Сөйлесиў алдында Өзбекстан ҳәм Қатар арасындағы жоқары дәрежедеги жедел сөйлесиўлер ҳәм системалы жумыслардың нәтийжесинде байланыслар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Бундай тығыз қатнасықлар еки тәреплеме дослық ҳәм бирге ислесиўди және де беккемлейтуғыны айрықша атап өтилди.
Ушырасыўда жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыў барысы көрип шығылды. Саўда-экономикалық, инвестициялық, социаллық ҳәм гуманитарлық тараўлардағы жойбарларды және де кеңейтиўге келисип алынды.
Жетекшилер глобаллық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты.