Онда жазыўшылар, шайырлар, әдебияттаныўшы илимпазлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Аўқам баслығы Сирожиддин Саййид жыйналғанларды 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы нызамы қабыл етилгениниң 35 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлады. Мәмлекетимизде алып барылып атырған реформаларда басқа да тараўлар қатарында ана тилимизди сақлаў ҳәм раўажландырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Өткен дәўирде қарақалпақ тилин буннан былай да байытыўға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.Атап айтқанда, қарақалпақ тилиндеги жаңа сабақлықлар менен қолланбалардың, көркем-әдебий китаплардың басып шығарылып атырғаны, илимий әнжуманлар ҳәм басқа да илажлардың шөлкемлестирилип атырғаны, Нөкис қаласында Ибрайым Юсупов атындағы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнин терең үйретиўге қәнигелескен дөретиўшилик мектебиниң ашылғанын атап өтиў мүмкин. Жазыўшылар қыябанында қарақалпақ шайыр ҳәм жазыўшыларының естеликлериниң орнатылыўы кеўиллерге мақтаныш сезимлерин инәм етеди. Илажда шығып сөйлегенлер ана тилимизди буннан былай да раўажландырыў, миллий үрп-әдет ҳәм қәдириятларымыздың абырайын буннан былай да арттырыў ҳәм оларды кеңнен үгит-нәсиятлаў, жас әўладты ўатансүйиўшилик, миллий дәстүрлеримизге садықлық руўхында тәрбиялаўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти. Байрам илажында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Жеңисбек Пиязов тәрепинен атқарылған қосықлар жыйналғанларға заўық бағышлады.
Ташкент қаласында Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн кең түрде белгиленди
Усы жылдың 29-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгениниң 35 жыллығы мүнәсибети менен Ташкент қаласындағы Жазыўшылар қыябанында орнатылған Бердақ естелигине гүл қойыў мәресими ҳәм Жазыўшылар аўқамында руўхый-ағартыўшылық байрам илажы болып өтти.
1-ноябрьден халықаралық курьерлик жибериўлери ушын бажыхана жыйымы 20 процентке азайтылады
- Эль-Ниньо Дүнья океанының рекорд дәрежедеги ысыўына себеп болды
- Китапқумар әскерлердиң әскерий хызмети бир айға қысқартылыўы мүмкин
- Жәрдемге мүтәж шаңарақларға ноябрь айында 1 млн сумнан бир мәртелик жәрдем бериў усыныс етилмекте
- Өзбекстанлы шыпакер Ташкент-Сеул рейсинде ҳаялдың өмирин сақлап қалды
- Мәмлекетимиз басшысы Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңес саммитинде қатнасады
Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен тәлим-тәрбия системасында айрықша өрнек көрсеткен хызметкерлерден бир топарын сыйлықлаў ҳаққында
- Президентимиз билимлендириў тараўындағы реформалардың нәтийжелери ҳәм заманагөй илимий инфраструктура менен танысты
- Аграр тараўда субсидия ҳәм қамсызландырыў системалары жетилистириледи
- Өзбекстанда 1-октябрьден абаданластырыў ҳәм тазалықты тәмийинлеў бойынша еки айлық акция басланады
- Жиззақ ўәлаятында жаңа тас дәўири мәкан жайлары ҳәм петроглифлер анықланды
- Мектеп ҳәм жоқары билимлендириўди реформалаў бойынша гезектеги ўазыйпалар көрип шығылды