Билими, кәсиплик шеберлиги ҳәм социаллық белсендилиги менен бир қатарда, минез-қулқы, әдеби, қатнасық мәденияты ҳәм инсанларға мүнәсибети инсан камалының әҳмийетли өлшемлеринен. Себеби, қандай шахс екенин адамның тек айтқан сөзлери емес, ал күнделикли турмыстағы ис-ҳәрекетлери, өзин тутыўы, үлкенге ҳүрмети, кишиге иззети, ата-анасына мүнәсибети ҳәм әтираптағылар менен мүнәсибети көрсетеди.

Халқымызда "Қус уясында көргенин ислейди" деген терең мәнили нақыл бар. Бала үлкенлердиң нәсиятынан көре көбирек олардың ис-ҳәрекетлерин бақлайды ҳәм өзлестиреди. Усы мәнисте, ата-ананың жеке үлгиси перзент тәрбиясындағы ең күшли қураллардан бири. Гөззал минез-қулық бир күнде қәлиплеспейди. Ол шаңарақ, мектеп, мәҳәлле, дослар, устазлар ҳәм жәмийет тәсиринде әсте-ақырын қәлиплеседи. Соның ушын тәрбия процесине тек билимлендириў мәкемесиниң ўазыйпасы сыпатында қараў дурыс емес. Тәрбия — пүткил жәмийеттиң мәнаўий жуўапкершилиги.

Елимизде әдеп-икрамлылық инсан камалының тийкарғы белгилеринен бири сыпатында әзелден қәдирленип келинген. Үлкенлерге сәлем бериў, жасы үлкенлерди ҳүрмет етиў, кишилерге ғамхорлық көрсетиў, мийманды иззет-ҳүрмет пенен күтип алыў, ата-ананы қәдирлеў, қоңсы-қобалар менен татыў жасаў сыяқлы пазыйлетлер әўладтан-әўладқа өтип киятырған миллий тәрбия дәстүрлери болып есапланады.

Миллий тәрбияның күшли тәрепи сонда, ол инсанды белгили бир қағыйдаларға бойсындырыў емес, ал жақсылықты ишки мүтәжликке айландырыўға хызмет етеди. Яғный инсан жақсылықты жазадан қорыққаны ушын емес, ал оның дурыс ҳәм адамгершилик пазыйлет екенин аңлағаны ушын ислеўи керек.

Сәлем бериўи, үлкенлерге жол ашыўы, кишилерге меҳрибан болыўы, дастурханда өзин тута билиўи сыяқлы ис-ҳәрекетлер негизинде баланың руўхый дүньясы қәлиплесип атырғанынан дәрек береди. Сол себепли, тәрбияда майда нәрсениң өзи жоқ. Ҳәр бир әдет кейин ала шахстың минез-қулқына айланыўы мүмкин.

Гөззал минез-қулықтың биринши мектеби

Халқымызда "Бир балаға жети қоңсы ата-ана" деген нақыл бар. Бул ҳикмет перзент тәрбиясында жәмийетшиликтиң де жуўапкершилиги үлкен екенин аңлатады. Бала өзин қалай тутыўды, ең дәслеп, шаңарақта үйренеди. Ата-ананың бир-бирине мүнәсибети, перзент пенен қарым-қатнасы, үйдеги орталық, үлкенлердиң мийнетке, илимге, адамларға мүнәсибети бала санасында терең из қалдырады. Егер шаңарақта өз-ара ҳүрмет ҳәм меҳир үстин болса, перзент те меҳир ҳәм ҳүрметти үйренеди. Егер ата-ана өз ис-ҳәрекети менен ҳадаллық, мийнет сүйгишлик ҳәм жуўапкершилик үлгисин көрсетсе, балада бул пазыйлетлердиң қәлиплесиўи аңсатласады. Керисинше, үлкенлердиң сөзи менен әмели арасында айырмашылық болса, балада екилениў пайда болады. Соның ушын перзентке "жақсы бол" деп айтыўдың өзи жеткиликли емес. Бәринен бурын, үлкенлердиң өзи жақсы минез-қулық үлгисин көрсете алыўы керек.

Педагогика пәнинде андрогогика атамасы болып, ол үлкен жастағы инсанның кәсиплик, руўхый, шаңарақлық, социаллық, пуқаралық ҳәм саламат турмыс көнликпелерин раўажландырыў, кекселердиң белсенди, мүнәсип ҳәм қәўипсиз турмыс кешириўин тәмийинлеў, олардың әўладлар тәрбиясындағы бай тәжирийбесин заманагөй билимлер менен үйлестириўге қаратылған илимий-әмелий тараў. Усы тийкарда кекселер менен ислесиўде үш принцип үстин болыўы керек: қәдир-қымбат — кексе инсан тәжирийбе ҳәм қәдириятлар ийеси. Белсендилик — кекселердиң социаллық қатнасыўы, кеўиллилиги ҳәм дөретиўшилик белсендилиги хошаметленеди. Әўладлар үзликсизлиги — кексе әўладтың миллий тәрбиядағы орны илимий-методикалық жақтан қоллап-қуўатланады. Усы мәнисте, андрогогика ҳәм жедел кекшилик бойынша миллий концепция қабыл етиў, ата-апалардың ақлықлар тәрбиясындағы ролин заманагөй методика менен қоллап-қуўатлаў, кексе ата-ана ҳәм ер жеткен перзентлер арасындағы қарым-қатнас мәденияты бойынша мәҳәлле бағдарламаларын енгизиў, аймақларда жедел кекшилик орайларын шөлкемлестириў мақсетке муўапық, деп ойлаймыз.

Өзбек шаңарақларында ата-анаға ҳүрмет айрықша қәдирият сыпатында қәлиплескен. Кекселердиң пәтиясын алыў, ҳалынан хабар алыў, хызметин етиў, мәсләҳәтин тыңлаў сыяқлы дәстүрлер жас әўладтың руўхый тәрбиясында әҳмийетли орын ийелейди. Бирақ ҳүрметти тек сыртқы ҳәрекетлер менен шеклеп қоймаў керек. Ҳақыйқый ҳүрмет инсанның ишки мүнәсибетинде де көринеди. Ата-анаға итибарлы болыў, олардың мийнетин қәдирлеў, қартайған дәўиринде ғамхорлық етиў перзентликтиң әҳмийетли көринислери болып есапланады.

Бүгинги жедел мәлимлеме әсиринде әўладлар арасындағы қарым-қатнасты беккемлеў және де әҳмийетли. Телефон, интернет ҳәм социаллық тармақлар адамлар арасындағы аралықты қысқартқан болса да, гейде шаңарақ ағзаларының бир-бири менен тиккелей сөйлесиўине тосқынлық етиўи мүмкин. Соның ушын шаңарақта жанлы сәўбет, биргеликте ўақыт өткериў, перзенттиң пикирин тыңлаў мәдениятын қәлиплестириў зәрүр.

Билимлендириў мәкемеси балаға билим бериў менен бирге, жеке пазыйлетлерин қәлиплестириўге де хызмет етеди. Бул процессте устаздың жеке үлгиси шексиз әҳмийетке ийе. Муғаллимниң қатнасы, кийиниўи, сөйлеўи, әдалатлы мүнәсибети, оқыўшыға итибары ҳәм ҳәтте әпиўайы сәлемлесиўи де тәрбиялық тәсирге ийе. Оқыўшы устазынан тек ғана пәнди емес, ал турмыс сабақларын да үйренеди. Усы мәнисте, ҳақыйқый педагог тек билим бериўши қәниге емес, ал шахс камалға келиўиниң жол көрсеткиши есапланады.

Устаздың бир аўыз жақсы сөзи оқыўшы қәлбинде жыллар даўамында сақланыўы мүмкин. Сондай-ақ, итибарсыз айтылған сөз де баланың психологиясына тәсир етиўи итималы жоқары. Демек, педагогикалық хызметте ҳәр бир сөз, ҳәр бир қатнас ҳәм ҳәр бир ҳәрекет жуўапкерлик пенен таңланыўы керек.

Өзбек жәмийетинде мәҳәлле әзелден тек аймақлық бирлик емес, ал өзине тән тәрбия мектеби ўазыйпасын да атқарып келген. Қоңсылар арасындағы мүнәсибет, шембиликлер, той ҳәм мәресимлердеги аўызбиршилик, мүтәжлерге жәрдем бериў сыяқлы дәстүрлер жасларда жәмийетшилик ҳәм адамгершилик сезимлерин қәлиплестиреди.

"Қоңсың тыныш болса – сен тыныш" деген ҳикмет те бийкарға айтылмаған. Инсанның руўхый қәтержамлығы көп тәреплеме оны қоршап турған социаллық орталыққа байланыслы. Дүньяда сондай мәмлекетлер бар, қоңсылар бир-бирин танымайтуғын, сәлемлеспейтуғын, жақсы-жаман күнинде жәрдемлеспейтуғын болыўы мүмкин. Бул жағдай жәмийетте социаллық қатнасықлардың төменлеўине алып келеди. Миллий орталықта болса қоңсының ҳалынан хабар алыў, наўқас болса, зыярат етиў, қуўанышына шерик болыў, қыйыншылыққа ушыраса, жәрдем бериў сыяқлы қәдириятлар бар. Мине усы дәстүрлерди жас әўладқа жеткериў тәрбияның әҳмийетли ўазыйпаларынан бири.

Бүгинги жаслар үлкен мәлимлеме ағымы орталығында камалға келмекте. Интернет, социаллық тармақлар, санлы технологиялар ҳәм ҳәр қыйлы мәдений тәсирлер жаслардың дүньяқарасына сезилерли тәсир көрсетпекте. Бундай шараятта тәрбияның ўазыйпасы жасларды информациядан пүткиллей ажыратыў емес, ал оларда информацияны таңлаў, баҳалаў ҳәм оннан дурыс пайдаланыў мәдениятын қәлиплестириўден ибарат.

Жаслардың интернетте не көрип атырғаны, кимди өзине үлги деп билип атырғаны, қалай сөйлесип атырғаны ҳәм өз пикирин қалай билдирип атырғанына итибар қаратыў әҳмийетли. Санлы байланыста да гөззал минез-қулық нормалары сақланыўы керек. Басқаларды кемситпеў, тийкарсыз айыплаўлар жазбаў, жеке мағлыўматларды сақлаў, басқа пикирге ҳүрмет пенен қатнаста болыў – бүгинги дәўирде тәрбияның жаңа көринислери.

Пазыйлетлер бир-биринен бөлек емес, ал өз ара байланыслы ҳалда шахстың руўхый келбетин қәлиплестиреди. Тәрбияда ең күшли қураллардан бири жеке үлги есапланады. Бала үлкенлердиң айтқанына қарағанда, ислеген исине көбирек исенеди. Соның ушын ата-ана, устаз ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери жаслар ушын өз ис-ҳәрекетлери менен үлги болыўы зәрүр. Китап оқыўды үгит-нәсиятлап атырған ата-ананың өзи китап оқыса, мийнет сүйгишлик ҳаққында айтып атырған устаздың өзи мийнетке жуўапкершилик пенен қатнаста болса, ҳадаллықты үгит-нәсиятлап атырған инсан өз өмиринде ҳадаллық принципине әмел етсе, тәрбия тәсиршең болады. Бул жағынан тәрбияны сөйлеў емес, ал көрсетиў нәтийжелирек.

Инсанның ҳақыйқый байлығы мал-мүлки яки лаўазымы менен емес, бәринен бурын, гөззал минез-қулқы, ийгиликли ислери ҳәм адамлар арасында қалдырған жақсы аты менен белгиленеди. Тәрбия болса мине усы пазыйлетлерди қәлиплестириўге хызмет ететуғын үзликсиз процесс. Шаңарақ — оның биринши мәканы, мектеп — системалы даўамы, мәҳәлле — социаллық орталығы, устаз болса руўхый жетекшиси болып есапланады. Гөззал минез-қулықты тәрбиялаў ата-ана, устаз, мәҳәлле ҳәм пүткил жәмийеттиң биргеликтеги жуўапкершилиги болып есапланады. Бүгин биз жас әўладқа қандай минез-қулық, қәдирият ҳәм қатнасты сиңдирсек, ертең жәмийетимизде сондай инсанлар камалға келеди. Демек, тәрбияға қаратылған итибар келешекке қаратылған ең әҳмийетли инвестиция.

Холбой ИБРАИМОВ,

Қори Ниёзий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институты директоры, педагогика илимлери докторы, академик