Атап айтқанда, «Worksmate
Inc.» компаниясының тийкарын салыўшысы
ҳәм атқарыўшы директоры менен ушырасыўда. Севон Ким ҳәм «Hyun Ju» жумыс пенен тәмийинлеў компаниясының бас
директоры Сидок Ли тәрепинен Корея мийнет базарында Өзбекстан пуқаралары ушын
имканиятларды кеңейтиў, Е-9 бағдарламасы шеңбериндеги бирге ислесиў
нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, Е-7 визасы тийкарында маман қәнигелерди
тартыў перспективалары додаланды.
Е-9: Қурылыс тараўында жумыс бериўшилер менен байланысларды кеңейтиў
Ушырасыўда атап
өтилгениндей, Өзбекстан ҳәм Корея арасында әмелдеги “EPS” системасы шеңберинде
пуқаралар шөлкемлескенлик тийкарында Е-9 жумысшы визасы тийкарында Корея
Республикасына жибериледи.
Соның менен
бирге, кореялы жумыс бериўшилер тәрепинен қурылыс бағдары бойынша “EPS-TOPIK”тен
табыслы өткен талабанларды таңлап алыў процесин жеделлестириў зәрүр екенлигине
итибар қаратылды.
Миграция
агентлиги Корея қурылыс компаниялары менен тиккелей байланысларды кеңейтиў,
жумыс бериўшилерди өзбекстанлы талабанлардың потенциалы менен кеңирек
таныстырыў бойынша бирге ислесиўди күшейтиўди усыныс етти.
Усы мүнәсибет
пенен «Worksmate Inc.» компаниясы тәрепинен басқарылатуғын “GADA” санлы
платформасының имканиятлары таныстырылды.
«Worksmate Inc.» компаниясына
2020-жылы тийкар салынған болып, қурылыс тараўында жумыс бериўшилер ҳәм жумысқа
қабыл етиўшилерди санлы байланыстырыўға қәнигелескен. Компания мағлыўматларына
бола, “GADA” Кореядағы 1 мың 500 ден аслам қурылыс компаниясы менен бирге
ислеседи. Платформа хызметкерлердиң жумыс ҳәм мийнет тәжирийбеси ҳаққындағы
мағлыўматларды жүргизиў, зәрүр ҳүжжетлерди санлы форматта басқарыў, сондай-ақ,
жумыс бериўши ҳәм хызметкер арасындағы өз-ара байланыс процесслерин
әпиўайыластырыў имканиятын береди.
Сөйлесиўлер
даўамында Миграция агентлигиниң «Xorijda ish» электрон платформасы ҳәм “GADA” платформасын
өз-ара интеграциялаў имканияты додаланды. Бундай механизм Өзбекстанның қурылыс
тараўы қәнигелерин Кореядағы жумыс бериўшилер менен нәтийжели байланыстырыў
ушын қосымша имканиятлар жаратыўы мүмкин.
Онда Өзбекстан
пуқараларының жеке мағлыўматларын қорғаў мәселесине айрықша итибар қаратылды.
Агентлик пуқаралардың мағлыўматларына ислеў бериў ҳәм оларды сақлаўда Өзбекстан
нызамшылығы талапларына қатаң әмел етиў зәрүр екенлигин мәлим етти.
Е-7 - тәжирийбели
кадрлар ушын перспективалы бағдар
Ушырасыўдағы әҳмийетли
темалардан және бири Кореяның қурылыс тараўына Е-7 виза тийкарында маман сырт
ел қәнигелерин тартыў перспективалары болды.
«Worksmate Inc.» ўәкиллериниң
мәлим етиўинше, Кореяның тийисли структуралары қатнасыўында Өзбекстан, Вьетнам,
Монголия ҳәм Таиландтан қурылыс тараўы ушын маман қәнигелерди тартыўға
қаратылған жойбар режелестирилмекте.
Усынылған
дәслепки талапларға бола, профессионал билимлендириў мәкемелериниң
питкериўшилери ушын 5 жыллық жумыс стажы, бакалавр дәрежесине ийе болған
қәнигелер ушын диплом ҳәм кеминде 1 жыллық жумыс стажы нәзерде тутылады.
Магистратура питкериўшилери ушын стаж талап етилмейди.
Сондай-ақ,
усынылған мағлыўматларға бола, дәслепки айлық мийнет ҳақы 2 156 880 воннан
басланады ҳәм қәнигениң маманлығы артып барған сайын арттырылыўы мүмкин.
Миграция
агентлиги бул бағдарда кадрларды алдыннан ҳәм мақсетли таярлаў модельин усыныс
етти. Усынысқа бола, Өзбекстанның жоқары билимлендириў мәкемелериниң
студентлерине корейс тилин үйретиў, оларда тийисли кәсиплик маманлықты
қәлиплестириў, жергиликли қурылыс кәрханаларында зәрүр жумыс тәжирийбесин
арттырыў ҳәм келешекте Корея мийнет базары талапларына сәйкес келетуғын
қәнигелерди жумысқа жибериў имканиятларын көрип шығыў нәзерде тутылған.
Бул шет ел мийнет
базарын тек ғана жумысшы күши менен тәмийинлеў емес, ал тил, кәсип ҳәм әмелий
көнликпелерге ийе бәсекиге шыдамлы қәнигелерди таярлаўға қаратылған.
Бирге ислесиў нийетлери
ҳаққында хатқа қол қойылды.
Сөйлесиўлер
жуўмағында Миграция агентлиги ҳәм «Worksmate Inc.» арасында бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм
додаланған бағдарларды биргеликте үйрениў бойынша LOI-нйиет хатына қол қойылды.
Сондай-ақ, әмелий
сөйлесиўлерди даўам еттириў, сондай-ақ, Өзбекстанда кадрлар таярлаў системасы
ҳәм қурылыс тараўы қәнигелериниң потенциалы менен танысыў мақсетинде «Worksmate
Inc.» басшылары ҳәм жумысшы топар Өзбекстанға мирәт етилди.
Еслетип өтемиз,
Е-7 бағдары бойынша пуқараларды жумысқа қабыллаў еле басланбаған. Ҳәзирги
ўақытта тәреплер бул механизмди буннан былай да иске қосыў имканиятлары ҳәм
талапларын додаламақта.
Миграция
агентлиги тәрепинен өткерилип атырған сөйлесиўлерден тийкарғы мақсет -
Өзбекстан пуқаралары ушын Корея мийнет базарындағы бар бағдарларды кеңейтиў,
жумыс бериўшилер менен тиккелей байланысларды беккемлеў, сондай-ақ, жоқары
дәраматлы жумыс орынларында маман қәнигелерди жумысқа жайластырыў имканиятларын
басқышпа-басқыш арттырыўдан ибарат.