Жоқары мәртебели мийманларды Сербия Республикасы
Президенти Александр Вучич, Биринши ханым Тамара Вучич, Халық жыйынының баслығы
Ана Брнабич, Бас министр Журо Масут ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.
Илажда Өзбекстан Президентиниң Сербияға дәслепки
рәсмий сапары еки мәмлекет арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан
былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеў ушын жаңа имканиятлар ашып атырғаны тарийхый
әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Өзбекстан ҳәм Сербия халықлары арасындағы байланыслар
дәстүрий дослық руўхында екени айрықша атап өтилди.
Өзбекстан делегациясының сапары мүнәсибети менен
"Кула Белград" бийик имараты Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик
байрағының реңлери менен жақтыландырылды.