мың бала - хирургиялық операцияларды орынлаў ушын;
(ii) онкологиялық, гематологиялық ҳәм
онкогематологиялық кеселликлер анықланған 2,3 мың наўқас - медициналық
тексериў, емлеў ҳәм хирургиялық операцияларды өткериў ушын;
(iii) кеминде 350 наўқас баўыр ҳәм бүйрек
трансплантациясы операцияларын орынлаў ушын;
(б) социаллық қорғаўға мүтәж болған төмендеги
категориядағы балаларға 200 АҚШ доллары муғдарындағы ақшалай сыйлықты депозит
есап бетине өткериў:
(i) жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған
балалар (қәўендерлик, әменгерлик ҳәм патронат қарамағындағы балалар);
(ii) "Меҳрибанлық" үйлери, шаңарақлық
балалар үйлери, киши комплектли балалар үйлери, SOS – балалар мәҳәллесиниң тәрбияланыўшылары;
(iii) Ўатан шегараларын қорғаў ўақтында қайтыс болған
ата-аналардың перзентлери;
(iv) «Taskin Children’s Hospice» балалар онкология
хосписинде емленип атырған балалар;
(в) 500 мешитте халық ушын зәрүр шараятлар жаратыў
мақсетинде заманагөй таҳаратханаларды қурыў, реконструкциялаў ямаса оңлаў,
сондай-ақ, орынлардағы қойымшылықларды абаданластырыў.
2. Усы қарардың 1-бәнтиниң "а" киши
бәнтинде нәзерде тутылған наўқасларды медициналық тексериўден өткериў,
хирургиялық операцияларды өткериў ҳәм емлеў Денсаўлықты сақлаў министрлиги
тәрепинен белгиленетуғын медициналық шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылатуғыны
белгиленсин. Бунда:
(а) медициналық тексериў, хирургиялық операцияларды
өткериў ҳәм наўқасларды емлеў менен байланыслы илажлар шеңберинде донор
шөлкемлердиң қәрежетлерин қаплаў нәзерде тутылады;
(б) медициналық шөлкемлер тәрепинен тастыйықланған
стандартлар ҳәм клиникалық протоколлар тийкарында емлеў илажларының өткерилиўин
қадағалаў Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры тәрепинен әмелге
асырылады.
3. Усы қарарда нәзерде тутылған илажлар мәмлекетлик
мақсетли қорлардың, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да
дәреклерден ажыратылатуғын 690 миллиард сум муғдарындағы қаржылар есабынан
"Вақф" қайырқомлық жәмийетлик фонды арқалы қаржыландырылатуғыны
белгиленсин.
4. Өзбекстан мусылманлары мәкемеси, Қарақалпақстан
Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери және
кең жәмийетшилик ўәкиллериниң төмендеги усыныслары мақуллансын:
(а) муқаддес орынларды, зыярат етиў орынларын, мешит
ҳәм қойымшылықларды абаданластырыў, сондай-ақ, усы мақсетлерде ықтыярлы
қайырқомлық шембиликлерин өткериў;
(б) халықтың социаллық қорғаўға мүтәж категориялары
ушын қайырқомлық дастурханларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, зыярат етиў орынлары
ҳәм диний билимлендириў шөлкемлеринде қурбанлық илажларын өткериў.
II. Қарар орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм
қадағалаў.
5. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң
Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң басшылығында муқаддес
орынларды абаданластырыў, мийрим-шәпәәт илажларын шөлкемлестириў ҳәм
муўапықластырыў бойынша аймақлық кеңеслер (кейинги орынларда - аймақлық
кеңеслер) шөлкемлестирилсин ҳәм олардың үлги қурамы қосымшаға муўапық
тастыйықлансын.
6. Төмендегилер аймақлық кеңеслердиң тийкарғы
ўазыйпалары етип белгиленсин:
(а) халықты қоллап-қуўатлаўға қаратылған мийрим-шәпәәт,
қайырқомлық илажларының мәнзилли әмелге асырылыўын тәмийинлеў, сондай-ақ,
министрликлер ҳәм уйымлардың аймақлық бөлимлери, район (қала) ҳәкимлериниң бул
бағдардағы жумысын муўапықластырыў;
(б) мәмлекеттеги муқаддес орынлар, мешитлер ҳәм қойымшылықларды
абаданластырыў, сондай-ақ, халықта ата-бабалар естелигине ҳүрмет ҳәм иззет
сезимлерин қәлиплестириўге қаратылған илажлардың әмелге асырылыўын
шөлкемлестириў;
(в) усы қарарда нәзерде тутылған илажлар шеңберинде
пайда болған машқалаларды жеделлик пенен шешиў.
7. Медициналық тексериўлер, хирургиялық операциялар
өткериў ҳәм емлеў қәрежетлерин "Вақф" қайырқомлық жәмийетлик фонды
арқалы қаплаўды қаржыландырыў тәртиби белгиленсин, оған муўапық:
(а) медициналық тексериўлер, хирургиялық операциялар
ҳәм емлеў өткерилетуғын кеселликлер дизими Денсаўлықты сақлаў министрлиги
тәрепинен белгиленеди;
(б) наўқасларды тийисли медициналық шөлкемлерге
жибериў ҳәм емлеў олар ҳаққындағы мағлыўматларды Денсаўлықты сақлаў министрлиги
тәрепинен “Мәмлекетлик мәлимлеме системаларын жаратыў ҳәм қоллап-қуўатлаў
бойынша бирден-бир интегратор – “UZINFOCOM” жуўапкершилиги шекленген жәмийети”
менен биргеликте мәлимлеме модулине киргизиў арқалы әмелге асырылады;
(в) медициналық тексериўден өткерилген, хирургиялық
операция өткерилген ҳәм емленген наўқасларға көрсетилген хызметлер бойынша
қәрежетлерди қаплаў Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры тәрепинен
усынылған мағлыўматнама тийкарында "Вақф" қайырқомлық жәмийетлик
фонды тәрепинен усы мағлыўматнама усынылған күннен баслап бес жумыс күни
даўамында әмелге асырылады.
8. "Вақф" қайырқомлық жәмийетлик фондына
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 17-февральдағы "Мүбәрек Рамазан
айында халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын мәмлекет тәрепинен социаллық
қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-67-санлы қарары шеңберинде
Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри тәрепинен тастыйықланған
кеселликлер ҳәм медициналық шөлкемлер дизимине муўапық емлеў ямаса хирургиялық
операцияларды өткериў менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў ҳуқықы берилсин.
9. Дин ислери бойынша комитет Өзбекстан мусылманлары
басқармасы ҳәм Агентлик пенен биргеликте Қурбан ҳайытын мүнәсип өткериўге
байланыслы усы қарарда нәзерде тутылған меҳир-мүриўбет, қайыр-сақаўат
илажларының мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериў илажларын әмелге
асырсын.
10. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги Өзбекстан
Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәниси ғалаба
хабар қураллары, Интернет тармағы ҳәм социаллық тармақларда кеңнен
сәўлелендирилиўин шөлкемлестирсин.
11. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели
шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров,
Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи - Социаллық қорғаў миллий
агентлигиниң директоры М.П.Оллоёров, Өзбекстан Республикасы Президенти
Администрациясы Диний-ағартыўшылық мәселелери департаментиниң баслығы
М.М.Камилов ҳәм денсаўлықты сақлаў министри Е.Е.Адилов белгиленсин.
12. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан
Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан
Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев.
Ташкент қаласы,
2026-жыл 22-май.