50 жастан асқан 2 мыңнан аслам адамды 15 жыл даўамында бақлаған изертлеўшилер усындай жуўмаққа келди.
Изертлеў нәтийжелерине бола, ҳәр күни кеминде бир порция апельсин жеген адамларда кеселликтиң соңғы басқышына өтиў қәўпи бул мийўени улыўма пайдаланбаған адамларға салыстырғанда 60 проценттен көбирек аз болған, деп жазады MedikForum.ru.
Илимпазлар бундай эффектти цитрус мийўелер қурамындағы тәбийғый антиоксидантлар - флавоноидлар менен байланыстырады. Бул бирикпелер исиниўди кемейтиўге, көз тор пердеси клеткаларын жас өзгерислеринен қорғаўға хызмет етеди. Изертлеўшилердиң айтыўынша, ҳәптесине бир апельсинниң өзи көзге сезилерли пайда келтиреди.
Жасқа байланыслы макула дегенерациясы көбинесе көринислердиң бузылыўы ҳәм орайлық көриўдиң жаманласыўы менен көринеди, бул ўақыт өтиўи менен оқыў, автомобиль басқарыў ҳәм жүзлерди таныўдың аўыр қыйынласыўы мүмкин.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, көз саламатлығы ушын тек ғана цитрус мийўелерди тағамға киргизиў емес, ал улыўма, витамин ҳәм антиоксидантларға бай болған тең салмақлы аўқатланыўға әмел етиў, офтолмолог тексериўинен турақлы өтиў зәрүр.