Дәстүрге айланған сөйлесиўлер исбилерменлерди қыйнап киятырған әҳмийетли
мәселелерди тиккелей үйрениў, олардың әмелий шешимлерин табыў ҳәм бизнес
орталығын және де жақсылаўда үлкен әҳмийетке ийе.
Болажақ алтыншы
ашықтан-ашық сөйлесиўге пуқта таярлық көриў мақсетинде 15-майдан баслап 50 ден
аслам министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллеринен ибарат республикалық штаб
шөлкемлестирилген. Штаб 24/7 режиминде үзликсиз жумыс алып бармақта.
Call-орай ҳәм
рәсмий ботлар арқалы исбилерменлерден 6 мыңға шамалас мүрәжат келип түскен.
Олардың 4,2 мыңнан асламы унамлы шешилди, 1,8 мыңға шамаласы көрип шығылыўы
даўам етпекте.
Таярлық
шеңберинде жуўапкер шөлкемлер тәрепинен 750 ден аслам ушырасыў өткерилип,
оларда 8,8 мыңнан аслам исбилермен қатнасты ҳәм 3,5 мыңнан аслам усыныс және
мәселелер билдирилди.
Бизнес-омбудсман
ҳәм Саўда-санаат палатасы тәрепинен шөлкемлестирилген 130 дан аслам ушырасыўда
болса 5,7 мыңнан аслам исбилермен қатнасып, 1,5 мыңға шамалас мәселени ортаға
таслады. Анықланған машқалаларды түп-тийкарынан шешиў ҳәм әмелдеги нызамшылықты
жетилистириў бойынша тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте
усыныслар ислеп шығылмақта.
Соның менен
бирге, республика бойынша 5 мың 72 исбилермен арасында сораўнама өткерилди. Ол
арқалы кәрханалардың нәтийжелилиги, инвестиция ҳәм инфраструктура тәмийнаты,
салық ҳәкимшилиги, сыртқы саўда және суд-ҳуқық тараўындағы мәселелер үйренилди.
Сораў
қатнасыўшыларының 93 процентин жергиликли жеке меншик кәрханалар қураған. Онда
саўда, хызмет көрсетиў, санаат, қурылыс ҳәм аўыл хожалығы тараўлары қамтып
алынды.
Таллаўлар
кәрханаларда мийнет өнимдарлығын арттырыў ҳәм өзине түсер баҳаны азайтыў
бойынша еле үлкен имканиятлар бар екенлигин көрсетти. Санлы платформалар,
жасалма интеллект, энергияны үнемлейтуғын технологиялар, жаңа өним ҳәм өндирис
усылларын енгизген кәрханаларда сатыў, бәсекиге шыдамлылық, мийнет ҳақы ҳәм
инвестиция көрсеткишлери жоқары болмақта.
Атап айтқанда,
кеминде үш нәтийжелилик илажын енгизген кәрханаларда өзине түсер баҳаны
төменлетиў итималы 4,1 есеге, мийнет ҳақыны жоқары пәтте арттырыў имканияты 2,1
есеге көп. Бирақ бундай илажларды үш ҳәм оннан артық бағдарда қолланып атырған
кәрханалардың үлеси тек ғана 11,6 процентти қураған. 28,5 процент кәрхана болса
бул бойынша ҳеш қандай илаж көрмеген.
Кәрханалардың 51
процентинде соңғы дәўирде жаңа өним, хызмет ямаса инновация енгизилмеген,
модернизация жумыслары әмелге асырылмаған. 40 процент кәрхана соңғы бир жылда
улыўма инвестиция киргизбеген, 29 процентинде келеси бир жыл ушын да бундай
реже жоқ. Кредит процентлериниң жоқарылығы, гиреў баҳасының төменлиги,
ҳүжжетлердиң көп екенлиги ҳәм кредит рәсмийлестириў мүддетлериниң узақ екенлиги
тийкарғы тосқынлықлар сыпатында көрсетилген.
Сораў
нәтийжелерине бола, кәрханалардың 38 проценти өзине түсер баҳаны азайтыў
илажларын көрмеген. 53 процентинде өним ҳәм хызметлердиң өзине түсер баҳасы
артқан. Оған тийкарынан шийки заттың баҳасы, энергия ҳәм логистика
қәрежетлериниң көбейиўи себеп болмақта. Сондай-ақ, 43 процент кәрхана энергияны
үнемлеў илажларын көрмеген, 49 проценти қайта тиклениўши энергия дереклеринен
пайдаланбайды.
Инфраструктура
тәмийнаты да исбилерменлерди қыйнап атырған тийкарғы мәселелерден бири болып
қалмақта. Сораўнамада исбилерменлер тез-тез үзилислер, күшлениў ҳәм басымның
төменлиги, лимит ҳәм тарифлер менен байланыслы мәселелерди атап өткен.
Сораў
қатнасыўшылары салық ҳәкимшилиги бойынша әҳмийетли реформалар әмелге
асырылғанын тән алған ҳалда, тексериўлер өткериў ҳәм қосымша қун салығын
қайтарыўға байланыслы процесслерде бар машқалаларды көрсетип өткен. Соның менен
бирге, исбилерменлердиң 94 проценти турақлылық рейтинги әмелиятының олардың
жумысына тәсирин жоқары баҳалаған.
Сораўда қатнасқан
кәрханалардың 22,3 проценти сыртқы саўда менен шуғылланады. Сырт елли
қарыйдарды табыў, өнимди сертификатлаў, логистика, финанслық қураллар, бажыхана
процесслери, базар ҳаққындағы мағлыўмат ҳәм маркетинг көнликпелериниң
жетиспеўшилиги экспорттағы тийкарғы тосқынлықлар сыпатында көрсетилген.
Суд-ҳуқық
тараўында тәжирийбели юридикалық жәрдем алыў имканияты ҳәм мәмлекетлик сатып
алыўлардың ашық-айдынлығы унамлы баҳаланған. Ҳәзирги ўақытта исбилерменлердиң
73 проценти мәжбүрий орынлаўдағы бюрократиялық процесслер бизнеске унамсыз
тәсир көрсетип атырғанын билдирген.
Мәмлекетимиз
басшысы келип түскен мүрәжатлар ҳәм сораў нәтийжелерин аймақлар және тараўлар
кесиминде терең таллап, исбилерменликтиң раўажланыўына тосқынлық етип атырған
системалы машқалалар бойынша анық шешимлер ислеп шығыў зәрүр екенлигин атап
өтти.
Кәрханалардың
нәтийжелилигин арттырыў, инновация ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды кеңнен
енгизиў, кредит ҳәм инфраструктура мәселелерин шешиў, салық ҳәкимшилигин
жетилистириў, экспортёрларды қоллап-қуўатлаў ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықый
қорғалыўын күшейтиў бойынша усыныслар таярлаў тапсырылды.
Ашықтан-ашық
сөйлесиўде көтерилетуғын ҳәр бир мәселе бойынша анық шешим, оны әмелге асырыў
механизми, жуўапкерлер ҳәм мүддетлерди белгилеў ўазыйпасы қойылды.