Сол тарийхый сапары Өзбекстандағы жаңаланыўлар дәўириниң басланыўы болды. Реформаларға тек ғана мәмлекет басшысы емес, ал усы елдиң ҳақыйқый пидайы перзенти сыпатында қол урылғанын бәлким, көпшилик сонда аңлап үлгермеген шығар. Тән алайық, жаңа дәўир реформаларына бираз гүман менен қарағанлар табылатуғын еди, сол ўақытларда. Нийет қаншелли қалыс, шын жүректен болса, нәтийже соншелли жоқары болатуғынына өткен қысқа дәўирде гүўа болып киятырмыз.
Президентимиз, "Көрип турсызлар, қарақалпақ жеринде жасап, мийнет етип атырған адамлардың ертеңи бүгиннен жақсы болыўы ушын үлкен шеклерди алғанбыз", деген еди. Бүгин мине усы бәлент алынған шеклер бирме-бир қолға киргизилмекте. Сонлықтан, ҳеш ойланбастан айтамыз, жаңа Өзбекстандағы өзгерислерди пүткил бой-бойы менен сезиў ушын Қарақалпақстанға сапар етиң! Нөкистен Аралдың қурыған ултанына шекемги шексиз кеңликти гезип, инсанлар менен сәўбетлесип, ертеңги күнниң режелери менен танысың!
Мақала басынан-ақ бундай деўимизге тийкарларымыз бар, әлбетте. Әдетте аналитиклер ҳәзирги күндеги реформаларға ўақыт өтип ҳақыйқый баҳа бериў мүмкин, дейди. Бул дурыс пикир, бирақ ҳәр қандай ҳақыйқатлықта да салыстырмалық бар. Айтпақшымыз, ҳәзирги жаңаланыўлардың пәтин ҳәзирги ўақыттың өзинде сезиў, соған қарап нәтийжелилигин болжаў мүмкин. Буның бирден-бир жолы - инсанлардың қәлбине қулақ салыў. Себеби, инсанлардың келешек режесине қарап, бүгинги күн ушын ҳақыйқый баҳа бериў мүмкин. Бул пикирди Аралбойы халқының социаллық-экономикалық турмысы мысалында талқылаўға ҳәрекет етип көрсек.
Өзгерислер дәўири
Он жыл бурын Нөкиске барған адам талапқа жуўап беретуғын мийманхана табыўда да қыйналатуғын еди. Хызметлер, шараяттан онша қанаатланбайтуғын еди. Себеби, буған зәрүрлик жоқ еди. Аралбойына мийман барыў түўе, жергиликли халық, әсиресе, жаслар және де қолайлы ҳәм экологиялық кризистен узағырақ қалаларға көшип кетиў қыялында жасар еди. Әне усындай бир ўақытта инсан қәдирин улығлаўға қаратылған жаңаланыўлар нәпеси кирип келди.
Қурғақ жерге суў келиўин ҳеш бақлағансыз ба? Бундай ўақытта суўдың тезлиги, көлемине қарамастан жерден өзине тән сес шығады. Тап жер алғыс айтып, қол шаппатлап атырғандай болады. Дәслеп, суўдың көп бөлеги жерге сиңеди. Сол жер тойынбағанша, кейинги мәнзиллерге жетерли дәрежеде ҳаўа райы бармайды. Тап сол сыяқлы жыллар даўамында жыйналып қалған мәселелерди шешиў, дерлик 40 миллион халыққа ийе халықты разы етип, бир мақсет әтирапында бирлестириў болса айтыўға ғана аңсат!
Жаңа Өзбекстанда он жыл ишинде әне усындай үлкен тарийхый ҳақыйқат жаратылды. Аралдың қурыған ултанындағы жасыл қапламалар экологиялық кризис ушын турмыслық шешим берди. Усының өзи-ақ үлкен тарийх жазыўға арзыйтуғын ўақыя. Жаңаланыўлардың избе-излиги болса ҳуқықый тийкарлар менен беккемленип барылды.
Мәмлекетимиз жетекшисиниң Аралбойына болған айрықша итибары себепли 2017-жылдан берли тек ғана Қарақалпақстан ушын 80 нен аслам пәрман ҳәм қарар қабыл етилди. Олардың орынланыўы қатаң қадағалаўға алынды.Нәтийжеде бул тарийхый ҳүжжетлер тийкарында Аралбойы халқы, соның ишинде, жаслар ушын пүткиллей жаңа ҳәм заманагөй орталық жаратып берилди. Исбилерменлик ушын турмыслық жеңилликлер берилип, қолайлы исбилерменлик орталығы пайда болды.
Аймақтың барлық имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў жолға қойылды. Ҳәттеки, бир ўақытлары қолайсызлық, машқала деп қаралған тәреплери де имканиятқа айландырылды. Орны келгенде айтыў керек, бундай шешимлер узақ жыллар даўамында мине усы халықтың ишинде жасап, оның дәртин жүректен өткерип, бәрқулла илажлар излеп жасаў нәтийжеси болып есапланады.
Әпиўайы мысал, шөл аймақларында да өзине тән туризм орынлары жаратылды. Тек ғана этно-аўылларды айтпайсыз ба. Қараң, Аралдың қурыған түбинде түнеп қалыў мүмкин екен, қумда күшли жөнелиссиз автомашиналарда сапар ҳәм экстремал саяхатлар усы ўақытқа шекем қыялымыздың бир шетинен де өтпеген еди.
Қарақалпақстанда соңғы 2 жыл ишинде туристлер ушын 10 нан аслам дем алыў орны шөлкемлестирилди. Атап айтқанда, Мойнақ районында ҳәзирги Арал теңизи бойында 1 миллион долларлық туристлер дем алыў орны шөлкемлестирилген. Бул ҳаққында төменде және тоқтап өтемиз.
Сапарымыз даўамында Мойнақ районына да бардық. Еки бойы кең дала болған тегис жолдан барар екенбиз, кеўил түпкиринен бир сораў көтериледи, сонша алыс мәнзилде де Мойнақлылар сабыр-тақат пенен жасап атыр ма?!
Бирақ Мойнаққа жетип, гөзлеген мәнзилге жақынласқан сайын бундай гүман орнын таңланыў, ҳәўес ҳәм толқынланыў ийелеп барады. Биз сегиз-тоғыз жыл бурын көрген Мойнақ усы ма, деймиз ериксиз. Бизди күтип алған үй ийелери сәлем берип, қол усыныўға үлгермей-ақ кеўлимиздеги толқынланыў ҳәм таңланыўымызды жүзимизден уғып алады. Бағанағы сораўымызға жуўап бергендей:
—Жаңылыспадыңыз, Мойнақты дурыс таўып келдиңиз! - дейди Мойнақ районы ҳәкиминиң орынбасары Мурат Жумабаев. - Биз қонақлардың таңланыўына үйренип кеткенбиз. Ҳәмме бирдей, бул жер ҳақыйқатында да Мойнақ па, деп сорайды.
Бул гәплерди Мурат Жумабаевтың қасында турған ақсақал тастыйықлап бас шайқайды. Соң өзин Қалдыбай Қалхоразов деп таныстырған нураный райондағы өзгерислер ҳаққында сөз етеди:
- Муратбай дурыс айтты, - дейди ақсақал салмақ пенен. - Көп жыллар мектепте муғаллим болғанман. Муғаллим деген баланың көзине қарап не айтпақшы болғанын билетуғын болып кетеди екен. Ол ўақытлары балалардың көзлеринде шаршаў көринетуғын еди. Мойнақтан алыс кетсем де, усы жақларда бахытымды тапсам деген пикирди уғындым. Жаслардың бундай кейпияты адамды ләрзеге салады. Сондай ўақытта ертең не болар екен, деген сораў жүректи өртейди-дә! Ҳәзир жасларға қарап кеўлим жадырайды. Олар оқып, үйренип, бул жерде үлкен-үлкен ислер ислеў ушын жасап атыр-дә! Президентимизге мың рахмет, Мойнаққа өмирди қайтарып берди. Ҳәр күни қалтасы пулға толған мийманлар саяхатқа келеди. Биреўи Европаданман десе, екиншиси Америкадан сөйлейди.
Аўа, Президентимиз Шавкат Мирзиёев алыс аймаққа барып, жаңаланыўларды баслап бергеннен соң, Мойнаққа пүткил дүньядан мийманлар келетуғын болды. Районның социаллық-экономикалық көриниси де түп-тийкарынан өзгерди. Бир қапталда жаңа китапхана. Азмаз алыста заманагөй спорт майданы, мәденият үйи, музыка мектеби, пайызлы базар ҳәм саўда орынлары толып-тасқан дүканлар... ҳәммеси абатлық, ел абаданлығынан дәрек береди.
Сапарымыз ўақтында Аралдың қурыған ултанына да барып, Президентимиздиң басламасы менен жаратылған жасыл қапламаның нәтийжелерине тиккелей гүўа болдық. Бул ҳаққында алдынғы мақаламызда да толық тоқтап өткен едик. Сонда Мойнақ районы орайына қайтып киятырғанымызда, алдымыздан онлаған жолды таңламайтуғын машиналар шықты. Қызығыўшылықтан жолдасларымыздан қандай да бир рәсмий илаж ямаса илимий үйрениў бар ма, деп сорадық. Билсек, олардың барлығында сырт елли мийманлар, Арал бойына дем алыў ушын кетип атырған екен. Мине бул әмелий жумыстың ҳақыйқый нәтийжеси делинеди!
Және бир мысал, Елликқаладағы Ақша көл бойында баҳасы 2,5 миллион долларлық туризм рекреациялық зонасы ҳәм Нөкис қаласында Ашшыкөл бойында баҳасы 500 мың долларлық туризм этно-аўылы шөлкемлестирилипти.
Усы жерде және бир факт. Нөкис қаласында "Қарақалпақ палас" жәмийети тәрепинен баҳасы 10 миллион долларлық жаңа мийманхана қурылып, пайдаланыўға тапсырылыпты. Итибарлы тәрепи, бул мийманхана елимиз тарийхында биринши мәрте Американың абырайлы мийманхана тармақларынан бири болған "Рамада бай Уиндҳем" бренди астында жумыс баслаған. Аўа, бүгин мине усындай ири, раўажланған мәмлекетлерден инвесторлар Қарақалпақстанға кирип келмекте.
Президентимиздиң инвесторларға кең имканиятлар берип, исбилерменлерди қоллап-қуўатлап атырғаны, Өзбекстанның дүньяға ашылғаны нәтийжеси бул!
Биз отырған самолёт Нөкистен Ташкентке қарай ҳаўаға көтерилип атырғанда усындай ойлар қоршаўында едим. Ерксиз самолёттың сонша жүк пенен ҳаўаға көтерилиўи ҳаққында ойладым. Буның бир қанша физикалық тәреплери бар. Ең әҳмийетлиси керекли дәрежеде аэродинамикалық күшти пайда етиў. Оны бир тәреп пенен аңлатып болмайды. Ҳаўа қарсылығы, мотор қуўаты, тезлик, өз ўақтында штурвалды тартыў - ҳәммеси ҳаўаға қәўипсиз көтерилиўди тәмийинлейди. Мәмлекеттиң раўажланыўы да тап сондай зийреклик, өз ўақтында дурыс қарар қабыл етиў, айырым мәселелерди сиясий ерк-ықрар менен жеңип өте алыўға байланыслы. Буны болса тек ғана күшли лидерлер ғана ислей алады ҳәм халық исенимине ериседи.
Экономикалық турақлылық ҳәм пикирлеўдеги өзгерислер
Жоқарыда бүгинги күнге ҳақыйқый баҳа бериў ушын жәмийеттиң әрманын билиў керек, деген едик. Ҳәзир қарақалпақстанлы жаслар оқып-үйрениў, илим ҳәм технологияларда халықаралық жетискенликлерди қолға киргизиў, исбилерменлик етиў, кәсип-өнер үйренип, шаңарағының жумысына жарамлы болыў сыяқлы әрманлар менен жасамақта.Булар әпиўайы әрман емес, кеше басланған жаңаланыўлардың, бүгинги нәтийжеси, ертеңги күнге болған беккем исенимниң белгиси болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта жәмийеттиң күнделикли тәшўишлери азайып, узақ жыллық режелер тийкарында жасай баслағанынан дәрек береди. Буған себеп болған реформалардың айырымлары ҳаққында анық фактлер ҳәм санлар арқалы тоқтап өтсек.
Қарақалпақстанның жалпы аймақлық өними 2017-жылы 13 триллион 500 миллиард сумды қураған еди. Өткен дәўир даўамында бул көрсеткиш 4 есеге өсти. Яғный усы жылдың басында 54 триллион сум ямаса 4 миллиард 500 миллион доллардан асты. Бундай үлкен секириў, әсиресе, Аралбойы сыяқлы экологиялық кризиске ушыраған аймақ ушын аңсат емес.
Мәмлекетимиз жетекшисиниң күни-түни тынымсыз мийнети, излениўи, Аралбойы халқына айрықша итибары себепли мине усы нәтийжелерге ерисилди. Қарақалпақстандағы исбилерменлерге айрықша имканиятлар жаратылды. Өндирислик потенциал арттырылды. Ҳәтте Мойнақ, Қанлыкөл сыяқлы алыс аймақларда инфраструктура түп-тийкарынан жақсыланды. Атап айтқанда, исбилерменлер ушын пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық, юридикалық тәреплердиң мүлк ҳәм жер салығы ставкалары 2 есеге азайтылды. Социаллық салық 1 процент етип белгиленди. Нәтийжеде 2023-2025-жылларда 17 мыңнан аслам исбилерменниң ықтыярында 567 миллиард сумнан аслам қаржы қалды. Және бир әҳмийетли фактор. Аймақта 7 жыл мүддетке 14 процентлик, 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен кредитлер берилиўи жолға қойылды. Санаат кәрханалары ушын электр энергиясынан 15 процентлик жеңиллик берилиўи нәтийжесинде 2500 ден аслам кәрхананың ҳәр айда орташа 4-5 миллиард сум қаржысы үнемленбекте.
Бундай имканиятлар себепли өндирис тармақлары кеңейип, жаңа жумыс орынлары жаратылмақта. Усы тәризде раўажланыў шеңбери пайда болмақта. Нәтийжеде халықтың жан басына туўра келетуғын жалпы аймақлық өнимниң көлеми 2017-жылдағы 7,5 миллион сумнан 26,5 миллион сумға жетти.
Әлбетте, қәниге болмаған ямаса экономиканы аз да болса түсинбеген адам ушын булар әпиўайы санлар болып көринеди. Бирақ азғана талқыласаңыз, ҳеш болмаса, жасалма интеллект имканиятын иске қосып, талқылаў ҳәм нәтийже сорасаңыз, сол суўық ақыл да ҳәр бир сан артында онлаған, жүзлеген инсанлардың тәғдири, абадан турмысы турғанын айтады.
Мәселен, сапарымыз ўақтында жақында ғана жумыс баслаған мийманханада мийман болдық. Нөкистеги халықаралық аэропорттан бир қәдемдеги бул қонақ жай мийманлар менен толы. Соған жараса хызмет те, ханалар шараяты да жоқары дәрежеде. Әҳмийетлиси, онда нөкисли халық ислеп, шаңарағын ҳадал ырысқы менен бағып атыр. Бурын Нөкисте санаўлы мийманхана болатуғын еди. Олардың да жағдайы айтарлықтай дәрежеде емес еди. Мийманханалардың көплиги экономика драйвери болған туризмниң күшейгенин, демек, материаллық турақлылықты аңлатады. Санларға итибар бериң: 2021-жылда Қарақалпақстанда жәми 61 мийманхана болған екен. Ҳәзир олардың саны 2 есеге көбейип, 109 ға жеткен. Әҳмийетлиси, бул көрсеткиш жыл сайын артып бармақта. Буны артықша тәрийплеўдиң кереги жоқ, мениңше.
Ҳәтте алыс, бир ўақытлары умыт қалған аймақ болған Мойнақта да қонақ үйлери, хостеллер пайда болыпты. Үлкен ҳәм заманагөй китапхана, IТге қәнигелескен орай мойнақлы жасларды бирлестирген. Исбилерменлер жумысын кеңейтип, ең жақсы инвестиция халықтың пайдасына жасаў деген идея менен жасамақта. Мине, усындай исбилерменлерден бири мойнақлы Аманжол Мәмбетов болып есапланады.
Елдиң раўажланыўына салмақлы үлес қосып атырған исбилермен: "Мақсетим Мойнақ халқы ушын жаңа жумыс орынларын жаратыў", дейди. Бул гәплерди ол тек тилде емес, әмелде орынлап келмекте. Мәселен, ҳәзир ол гезектеги ири жойбарын әмелге асырмақта. Мойнақ қаласы шетинде миллий колоритке ийе дем алыў орнына тийкар салып атыр. Бул жерде ол этно-аўыл қурады. Жойбар шеңберинде жергиликли ҳәм сырт елли мийманлар ушын барлық қолайлықлар жаратылады. Мойнақлылар балықшылық пенен де белгили болған. Исбилермен көл әтирапын жасыл мәканға айландырып, мийманларға бул жерде балық аўлаў имканиятын беретуғын дем алыў орнын қурмақшы. Бундай мысалларды және узақ санаў мүмкин.Айтпақшымыз, бүгин қарақалпақстанлылар имканият излеў, турмыслық мәселелерди шешиў сыяқлы темалардан әдеўир жоқарылап, ел-журтқа көбирек пайда келтириў ҳаққындағы режелер менен жасамақта.
Усы жерде киши пикир. Мәмлекет раўажланыўға бет бурыўы ушын жәмийет өзгериўи керек, деген көзқарас бар. Күшли лидерлер болса жәмийетти де өзгерте алатуғын күш, потенциал ҳәм пикирлеўге ийе болады. Жаңа Өзбекстандағы қысқа ўақытта әмелге асырылған үлкен реформалардың бир сыры усы. Яғный Президентимиз реформаларды әмелде орынлап, халқымызға исеним берди. Ойымызда өзгерис жасады.
Усы жерде балықшылық хожалығындағы жетискенликлер ҳаққында қысқаша тоқтап өтсек. Тараўды раўажландырыў мақсетинде "Қарақалпақбалық" ассоциациясы шөлкемлестирилип, көплеген жеңиллик ҳәм имканиятлар жаратылды. Қысқа ўақытта дерлик жоқ болып кеткен тараў қайтадан аяққа турды. Үлкен нәтийжелер атап өтилди. Бир ғана мысал, өткен 2 жылда 13 мың тоннаға шамалас балық аўланып, халқымыз дастурханына жеткерилди. Өткен 2025-жылдың өзинде 31 жаңа көл жаратылды. Сондай-ақ, 487 гектарда жасалма көллер қурылды. Усы тийкарда базарларымызда балық өнимлериниң баҳасы турақлы болыўына ерисилмекте.
Жақын-жақынға шекем Қарақалпақстан дегенде ҳәмме бирдей суў машқаласын еслер еди. Себеби, жағдай, турмыслық ҳақыйқатлық усындай еди. Сол себепли, балықшылықтың раўажланыўы ҳаққында айтыў, жүдә кеўилли түрде айтқанда, күлкили еди. Глобаллық дәрежеде, атап айтқанда, регионымызда да қурғақшылық қәўпи өз әҳмийетин жоғалтпағанын атап өтиў керек. Усындай бир жағдайда Аралбойы сыяқлы суў жетип барыўы қыйын аймақта балықшылықты раўажландырыў илим, пидайылық, тек сөзде емес, әмелде жаңаланыўларға умтылыўдан дәрек береди.
Мәмлекетимиз жетекшисиниң турақлы излениўлери, жумбақлы мәселени де шешимге айландыра алатуғын жоқары ой-пикири себепли ҳәттеки ең аўыр тараў болған балықшылық та раўажланды.
Усы жерде илимий тийкардағы анық реже ҳаққында және бир мысал келтирсек. Мәмлекетимизде егислик майданларын лазерли агрегат пенен тегислеўге айрықша итибар берилмекте. Буның ушын ҳәттеки жеңиллик те берилди. Яғный ҳәр бир гектар жерди лазерли тегислеўге жумсалған дизель жанылғысы қәрежети ушын 1 миллион сумға шекем мәмлекет тәрепинен қаплап берилмекте. Бундай ислеўден кейин жер алақандай тегис болып, аз ғана ҳаўа райын пүткил бир егислик майданға жеткериў мүмкин. Соның менен бирге суўғарыў ўақты да қысқарады. Булардың барлығы суўды үнемлейди. Үнемленген ресурс жаңа имканиятлар есиги дегени. Салма ҳәм каналлардың бетонланыўы, тараўға заманагөй технологиялардың енгизилгени сыяқлы көплеген тәреплер ҳаққында және бир мәрте тоқтап өтемиз.
Гәп социаллық-экономикалық орталық ҳаққында барғанда мәмлекетлик уйымлардың халыққа хызмет ете баслағанын айтыў зәрүр. Онда ең төменги буўын мәҳәлле системасының реформаланғанын айрықша атап өтиў керек. "Мәҳәлле жетилиги" ҳәр бир ўатанласымыздың ҳалынан хабар алып, оларды қыйнап атырған мәселелерге орнында шешим беретуғын системаға айланды.
Және бир әҳмийетли факт. Президентимиз 2023-жылы "Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў қорын шөлкемлестириў ҳаққында"ғы қарар қабыл еткен еди. Бул ҳүжжет тийкарында 452 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 миллион сумнан ажыратылатуғын болды. Яғный жәми 228 миллиард сум ажыратылып, мәҳәллелердеги социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды. Нәтийжеде, халқымызды бир неше жыллардан берли қыйнап киятырған ҳәм "Көше бийлери" тәрепинен көтерилген 2 400 ге шамалас машқалаға шешим табылған.
Усы жерде "Көше бийлери" ҳаққында да тоқтап өтсек. Алыс аўыллардағы барлық шаңарақлардағы шараятты, халықтың турмыс тәризин көше бийлери жақсы биледи. Әйне олар биринши болып халыққа жәрдем қолын созады. Себеби көше бийлери халқымыздың ҳақыйқый ақсақалы ҳәм кәтқудалары болып есапланады. Ҳәзир Қарақалпақстандағы көше бийлериниң көпшилиги 30-40 жылдан бери аўылында ақсақаллық етип, өз қәўиминиң сүйениши болып, той-мерекелердиң басында турған шахслар екен. Олар ҳәр қандай мәселе ҳәм машқаланы шеше алатуғын абырайлы инсанлар болып есапланады. Бундай турмыслық тәжирийбеден нәтийжели пайдаланыў нәтийжесинде халықтың реформаларға исеними беккемленбекте. Буны олар көтерген мәселелердиң оператив шешими табылып атырғанында да көриў мүмкин.
Жаңа Өзбекстанның мәҳәллелери ҳаққында және бир әҳмийетли гәп. Алыс қыслаў ҳәм аўылларда да қаладағыдай жасаў шараятын жаратыў мақсетинде Қарақалпақстандағы 32 мәҳәллеге "Жаңа Өзбекстан көринисиндеги мәҳәлле" статусы берилди. Оларды комплексли раўажландырыў бағдарламасы ислеп шығылды. Бул мәҳәллелердеги әмелий илажлар ушын 5 миллиард сумнан қаржы ажыратылған. Усы ўақытқа шекем бир мәҳәлле ушын миллиардлап пул ажыратылмаған еди.
Аралбойына сапарымыз ўақтында айырым мәҳәллелерде де болдық. Оларда аймақтың драйвер тараўы анықлап алынған екен. Айырым мәҳәллелер өнерментшилик, басқалары дийқаншылық ҳәм шарўашылыққа қәнигелескен. Әҳмийетлиси, халық умтылып, изленип ислемекте. Жуўапкерлер болса оларға жол көрсетип, жаратып берилген имканиятлар менен таныстырмақта. Көпшилик шаңарақларда бийкаршы адам жоқ. Балалар бақшада, мектепте. Бир ўақытлары үй-руўзыгершилик жумысынан артпайтуғын ҳаяллар бүгин жәмийеттиң белсенди ағзасына айланған. Бунда мектепке шекемги билимлендириў тараўындағы реформалардың орны оғада әҳмийетли.
Әпиўайы мысал, шаңарақта бир бақша жасындағы бала ананың пүткил бир күнин бәнт етеди. Мине усы тәрепи, ҳаял-қызлардың бирде-бир жумыс пенен шуғылланыўына жол қоймайды. Ашық айтыў керек, жақын-жақынға шекем көпшилик ўатанласларымыз, әсиресе, аўыл халқы балаларын бақшаға бериў ҳаққында әрман да етпейтуғын еди. Дәслеп, аўылларда бақшалар дерлик жоқ еди. Қарақалпақстан мысалында тараўдағы өсиў санларына итибар берсек.
2016-жылы Аралбойы балаларының 25 проценти бақшаға барған. Өткен қысқа дәўирде мәмлекет қарамағындағы 264 балалар бақшасында қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары орынланған. Нәтийжеде қамтып алыў 84 процентке жеткерилген. Қуўанышлы тәрепи, Қарақалпақстан бул бағдарда ең алдыңғы аймақлардан бирине айланған.
Бақша тек ғана анаға бос ўақыт жаратып беретуғын субъект емес. Ол баланы ҳәр тәреплеме камалға келтиретуғын, билим ҳәм дүньяға көзқарасын қәлиплестиретуғын дәргай. Усы мәнисте Аралбойы балаларының бақшаға барыўы интеллектуаллық келешек кепили де болып есапланады. Усы тәрепти мектеплер мысалында да мақтаныш пенен тилге алыў мүмкин. Соның ишинде, өткен жыллары 224 мектеп қурылған ҳәм толық оңланған. Соның есабынан мыңлаған жаңа оқыў орны ашылып, үш сменалы билимлендириў толық сапластырылған. Тан алыў керек, үш сменалы билимлендириўдеги сапа ҳаққында мақтанып болмайды. Онда тек санлар, ҳүжжетлер шырайлы болады. Себеби, тығызлық себепли сабақ ўақты қысқарған, бир күнде еки, үш классқа сабақ өтетуғын муғаллимниң диңкеси қурыған болады. Булар бир қарағанда киши тәрепи сыяқлы, бирақ халықтың кейпиятына, әҳмийетлиси келешек әўладтың илимий потенциалына айрықша тәсир етеди. Жаңа Өзбекстан, атап айтқанда, Қарақалпақстандағы реформалар көлеми билимлендириў тараўын да бирдей қамтып алды. Унамлы тәрепке өзгертип, жоқары нәтийжелиликке тийкар жаратылды.
Президентимиздиң сөзи менен айтқанда, жаңа Өзбекстан босағасы мектептен басланды. Оның үзликсиз даўамы болса, Үшинши Ояныў дәўирине тийкар салыўшы жаслардың және бир мәнзили - жоқары оқыў орынлары! Реформалар басланғанынан берли аймақтағы жоқары оқыў орынларының саны 6 дан 11 ге жеткерилди. Жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў көрсеткиши 2016-жылы 9 процент еди. Ҳәзир бул 55 процентке көтерилген. Булардың барлығында қарақалпақстанлы жаслар ушын ажыратылып атырған қосымша квоталар әҳмийетли тийкар болмақта. Аймақта өндирис көлеминиң кеңейиўи нәтийжесинде кадрларға талап артты. Сол себепли Президентимиздиң пәрманына тийкар 2022-2023 оқыў жылынан баслап ҳәзирги күнге шекем қарақалпақстанлы жаслар ушын қосымша 30 мың 700 орын ажыратып берилди. Бул да мәмлекет жетекшисиниң аймаққа қаратқан айрықша итибары, нәтийжеси болып есапланады.
Экологиялық мәселелер бар жерде инсанлардың саламатлығына байланыслы тәреплери де жүзеге шыға береди. Қарақалпақстанда бул мәселелер биргеликте шешиле баслады. Аралдың қурыған ултанында жасыл майдан жаратылмақта. Халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында да айрықша жумыслар басланды. Соның менен бирге медицина тараўының раўажланыўына да айрықша итибар берилди. Келиң, жақсысы санларға жүз бурайық.
Аралбойында 2023-2025-жылларда 253 миллиард 395 миллион сум есабынан 67 денсаўлықты сақлаў объектинде қурылыс-оңлаў жумыслары орынланған. Медицинаның раўажланыўына қаратылып атырған итибардың нәтийжесинде халық арасында кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм өлимшилик дәрежесин бир неше есеге азайтыўға ерисилген. Аймақ ушын әҳмийетли тәреплерден бири, дем алыў системасы кеселликлериниң азайыўы бақланбақта. Соның ишинде, бирлемши кеселлениў 2022-жылы ҳәр 100 мың халыққа салыстырғанда 42 мың 449ды қураған еди. Ҳәзир бул көрсеткиш 33 мың 294 ке түскен. Дем алыў системасы бойынша улыўма кеселлениў 100 мың халыққа 14 мың 798 ди қураған болса, ҳәзир 10 мың 50 ге түскен. Итибарлы тәрепи, бундай унамлы өзгерис турақлы сақланып қалмақта.
Және бир әҳмийетли тәрепи. Жаратылған имканиятлар нәтийжесинде усы күнге шекем Ташкент қаласында өткерилип келинген айырым қурамалы операцияларды усы жердиң өзинде өткериў имканияты жаратылған. Сондай-ақ, сырт елдиң тәжирийбели шыпакерлери Қарақалпақстанға келип, айырым қурамалы операцияларды өткермекте.
Сондай-ақ, 11 миллиард сум есабынан Тез жәрдем орайының аймақлық филиалы ушын имарат қурылып, пайдаланыўға тапсырылған. Орайды радио-байланыс қураллары ҳәм мебельлер менен тәмийинлеў ушын 8,5 миллиард сум ажыратылған. Соның менен бир қатарда, халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў, саламат бала туўылыўын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар қатарында туўыў комплекслери жаңаланып, заманагөй көриниске ийе болмақта. Булардың барлығы қарақалпақ елине қанат берип атыр. Ертеңги күнине исенимди беккемлемекте. Жоқарыда атап өткенимиздей, Аралбойы халқы үлкен арзыўлар, дөретиўшилик кейпияты менен жасамақта.
Аўа, Қарақалпақстандағы өзгерислер, реформаларды санап акырына жете алмайсыз. Әҳмийетли факт сонда, мәденият шын мәнисинде Аралбойынан басланбақта. Соңғы жыллардағы жаңаланыўлар тезлиги халықтың турмыс дәрежеси, экономикалық белсендилигин сезилерли дәрежеде арттырды. Экологиялық машқалалардың шешимин табыў, исбилерменлик, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаўдағы жаңаланыўлар турақлы раўажланыў ушын беккем тийкар жаратпақта. Әҳмийетлиси, бул өзгерислер халқымыздың сана-сезими, арзыў-нийетлеринде өз көринисин таппақта. Мине, усы фактордың өзи-ақ жаңа Өзбекстандағы избе-из реформалардың қаншелли өмир бағышлайтуғынын тастыйықлайды.
Салим ДОНИЁРОВ,
Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналист