Бул бағдардағы додалаўлар еле де даўам етип атырған бир ўақытта болса және де қатаңырақ тәртип әмелге киргизилди - енди усы жылдың 1-апрельинен камералар да қағыйдабузарлықлар ушын жәрийма балларын есаплаўды баслады.
Кейинги күнлерде бул ўатанласларымыздың тийкарғы
сәўбет темаларынан бирине айланғанының себеби сонда. Тек ғана айдаўшылар емес,
ал автомобиль басқармайтуғын инсанлар да буны қызғын додаламақта. Усы ўақытқа
шекем жәрийма баллары тек ғана ЖПХ инспекторлары тәрепинен жазылған болса, енди
арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео жазыў системалары арқалы анықланған
тийисли жол ҳәрекети қағыйдабузарлықлары ушын да жәрийма баллары есапланатуғыны
көпшиликти қәўетерге салмақта. Пикир билдириўшилердиң бир бөлеги жаңа система
айдаўшылар ушын қосымша басым екенин айтып атырған болса, базылары бул жолларда
ҳәрекетленип атырған автомобиль ийелерин тәртипли, қырағырақ болыўға
шақыратуғынын атап өтпекте.
Негизинде бул системаның әмелиятқа енгизилиўи
ҳаққында алдыннан хабардар едик. Өткен жылдың 1-июнь сәнесинен баслап ЖПХ
инспекторы тәрепинен жәрийма балларын жазыў басланған соң, кейин ала камералар
да балларды жазатуғыны ҳаққында хабар берилген еди. Ҳүкиметтиң тийисли қарары
менен енгизилген жаңа система жоллардағы қопал қағыйдабузарлықларды анықлаў ҳәм
олардың алдын алыў ушын зәрүр екени айтылған. Бул айдаўшылардың тәртибин күшейтиў,
жолларда қәўипсизликти тәмийинлеў, қағыйдабузарлық артынан жүз бериўи мүмкин
болған бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў ҳәм жол ҳәрекети мәдениятын арттырыўға
қаратылған әҳмийетли илаж екени атап өтилмекте.
Мағлыўматларға бола, 2024-жылы Өзбекстанда 9 364 жол
транспорт ҳәдийсеси дизимге алынған. Олардың үлкен проценти айдаўшылардың жол
ҳәрекети қағыйдаларына итибар бермеўи ақыбетинде келип шыққан. Биреўдиң
қағыйдаларға итибарсызлығы басқа биреўдиң өмирин қәўипке салыўы ашынарлы,
әлбетте. Баллар системасы болса ҳәр бир айдаўшының жеке жуўапкершилигин
арттырыўы керек. Таллаўларға бола, елимизде жәрийма балларын есаплаў
басланғанынан соң 2025-жылдың өзинде айдаўшының айыбы менен жүз берген
автоавариялар 34 процентке азайған.
Телефоннан пайдаланғаны ҳәм қәўипсизлик
ременин тақпағаны ушын баллар есапланбайды
Солай етип, 1-апрельден мәмлекетимиз көшелериндеги
камералар тийисли қағыйдабузарлықлар ушын жәрийма балларын есаплаўды баслады.
Айдаўшылардың көпшилиги буннан наразы болыўды да умытып, дәрҳал сергекленип,
имканияты болғанынша қағыйданы бузбаўға ҳәм жәрийма балларын алмаўға ҳәрекет
етип атырғаны, бул ҳаққында бир-бирин ескертетуғынына гүўа болмақтамыз. Гәп
сонда, жәрийма баллары тек ғана айдаўшыға берилетуғын баҳа емес. Олар ушын
жәрийма төлемлери өндирилмесе де, ҳәр бир топланған балл қатаң илажларға алып
келеди. Автомобиль ийеси баллар себепли ҳәтте ўақытша айдаўшылық ҳуқықынан
айырылыўы да мүмкин.
Бирақ буның ушын жыл даўамында 12 балл топлаў керек.
Әлбетте, бул унамлы ҳәрекетлер ушын берилетуғын баллар емес, ал ҳәр бир жол
ҳәрекети қағыйдабузарлығы себепли айдаўшының есабына жазып барылатуғын санлар
болып есапланады. Балларды қолланыў ҳәм есаплаў тәртиби Министрлер Кабинетиниң
тийисли қарары менен белгиленген. Жәрийма баллары айдаўшылар
қағыйдабузарлықларды биринши мәрте ислегеннен баслап кейинги жыл сол күнге
шекем әмел етеди ҳәм “E-jarimaball”
системасы арқалы инсан факторысыз автоматластырылған тәртипте дизимге алынып
барылады. Айдаўшылар өз балларын усы система арқалы ямаса рәсмий мобил қосымша
жәрдеминде еркин бақлап барыўы мүмкин. Мағлыўматта топланған жәрийма баллары
менен бирге, қабыл етилген қарар номери ҳәм сәнеси сыяқлылар да көринеди.
Баллар қағыйдабузарлық дәрежесине қарап 0,2 баллдан 2
баллға шекем тәртипте есапланады. Мәселен, тезликти асырыў 0,5 баллдан 2 баллға
шекем (асырыў дәрежесине қарап), қызыл шырақта өтиў 1 балл, жол транспорт
ҳәдийсеси орнын таслап кетиў 2 балл жазылыўына себеп болады ҳәм тағы басқалар.
Мине усы санлар топланып бир жыл ишинде 12 баллға жеткенде болса, айдаўшыға
"Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында"ғы кодекс статьялары тийкарында
тийисли тәртипте жаза шаралары қолланылып, 6 айдан кем болмаған ҳәм 3 жылға
шекемги мүддетке айдаўшылық гүўалығынан айырылады.
Адамларды тәшўишке салып атырған мәселе де сонда. Бир
жыл ушын 12 балл жүдә аз сыяқлы, күтилмегенде жүз беретуғын қәлеген жол
ҳәрекети қағыйдасы да бул балларды топлаўға себеп болыўы мүмкинлигинен көпшилик
қәўетерде. Ҳәттеки социаллық тармақлар арқалы "енди бақлаў камералары
пиядаға жол бермеў, қәўипсизлик ременин тақпаў, телефондан пайдаланыў сыяқлы
қағыйдабузарлықлар ушын да жәрийма балл жазады" мазмунындағы мағлыўматлар
тарқалып, түсинбеўшиликлерге себеп болмақта.
- Жәрийма баллары бойынша социаллық тармақларда
тарқалып атырған айырым мағлыўматлар надурыс болып, ҳақыйқатқа туўра келмейди, -
дейди Өзбекстан ИИМ Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти ЖПХ мәлимлеме хызмети баслығы Зойир Йулдошев. ️ Ҳүкиметтиң
тийисли қарары менен "Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында"ғы кодекстиң
12 статьясына бола қопал түрдеги қағыйдабузарлықлар ушын жәрийма баллары
белгиленген. Айтайық, светофордың қызыл шырағында ҳәрекетлениў, рухсат
етилмеген жерде тоқтап турыў, тезликти белгиленген нормадан асырыў сыяқлылар
тиккелей инсан факторына байланыслы ҳәм тилекке қарсы, бундай
қағыйдабузарлықларды турақлы түрде ислеп киятырғанлар бар. Бирақ социаллық
тармақларда келтирилип атырғанындай, пиядаға жол бермеў, қәўипсизлик белбеўинен
пайдаланбаў, телефоннан пайдаланыў сыяқлы қағыйдабузарлықлар ушын жәрийма
баллары жоқ. Бирақ бул түрдеги қағыйдабузарлықлар жеңил екенлиги ҳәм оларды
қәлегенинше әмелге асырыў мүмкин екенлигин аңлатпайды.
Жәрийма баллары айдаўшылар арасында
бөлистирилиўи мүмкин
Енди камералар белгиленген қағыйдабузарлықлар ушын
жәрийма балларын жазатуғыны түсиникли. Бирақ қағыйдабузарлық дизимге алынған
автомобиль ишинде мүлк ийеси емес, ал басқа адам болса-ше? Тәбийғый, камера
айдаўшының шахсын анықлап, оның өзине жәрийма баллын есаплай алмайды. Әйтеўир
ҳәзирше бундай система жолға қойылмаған. Солай екен, басқа биреў ислеген
қағыйдабузарлық ушын автомобиль ийесиниң атына жәрийма балы жазылыўы қаншелли
орынлы?
Кейинги күнлерде жаңа системаға байланыслы ең көп
берилип атырған сораўлардың бири де усы болмақта. Яғный машина ийеси басқа,
рульде болса басқа адам болған жағдайда жәрийма балы ҳақыйқый ҳуқықбузарға
жазылыўы қай тәртипте әмелге асырылыўы, улыўма, бул жағдай системада нәзерде
тутылған ямаса тутылмағаны көпшиликти қызықтырмақта. Жуўапкерлер бундай
жағдайда жуўапкершиликти автомобилди басқарған пуқараға тапсырыў тәртиби ислеп
шығылғаны ҳәм талапкерлер тийисли тәртип тийкарында оны әмелге асырыўы мүмкин
екенлиги бойынша социаллық тармақлар арқалы түсиниклер бермекте.
Атап өтилиўинше, жаңа тәртипке тийкарланып, жәрийма
балларын бөлистириў механизми де енгизилмекте. Оған бола, транспорт қуралын
оның ийеси емес, ал басқа шахс исеним хаты, қамсызландырыў полиси ямаса жол
қағазы тийкарында басқарған болса, жәрийма баллары әйне қағыйданы бузған
айдаўшыға жүклениўи мүмкин.
- Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары менен жәрийма
балларын транспорт қуралын басқарған айдаўшыға қолланыў ушын автомашина ийеси
тәрепинен электрон арза тапсырыў тәртиби белгиленген, - дейди Зойир Йулдошев. ️Қағыйдабузарлық
ушын жуўапкершиликти басқа шахсқа өткериў хызмети бирден-бир интерактив
мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz)
ямаса Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң
мобил қосымшасы арқалы арза жибериў түринде әмелге асырылады. Буны my.gov.uz мысалында
түсиндирип берейин. Дәслеп транспорт қуралының ийеси, яғный мүлк ийеси
тәрепинен жеке кабинети арқалы арза киргизилип, басқарыў ҳуқықын алған шахс өз
миннетлемелерин электрон санлы қолтаңба ямаса “Face ID” арқалы тастыйықлаўы керек.
Бул хызмет ушын БЕМниң 10 проценти, арза my.gov.uz арқалы тапсырылғанда болса 9 проценти муғдарында жыйым
өндириледи. Буннан соң киргизилген арза ЖҲҚХның ҳәкимшилик әмелият модулине
келип түседи ҳәм белгиленген мүддетлерде көрип шығылып, тастыйықланғаны ямаса
бийкарланғаны ҳаққындағы хабар пуқараға электрон система ҳәм СМС хабарнама
арқалы жибериледи. Жуўапкершиликти қабыл етип алыўшы да буны тастыйықлаўы
керек. Буннан кейин қурылмалар тәрепинен анықланған тийисли
қағыйдабузарлықлардың жәрийма баллары басқарыўды қабыл еткен айдаўшыға
қолланыла баслайды.
Бул хызметтен пайдаланыўда социаллық реестрдегилер
ҳәм I ҳәм II топар майыплығы болған
шахслар ушын төлемлерде 50 процент шегирме бар. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм жолаўшы
тасыўшылар ушын болса өз хызметкерлерине жуўапкершиликти рәсмийлестириў бийпул.
Айдаўшылық гүўалығын қайтарып алыў ушын
қайта имтихан тапсырылады
Қағыйдабузарлықлар ушын жуўапкершиликти кимниң
мойнына алыўын автомобильдиң ийеси өзи шешеди. Бирақ жуўапкер ким болыўына
қарамастан, қағыйдабузарлықлар ушын жәрийма баллары есапланыўда даўам етеди.
Егер бир жыл ишинде баллар саны 8 ден асса, айдаўшыға СМС арқалы ескертиў
жибериледи. 12 балл топланғанда мағлыўмат ҳәкимшилик шара көриў мәселесин көрип
шығыў ушын судқа жибериледи. Айдаўшы судта протокол үстинен шағым бериўи
мүмкин, тийкарлы болса, қарар ҳәм баллар бийкар етиледи. Керисинше жағдайда
болса айдаўшы 6 айдан 3 жылға шекемги мүддетке айдаўшылық гүўалығынан
айырылады.
Адамларды айдаўшылық ҳуқықынан айырылған пуқара
қандай тәртипте және гүўалықты қайтарып алыўы, оның шәртлери қандай болатуғыны
ҳаққындағы сораўлар да қызықтырмақта. Жуўапкерлердиң айтыўынша, пуқара
гүўалықты қайтарып алыў ушын қайтадан имтихан тапсырыўына туўра келеди.
- Министрлер Кабинетиниң 2018-жылдағы тийисли
қарарында автомототранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылған шахслар
миллий айдаўшылық гүўалығын қайтарып алыў ушын, айырыў мүддетине қарамастан,
ҳәкимшилик жаза мүддети жуўмақланғаннан соң, мәжбүрий медициналық тексериўден
өтиўи, теориялық ҳәм әмелий имтиханларды қайта тапсырыўы шәрт екени
көрсетилген, -
дейди Зойир Йулдошев. -
Демек, пуқараның айдаўшылық ҳуқықы теориялық ҳәм әмелий имтиханлардан өтиў тийкарында қайтарып алынады. Және бир тәрепи, әмелдеги тәртипке бола,
айдаўшылық ҳуқықынан айырылған шахс усы ҳуқықты қайтарып алыў ушын теориялық
имтиханларда 20 дан 18 емес, ал 50 сораўдан 46 сына дурыс жуўап бериўи талап
етиледи. Сонлықтан, айдаўшылар, бәринен бурын, өзи ҳәм басқалардың
қәўипсизлиги, қалаберди, айдаўшылық ҳуқықынан айырылып қалмаўы ушын да жол
ҳәрекети қағыйдаларына қатаң әмел етиўи мақсетке муўапық болады.
Яғный енди айдаўшылар баллар системасына бейимлесип
ғана қалмастан, жолларда ҳәрекетленгенде тәртип-интизам ҳәм сергекликти
арттырыўы керек. Себеби система әмелиятқа енгизилди ҳәм камералар жәрийма
балларын дизимге алыўды баслады. Абайсызлық себепли 12 балл топланып қалса,
жәрийма пулы менен қутылып болмайды, кеминде алты ай айдаўшылық гүўалығынан
айырыўға туўра келеди.
Тәртипли айдаўшылар ушын болса жеңилликлер ҳәм
хошаметлер бар. Мәселен, егер айдаўшы бир жыл ишинде улыўма қағыйдабузарлық
ислемесе ҳәм балл топламаса, хошаметлеў сыпатында гезектеги жылда жазылған
биринши жәрийма баллы есапланбайды. Егер жыл даўамында биринши баллды топлап,
оннан кейин улыўма қағыйдабузарлық ислемеген жағдайда да кейинги жылда алған
биринши балл шегирип тасланады. Сондай-ақ, айдаўшы ақырғы ҳуқықбузарлығы ушын
жәрийма есапланған ўақыттан баслап 6 ай даўамында улыўма қағыйдабузарлық
ислемесе, улыўма топлаған балларынан 2 балл шегириледи.
Бир жыл ишинде жәрийма баллары 12 баллға жетпесе,
айдаўшыға нызамлы жаза шарасы қолланылмайды ҳәм оған шекем топланған баллары
келеси жыл дәўири ушын есапланыўына жол қойылмайды. Кейинги жылдан жәрийма
балларын есаплаў жаңадан басланады. Булар да айдаўшыға қосымша жеңилликлер
берилип, баллар системасы жаза шарасы емес, ал жоллардағы қәўипсизликти
тәмийинлеўге қаратылғанын көрсетеди.
Ирода ТОШМАТОВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы