Әййемги Бухара әййемнен өзиниң уллы тарийхый, архитектуралық ҳәм мәдений қәдириятлары менен белгили болып, әсирлер даўамында илим, ислам дини ҳәм мәнаўият орайларынан бири болып келген. Жасы 2,5 мың жылдан аслам болған қаланың тарийхый орайына 1993-жылы ЮНЕСКОның Пүткил жер жүзилик мийрасы объекти статусы берилди.
Жоқары мәртебели мийман Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен биргеликте дәслеп Баҳаўаддин Нақшбанд мақбарасын зыярат етти.
Комплекс ислам дүньясының уллы зыярат етиў орынларынан бири. Ол "Нақшбандия" тариқатының тийкарын салыўшысы Баҳаўаддин Нақшбандтың жерленген орнында қәлиплесип, бүгинги күнде мақбара, ханақаҳ, мешит, некропол ҳәм суфизм тарийхы музейин өз ишине алған. Баҳаўаддин Нақшбандтың "Дил ба ёру, даст ба кор" деген ийгиликли сүрени инсанды мийнетке, руўхый пәкликке шақыратуғыны айрықша атап өтилди.
Буннан соң, саманийлер мақбарасы зыярат етилди.
Бул естелик пискен гербиштен қурылған Орайлық Азиядағы ең әййемги имаратлардан бири болып есапланады. Ол IX әсир ақыры - X әсир басларында Саманийлер мәмлекетиниң тийкарын салыўшы ҳәм биринши ҳүкимдары Исмайыл Саманий тәрепинен шаңарақ қәбирстаны сыпатында қурылған.
Оның архитектуралық көринисинде тек ғана ислам дәстүрлери емес, ал исламға шекемги дәўир, соның ишинде, суғд мәдениятының элементлери де өз көринисин тапқан. Қуяш нурының түсиўине қарап, мақбара нағыслары түрли реңде ойнағаны, куб ҳәм гүмбез көринисиндеги имарат композициясында Жер ҳәм Аспан бирлиги символикалық тәризде сәўлеленгени атап өтилди.
Дийўалларының қалыңлығы дерлик еки метрге жеткени, гербишлериниң сапасы жоқары болғаны себепли бул бийбаҳа естелик ҳәзирги күнге шекем жақсы сақланған.
Мавзолейлерди зыяратлаў ўақтында Қуран оқылды. Өткенлердиң руўхы ушын, халықларымызға тынышлық-парахатшылық тилеп пәтия етилди.