Илаж Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий комиссиясы тәрепинен Халықаралық миграция шөлкеми менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Онда мәмлекетлик уйымлар, ҳуқық қорғаў уйымлары, суд-ҳуқық системасы, халықаралық шөлкемлер, дипломатиялық корпус, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң ўәкиллери қатнасты.

Конференция адам саўдасына қарсы гүресиў тараўында ерисилген нәтийжелерди таллаў, глобаллық қәўип-қәтерлерди додалаў, миллий ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеўге қаратылған әҳмийетли халықаралық сөйлесиў майданына айланды. Илаж даўамында адам саўдасының заманагөй қәўип-қәтерлери, соның ишинде, санлы технологиялар, онлайн жаллаў платформалары, алдаўшылық схемалары ҳәм трансмиллий жынайый тармақлардың жумысы себепли пайда болып атырған жаңа қәўип-қәтерлерге итибар қаратылды.

Усы жылы Жәҳән адам саўдасына қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен жәрияланған "Алдаўшылық дузағына түскенлер" глобал темасында санлы мәканда эксплуатацияның алдын алыў, профилактикалық илажларды күшейтиў ҳәм қәўип-қәтерлерди ерте сапластырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Конференцияны Олий Мажлис Сенатының Баслығы, Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша миллий комиссияның баслығы Танзила Норбоева ашып берип, Жаңа Өзбекстанда адам саўдасына қарсы гүресиў инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, социаллық әдиллик ҳәм мүнәсип мийнетти тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланғанын атап өтти.

Бүгинги күнде адам саўдасы тек ғана жынаятшылыққа қарсы гүресиў мәселеси емес, ал инсан ҳуқықлары, мийнет қатнасықлары, миграция, санлы технологиялар ҳәм социаллық қорғаў менен тығыз байланыслы глобаллық қәўип-қәтер болып есапланады.

- Адам саўдасына қарсы гүресиўде ерисилген ең үлкен жетискенлик - бул қурбанларды қутқарыў емес, ал жаңа қурбанлардың пайда болыўының алдын алыў, - деп атап өтти Танзила Норбоева.

Профилактикалық қатнасларды күшейтиў, ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыў, мүнәсип мийнет ҳәм социаллық қорғаў механизмлерин жетилистириў де адам саўдасының алдын алыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Халықаралық миграция шөлкеминиң Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы Эндрю Грейдиң пикиринше, "адам саўдасы ҳәр қашанғыдан да тез өзгермекте. Жынайый тармақлар санлы технологиялардан жедел пайдаланбақта, олардың трансмиллий характери ҳәм қурамалылығы артып бармақта. Соның ушын жуўап илажлары қурбанларды тек ғана тексериў ҳәм қорғаў емес, ал эксплуатация жүз бергенге шекем оның алдын алыўға қаратылған системалы көзқарасларды да өз ишине алыўы керек".

Күни кеше қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Адам саўдасынан жәбирленгенлерди анықлаў ҳәм олардың жәмийетке интеграцияласыў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы елимизде адам саўдасынан жәбирленгенлерди ерте анықлаў, олардың талапларын баҳалаў, социаллық, ҳуқықый, психологиялық ҳәм медициналық хызметлер менен комплексли қамтып алыўдың пүткиллей жаңа системасын енгизип атырғаны атап өтилди.

Илажда үш тематикалық сессия шеңберинде санлы қәўип-қәтерлер ҳәм эксплуатацияның жаңа түрлериниң алдын алыў, адам саўдасы қурбанларын ерте анықлаў, идентификациялаў ҳәм қорғаў механизмлерин жетилистириў, оларды реабилитациялаў, қайта бағдарлаў ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасында регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Додалаў процесинде адам саўдасына қарсы гүресиў тек ғана ҳуқық қорғаў уйымлары ямаса жынайый жуўапкершиликке тартыўға емес, ал профилактика, социаллық қорғаў, мийнет, миграция, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында муўапықластырылған мәмлекетлик сиясатқа да сүйениўи керек екенлиги атап өтилди.

Қатнасыўшылар мәмлекетлик уйымлар, пуқаралық жәмийети институтлары, халықаралық шөлкемлер ҳәм раўажланыў бойынша бирге ислесиўшилердиң өз-ара муўапықласқан ҳәрекетлери адам саўдасының алдын алыў ҳәм оның қурбанларын қорғаўдың ең әҳмийетли шәрти екенин атап өтти.

Орайлық Азия мәмлекетлери ўәкиллери адам саўдасынан жәбирленгенлер ҳәм қәўип топарына киретуғын мигрантларды қорғаў ҳәм оларға жәрдем көрсетиў, сондай-ақ, трансшегаралық бирге ислесиў механизмлерин буннан былай да жетилистириў бойынша әмелий бирге ислесиўди избе-из даўам еттириўге таяр екенин билдирди.

Сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлери арасында жәбирленгенлерди трансшегаралық бағдарлаў механизмлерин жетилистириў, ўәкилликли уйымлар арасында оператив мәлимлеме алмасыўды күшейтиў, қәнигелерди оқытыў бойынша қоспа бағдарламаларды иске қосыў ҳәм парламентлераралық сөйлесиўди системалы раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Әнжуман жуўмағында Орайлық Азия мәмлекетлери арасында адам саўдасының алдын алыў ҳәм әмелий бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеп беретуғын коммюнике қабыл етилди.