16-сентябрь күни Пусан қаласында Халықаралық финанс орайлары дүнья
жүзилик альянсының (WAIFC) жыллық мәжилиси шеңберинде қол қойылған
меморандум нусқаларын алмасыў мәресими болып өтти. Мәресимде Өзбекстан
Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң кеңесгөйи Алексей Сим
қатнасты.
Меморандумда турақлы ҳәм санлы қаржыландырыў тараўында бирге ислесиўди
раўажландырыў, халықаралық финанс орайларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бойынша
алдынғы тәжирийбе алмасыў, биргеликтеги изертлеў ҳәм билимлендириў
бағдарламаларын әмелге асырыў нәзерде тутылған.
Тәреплер,
сондай-ақ, Ташкент ҳәм Пусан қалаларына қаржы институтлары, халықаралық
компаниялар ҳәм профессионал хызмет көрсетиўшилерди тартыў бойынша бирге
ислесиўди кеңейтиў нийетинде.
Меморандум ТХФО”ның
“WAIFC” толық ҳуқықлы ағзасы сыпатында қабыл етилгенинен кейинги биринши еки
тәреплеме шериклик келисимине айланды.