Мәмлекетимиз басшысы қара металлургия қурылыс, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, автомобиль қурылысы, машина қурылысы, энергетика ҳәм электротехника санааты сыяқлы улыўма көлеми 50 миллиард доллардан аслам болған экономика тармақлары ушын тийкарғы шийки зат дәреклеринен бири екенин атап өтти.

Экономиканы технологиялық ҳәм инновациялық раўажланыў модельине өткериў ҳәм жалпы ишки өним көлемин 2030-жылға шекем 240 миллиард долларға жеткериў ушын экономиканың жыллық өсиўин кеминде 8-9 процентке жеткериў зәрүр. Бул процессте металлургия тармағын раўажландырыў турақлы шийки зат базасына, бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиўге сүйениўи керек.

Соның менен бирге, импортқа байланыслылық, өзине түсер баҳасы ҳәм энергия жумсалыўының жоқарылығы, санластырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў бойынша жумыслардың нәтийжелилиги төмен екенлиги көрсетип өтилди. Глобаллық турақсызлық ҳәм әҳмийетли халықаралық транспорт коридорларындағы логистика машқалалары шараятында бул мәселелер айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Соңғы он жылда елимиздиң лист-прокат, сортлы металл прокат, труба өнимлери ҳәм металл конструкцияларға талабы 3 есеге артып, 5,5 миллион тоннаға жеткен. Тек ғана қурылып атырған атом электр станциясы, 4-мыс байытыў фабрикасы ҳәм жаңа мыс еритетуғын завод ушын дерлик 2,5 миллион тонна листли прокат ҳәм арматура керек болады.

Келеси бес жылда улыўма баҳасы 180 миллиард долларлық жаңа өндирис қуўатлықлары иске қосылады, 27 миллиард долларлық инфраструктуралық жойбарлар әмелге асырылады, 800 мың шаңараққа мөлшерленген көп қабатлы турақ жайлар қурылады. Нәтийжеде 2030-жылға шекем металл өнимлерине болған жыллық талап 1,5 есеге артып, 8 миллион тоннадан артады.

Бүгинги күнде Бекабад металлургия комбинатында металл прокатының 40 проценти екилемши металлдан, қалған 60 проценти сырт ел шийки затынан ислеп шығарылмақта. Республикамыз бойынша ҳәр жылы 700 мың тонна қара металл сынығы алып келинип атырған комбинатта және 500 мың тоннаға шамалас металл сынығы жасырын айланыста қалмақта.

Усы мүнәсибет пенен қара металлардың айланысы менен байланыслы барлық процесслер электрон платформа арқалы реал ўақыт режиминде бақлап барылады. Тараўда саламат бәсеки орталығын ҳәм баҳаның турақлылығын тәмийинлеў, тәсиршең қадағалаў механизмлерин енгизиў мақсетинде Ҳүкиметте өз алдына жойбарлаў офиси шөлкемлестириледи. 1-августтан "Е-лом" электрон платформасын иске қосып, қара металл айланысын қадағалаў бойынша тапсырма берилди.

Атап өтилгениндей, елимизде 1,5 миллиард тонна темир рудасының резерви бар. Қытайлы бирге ислесиўшилер менен "Сурун-ата" кәниниң рудасын байытыў арқалы жылына 650 мың тонна усы шийки затты ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша келисимге ерисилди. Буннан тысқары, "Тебинбулақ" кәнин өзлестириў жойбары есабынан жылына 1 миллион тоннаға шекем полат ислеп шығарыў имканиятын жаратыў, Тәжикстан металлургия комбинатынан жылына 700 мың тонна темир рудасы шийки затын жеткерип бериў бойынша келисимди рәсмийлестириўди жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Ири жеке меншик кәрханалар кәнлерде геологиялық-излеў жумысларын алып барыў ҳәм шийки зат қазып алыўдан таяр өним ислеп шығарыўға шекемги толық технологиялық циклди шөлкемлестириўге таяр екенин атап өтип, олар ушын қолайлы шараят жаратыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы полаттың сапасын арттырыў ушын марганец ҳәм ферросилиций сыяқлы шийки затларға талап артатуғынын атап өтти. Жуўапкерлерге жасалма интеллект технологияларынан пайдаланған ҳалда перспективалы майданларды таллап, оларды байытыў ушын зәрүр болған темир рудасы ҳәм минераллар резервин көбейтиўге қаратылған геологиялық бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Металлургия тармағында 150 ге шамалас орта ҳәм киши жеке меншик кәрхана жумыс алып бармақта. Оларды турақлы шийки зат пенен тәмийинлеў ушын айрықша компания шөлкемлестирилип, шийки затты орайласқан түрде импорт етиў менен шуғылланады. Оған 200 миллион доллар ажыратылады, импорт шийки зат тек ғана биржа арқалы сатылады.

Мәжилисте металл өнимлериниң түрин көбейтиў, ири металлургия комбинатлары ҳәм жеке меншик кәрханалар кооперациясын беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Бүгинги күнде иске қосылған қуйыў-прокатлаў комплекси автомобиль қурылысы, арнаўлы техника, технологиялық үскенелер, турмыслық ҳәм аўыл хожалығы техникасы, қурылыс материаллары сыяқлы тараўларда улыўма баҳасы 1,5 миллиард долларлық өнимлерди өзлестириў имканиятын бермекте.

Жуўапкерлерге тигиссиз қубырлар, суўық прокат ислеп шығарыў, 3D баспа ҳәм металларды жоқары анықлықта қайта ислеў технологияларын енгизиў бойынша жойбарлар топламын таярлаў тапсырылды.

Бекабад металлургия комбинаты аймағындағы 90 гектар майданда таяр инфраструктураға ийе "Өзбекстан экологиялық технологиялар санаат парки" шөлкемлестириледи. Бул жерде қара металлургия тараўында илимий-изертлеў орайы (R&D) ҳәм халықаралық үлгидеги сертификат бериў бойынша заманагөй лаборатория шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, Самарқанд, Жиззақ, Наманган ҳәм Сырдәрьядағы ири металлургия кәрханалары әтирапында улыўма баҳасы 100 миллион долларлық кооперациялық жойбарлар бағдарламасын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Бул усы аймақларда қосымша қун шынжырларын кеңейтиў, жаңа өнимлерди локализациялаў имканиятын береди.

Мәжилисте металлургия тармағын санластырыў, жасалма интеллект технологияларын енгизиў мәселелери де додаланды. Алмалық кән-металлургия комбинатында жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыў арқалы операциялық қәрежетлер, өзине түсер баҳаны ҳәм энергия жумсалыўын азайтыў, мийнет өнимдарлығын арттырыў бойынша нәтийжелер бар екенлиги атап өтилди.

Металлургия кәрханаларында жасалма интеллект ҳәм санластырыў технологиясын енгизиў арқалы үскенелерден пайдаланыў нәтийжелилигин 20 процентке арттырыў, өнимниң өзине түсер баҳасын 10 процентке, энергия жумсалыўын 15 процентке азайтыў, техникалық хызмет көрсетиў ҳәм технологиялық тоқтап қалыўларды 20 процентке қысқартыў бойынша бағдарлама ислеп шығылады.

Металлургия санаатына "ақыл орайы" сыпатында Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы белгиленди. Сондай-ақ, тараўға Наўайы ҳәм Алмалық комбинатларының илимий орайлары, Технологиялық металлар комбинатының "Өзбекстан - Корея" илимий-технологиялық орайы, Ташкент техника университети, Наўайы кәншилик ҳәм технологиялар университети, Алмалық техника институты және "Москва полат ҳәм араласпалар институты"ның Алмалық филиалы бириктирилди.

Бул илимий мәкемелер ҳәм жоқары оқыў орынлары жаңа түрдеги материалларға болған талапты таллап, бул талапты қанаатландырыў ушын аймақлар кесиминде зәрүр жойбарлар ҳәм оптимал технологиялық шешимлерди, талап жоқары болған кадрлар таярлаў бағдарларын белгилеп береди. Ҳәр бир аймақ бойынша жыллық, үш ҳәм бес жыллық бағдарламалар ислеп шығылады.

Жаңа оқыў жылынан баслап Бекабад металлургия комбинатында Қара металлургия кафедрасы шөлкемлестириледи ҳәм дуал тәлим енгизиледи.

Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайына металлургия тармағындағы машқалалар ҳаққындағы мәлимлемелерди бирлестириў имканиятын беретуғын санлы платформаны иске қосыў ўазыйпасы қойылды. Сондай-ақ, илимий қолланбаларды қаржыландырыў ҳәм әмелиятқа енгизиў бойынша венчур қоры шөлкемлестириледи.

Мәмлекетимиз басшысы тараўда "технологиялық жетискенлик"ти әмелге асырыў зәрүр екенлигин атап өтип, қара металлургияның шийки зат базасын кеңейтиў, импортқа байланыслылықты азайтыў, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектти кеңнен енгизиў, жаңа өнимлер ислеп шығарыўды өзлестириў, жеке меншик сектор менен кооперацияны күшейтиўди тийкарғы ўазыйпалар сыпатында көрсетип өтти.

Мәжилисте тийисли уйымлар ҳәм аймақлар басшыларының есабаты тыңланды.