Өзбекстан 2020-жылдан баслап ЕАЭА жумысында бақлаўшы мәмлекет сыпатында қатнаспақта. ЕАЭА мәмлекетлери (Армениядан тысқары) Өзбекстанның тийкарғы саўда-экономикалық шериклери қатарына киреди. Атап айтқанда, Өзбекстан экспорт етиўши мәмлекетлер арасында Россия 1-орын, Қазақстан 3-орын, Қырғызстан 7-орын, Беларусь 12-орынды ийелеп келмекте.

Өзбекстанның ЕАЭА мәмлекетлери менен саўдасы еркин саўда тәртибинде алып барылмақта.

Өз-ара саўда көрсеткишлери.

2025-жылдың жуўмағы бойынша Өзбекстанның сыртқы саўдасында ЕАЭА мәмлекетлериниң үлеси улыўма товар алмасыўда 24,8 процентти, экспортта 20,3 процентти ҳәм импортта 28,1 процентти қурайды.

2017-2025-жылларда Өзбекстанның ЕАЭА мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми 2,8 есеге, яғный 7,2 миллиард доллардан 20,2 миллиард долларға, экспорт 2,1 есеге, яғный 3,3 миллиард доллардан 6,9 миллиард долларға, импорт 3,4 есеге, яғный 3,9 миллиард доллардан 13,3 миллиард долларға өсти.

Өзбекстанның ЕАЭА мәмлекетлери менен товар алмасыўының тийкарғы көлеми Россия - 64,4 процент ҳәм Қазақстан - 24,7 процент, қалған бөлеги Қырғызстан - 5,9 процент, Беларусь - 4,8 процент ҳәм Армения - 0,2 процентке туўра келеди.

Өзбекстанның ЕАЭА мәмлекетлерине экспортының 63,2 проценти Россияға, 22,5 проценти Қазақстанға, 11,2 проценти Қырғызстанға, 2,7 проценти Беларусқа ҳәм 0,4 проценти Арменияға туўра келеди.

Өзбекстанның ЕАЭА мәмлекетлеринен импортының 65,1 проценти Россия, 25,8 проценти Қазақстан, 5,9 проценти Беларусь, 3,2 проценти Қырғызстан ҳәм 0,1 проценти Арменияға туўра келеди.

2025-жылы Өзбекстанның ЕАЭА мәмлекетлерине экспорт ҳәм импорт қурамы төмендеги товар позицияларынан ибарат болды:

Экспорт - 6,9 млрд доллар, соннан: санаат товарлары (ийирилген жип, пластмасса ҳәм металлар ҳәм олардан таярланған буйымлар) - 1,8 млрд доллар; азық-аўқат өнимлери (мийўе-овош) - 1,33 млрд доллар; ҳәр қыйлы таяр өнимлер (таяр кийим-кеншек) - 1,02 млрд доллар; машина ҳәм транспорт үскенелери (электротехника товарлары, транспорт қураллары ҳәм олардың бөлеклери) - 728,9 млн доллар; химия өнимлери (төгинлер, фармацевтика өнимлери ҳәм басқалар). - 366,5 млн. доллар; ишимликлер ҳәм темеки - 132,3 млн. доллар; минерал жанылғы (керосин, газойл) - 124 млн. доллар; басқа да товарлар - 106,5 млн. доллар; азық-аўқат емес шийки зат - 97,2 млн. доллар, сондай-ақ, хызметлер (тийкарынан транспорт, сондай-ақ, қубыр, қаржы, мәлимлеме, таў-кән жумыслары ҳәм басқалар). - 1,2 млрд.

Импорт - 13,3 млрд. доллар, соннан: санаат товарлары (металлар, олардан таярланған буйымлар) - 3,3 млрд. доллар; минерал жанылғы (нефть өнимлери, тәбийғый газ) - 2,8 млн. доллар; азық-аўқат өнимлери (ғәлле, ун, өсимлик майы) - 2,8 млрд. доллар; химия өнимлери (фармацевтика өнимлери, химиялық бирикпелер, пластмассалар) - 1,1 млн. доллар; азық-аўқат емес шийки зат (ағаш, рудалар) - 1 млрд. доллар; машина ҳәм үскенелер - 983,4 млн. доллар; ҳайўан ҳәм өсимлик майлары (күнгебағар майы) - 439,7 млн. доллар; ишимликлер ҳәм темеки - 209,4 млн. доллар; ҳәр қыйлы таяр өнимлер - 179,5 млн. доллар, сондай-ақ, хызметлер (транспорт, қамсызландырыў, компьютер ҳәм т.б.) - 492,6 млн.

Инвестициялық бирге ислесиў

2026-жыл 1-март жағдайына бола, Өзбекстанда ЕАЭАға ағза мәмлекетлердиң инвестициялары қатнасындағы 5 мыңнан аслам кәрхана жумыс алып бармақта.

Тек ғана 2025-жылдың өзинде ЕАЭАға ағза мәмлекетлерден 3,7 миллиард доллар инвестиция тартылған (Россия - 2,6 миллиард доллар, Қазақстан - 870 миллион доллар, Қырғызстан - 197 миллион доллар, Беларусь - 76,5 миллион доллар, Армения - 4,7 миллион доллар).

ЕАЭА мәмлекетлери экспорт базарларының роли.

ЕАЭА мәмлекетлери базарларына тийкарынан үшинши мәмлекетлерге (Қытай, Түркия, Европа ҳәм басқалар) жеткерип берилетуғын шийки зат емес, ал таяр өнимлер (мийўе-овош, тоқымашылық, машина қурылысы ҳәм басқа да тармақлар өнимлери) экспортының тийкарғы көлеми жеткерип берилмекте.

Алтын експортын есапқа алмағанда, ЕАЭА мәмлекетлериниң Өзбекстанның улыўма экспортындағы үлеси 29 процентти қурайды.

Мәселен, 2025-жылы ЕАЭА мәмлекетлерине 1,1 миллиард долларлық 1,6 мың тоннадан аслам мийўе-овош (мийўе-овош экспортының улыўма салмақ көлеминиң 76 проценти), тоқымашылық ҳәм машина қурылысы өнимлери экспортының 70 проценттен асламы (мийўе-овош экспортының улыўма баҳасының 55 проценти) жеткерип берилген.

Онда ЕАЭА мәмлекетлеринен азық-аўқат (бийдай, ун, өсимлик ҳәм ҳайўан майлары ҳәм басқалар) ҳәм тутыныў товарларының тийкарғы көлеми, санаат кәрханаларының жумысы ҳәм қурылыс ушын зәрүр болған шийки зат ҳәм материаллардың үлкен бөлеги (металл, алюминий, ағаш ҳәм басқалар), сондай-ақ, машина ҳәм үскенелердиң белгили бир үлеси жеткерип берилмекте.