Бул нызам менен жуўапкершилиги шекленген жәмийетлердиң
жумысына заманагөй корпоратив басқарыў системасы енгизилип, тараўдағы ҳуқықый
бослықлар сапластырылып, жәмийет қатнасыўшыларының ҳуқықый кепилликлери және де
күшейтилип атырғанын атап өтиў керек.
Бул нызам 71 статьядан ибарат болып, рәсмий жәрияланған
күннен баслап 3 ай өткеннен соң күшке киреди.
Нызам жойбарын ислеп шығыўда жергиликли ҳәм сырт елли
экспертлердиң пикирлери, жәмийетшиликтиң усыныслары, алдынғы сырт еллердиң
тәжирийбеси инабатқа алынған.
Нызамда бир қатар жаңалықлар нәзерде тутылған. Атап
айтқанда:
1) Жәмийеттиң бақлаў кеңесиниң ўәкилликлери ҳәм оның
ағзаларын сайлаў тәртиби белгиленеди; Бул келешекте жүз бериўи мүмкин болған
тартыслы жағдайлардың алдын алыўға қаратылған.
2) жәмийеттиң бақлаў кеңеси тәрепинен сырттан даўыс бериў
(сораў) арқалы қарар қабыл етиў тәртиби анық белгилеп қойылмақта.
3) Нызамның әҳмийетли жаңалықларынан бири корпоративлик
басқарыўдың халықаралық әмелиятында бар болған жәмийеттиң бақлаў кеңеси
ағзаларының, жеке тәртиптеги ҳәм коллегиал атқарыўшы уйымлардың фидуцарлық
миннетлемелериниң белгиленгенлигинен ибарат.
4) Нызам менен жәмиет жумыс түрлери менен тек ғана лицензия
тийкарында емес, ал басқа да руқсат етиўши ҳүжжетлер тийкарында ҳәм хабардар
етиў тәртибинде де шуғылланыўы мүмкин екенлиги белгиленбекте. Бул олар әмелге
асыратуғын жумыс түрлериниң санын көбейтеди.
5) әмелдеги нызам ҳүжжетлеринде болмаған филиаллар ҳәм
ўәкилханалар, шуғылланыўшы және ғәрезли хожалық жәмийетлерин ашыў тәртиплери өз
алдына статьялар сыпатында белгиленбекте.