Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Көркем өнер академиясында усы биеналениң жумысына бағышланған баспасөз әнжуманы шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Көркем өнер академиясының басламасы менен 25 жылдан берли сырт мәмлекетлердиң мәмлекетимиздеги дипломатиялық ўәкилханалары, бир қатар министрликлер ҳәм уйымлар және мәкемелер менен биргеликте турақлы өткерилип киятырған бул Биеннале елимиз пайтахтын дүнья заманагөй көркем өнериниң орайларынан бирине айландырды.
Бүгинги күнде инсаният кең көлемли мәдений ҳәм технологиялық өзгерислер босағасында тур. Биз өтиў дәўирин - анық өтмиш ҳәм алгоритмлик келешек, инсан тәжирийбеси ҳәм жасалма интеллект, реаллық ҳәм симуляция арасындағы жағдайды басынан өткермектемиз. Бул жағдайды ўақыялар горизонты - артқа қайтып болмайтуғын, артта қалған дүньяға қайтыў мүмкин болмаған ноқат пенен салыстырыў мүмкин. Көркем өнер ушын бул образ цивилизациялық бурылыстың, яғный әдеттеги пикирлеў ҳәм дөретиўшилик формалары трансформацияға ушырап, өз орнын жаңаша түсиниў ҳәм дөретиў усылларына босатып берип атырған ўақыттың метафорасына айланады.
Ташкент заманагөй көркем өнер биенналеси бул жағдайды жәмийет технологиялық ҳәм мәдений өзгерислер горизонты астында турған күтиў моменти сыпатында көрип шығыўды усыныс етеди. Биз қутқарыў, мәнис ямаса жаңа сәйкеслик символына қарай ҳәрекет етип атырмыз - бирақ бул мақсетке алып баратуғын жолдың өзи шексиз анықсызлық аймағына айланып бармақта.
Биз еки дүнья ортасында, инсан ҳәм алгоритм, реаллық ҳәм симуляция, өтмиш ҳәм келешек аралығындағы демде жасап атырмыз. Бул ўақыт - ўақыялар горизонты.
Тарийхый цивилизациялар кесилиспеси болған Ташкенттиң бүгинги күнде "Ўақыялар горизонты"н бақлаў ушын идеал ноқатқа айланып атырғаны рәмзий мәниге ийе. Әсирлик дәстүрлер мегаполис сүўрети менен тутасқан бул қала өтмиш ҳәм келешек арасындағы өзине тән порталға айланбақта. Егер бурын бул жерге инсанлар баспана, суў ҳәм сая излеп келген болса, бүгинги дәўирлер тутасқан ўақытта биз инсан турмысының жаңа мәнис-мазмунларын излемектемиз ҳәм бул цивилизацияны белгисиз дәўир босағасында өз ҳәрекет бағдарын белгилеп алыўға ийтермелемекте.
Биенналеда қатнасыў ушын түрли мәмлекетлерден авторлар ҳәм дөретиўшилик жәмәәтлер төмендеги бағдарлар бойынша мирәт етилген:
- Модерн арт (реңли сүўрет, графика, мүсиншилик);
- “Contemporary art” (инсталляциялар, видео ҳәм фото арт, концептуал көркем өнер).
Биеннале шеңберинде, сондай-ақ, пүткил дүньядан заманагөй көркем өнер тараўында жумыс алып барып атырған илимпазлардың қатнасыўында "Ўақыялар горизонты" темасында халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтеди.
Биенале Өзбекстанның миллий мийрасын, заманагөй художниклериниң дөретиўшилигин глобал көлемде үгит-нәсиятлаў ҳәм заманагөй көркем өнерди раўажландырыўға қаратылған ең ири ҳәм абырайлы халықаралық илажлардан бири болып есапланады. Соның ушын бул көркем өнер әнжуманына елимиз ҳәм дүньяда қызығыўшылық үлкен. ХІ Ташкент халықаралық заманагөй көркем өнер биенналесинде быйыл дүньяның 33 мәмлекетинен 70 художник ҳәм куратор өз шығармалары менен қатнаспақта.
Буннан тысқары көркем өнер ықласбентлери ҳәм пайтахтымызға келген түрли дәрежедеги мийманлар Биеннале даўамында елимиздиң 40 художнигиниң дөретиўшилиги менен жақыннан танысыўы мүмкин. Биеналениң бағдарламасы көргизбе ҳәм илажларға бай. Биеннале шеңберинде республикамыз ҳәм сырт еллердиң дөретиўши ўәкиллериниң қатнасыўында кураторлық жойбарлар, заманагөй көркем өнердиң түрли бағдарларындағы дөретиўшилик жумыслар усынылады.
Соның менен бирге, сырт ел художниклери ҳәм кураторлары лекциялар оқыйды, шеберлик сабақларын өтеди. Самарқанд ҳәм Ташкенттиң дыққатқа ылайық орынларына саяхат шөлкемлестириледи.
Баспасөз әнжуманында көргизбелер Көркем өнер академиясының "Академия" галереясы, Орайлық көргизбелер залы, Ташкент фотосүўретлер үйи, Икуо Хираяма халықаралық мәденият кәрўан сарайы, Камаладдин Беҳзад атындағы Шығыс миниатюра көркем өнери музейи ҳәм Өзбекстан сүўретлеў көркем өнери галереясында болып өтетуғыны мәлим етилди.
Нодир МАҲМУДОВ,
“Yuz.uz” хабаршысы