Миллий руўхыйлығымыз қуяшы, поэзия мүлки саҳыпқыраны Мир Әлийшер Наўайы мине усындай уллы тулғалардан бири. Уллы ойшылдың дерлик алты әсирлик ўақыт сынағынан өткен мийрасы бүгин де инсаниятқа руўхый азық берип, кәмилликке қарай жол көрсетпекте.

Жаңа Өзбекстан шараятында ҳәзирети Наўайыға ҳүрмет мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, шын мәнисинде халықаралық көлемге ийе болды. Президентимиздиң басламасы менен Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде шөлкемлестирилген "Түркий дүнья бирлигине қосқан үлеси ушын" Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық сыйлығы буның ең айқын дәлийли болып есапланады.

***

Мәмлекетимиз басшысының бул басламасы 2021-жылы Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер тәрепинен бир аўыздан мақулланып, әмелий көринисин тапты. Режеге бола, сыйлық ҳәр еки жылда бир мәрте түркий мәдениятты үгит-нәсиятлаў, регионда тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, өз-ара исенимди беккемлеў және түркий халықлар арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўге үлкен үлес қосқан шахсларға тапсырылады.

Бир қарағанда бул гезектеги халықаралық сыйлықлардан бири ғана. Негизинде болса бул ўақыяның тийкарында терең мәни жәмленген. Өзбек ойшылы атындағы сыйлықтың пүткил түркий дүньяның биргеликтеги жоқары тән алыныўына айланыўы, бәринен бурын, басламаның халықаралық жәмийетшилик тәрепинен қызғын қабыл етилгенинен дәрек береди. Сыйлық, өз гезегинде, елимиз алып барып атырған ашық, дослық ҳәм интакерлик сыртқы сиясаттың әмелий нәтийжеси сыпатында көринеди. Себеби, түркий халықлар, қалаберсе, пүткил дүнья жәмийетшилиги тек ғана экономикалық ямаса сиясий мәплер әтирапында емес, ал улыўма руўхый қәдириятлар әтирапында да бирлеседи. Наўайы тулғасы әне усындай бирлестириўши күшке ийе қәдирият екенин бүгин дүнья халқы тән алмақта.

Халықаралық сыйлық жеке тәртиптеги илаж емес, ал избе-из системаның ажыралмас буўыны болып есапланады. 2021-жыл февральда Президентимиздиң қарары менен Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық жәмийетлик фонд шөлкемлестирилди. Фондқа уллы шайырдың өмири, жоқары адамгершилик идеялары ҳәм илимий-әдебий мийрасын елимизде және халықаралық көлемде кеңнен үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, шығармаларын шет тиллерге аўдарыў, жетик илимий басылымларын жаратыў, ҳәр жылы 9-февраль күни, яғный ойшыл бабамыздың туўылған күнинде халықаралық симпозиум, жыл даўамында республика сыртында "Наўайыханлық күнлери"н өткериў сыяқлы жуўапкершиликли ўазыйпалар жүкленди.

***

Түркий халықлар тарийхында көплеген басып алыўшы сәркардалар, ойшыл алымлар, данышпан дөретиўшилер жасап өткен. Түркий халықлардың Нобель сыйлығы, деп тән алынып атырған бул сыйлық не ушын Әлийшер Наўайы атында, деген сораў туўылыўы тәбийғый. Бул сораўға жуўап ол инсанның шексиз хызметлеринде жәмленген. Буннан бес ярым әсир бурын ҳәзирети Наўайы “Муҳокамат ул-луғатайн” шығармасында түркий тилдиң шексиз имканиятларын илимий дәлиллер менен дәлиллеп, ана тилимиздиң абырайын пүткил дүньяға улығлады. Өлмес "Хамса"сы ҳәм "Хазойин ул-маоний" топламы менен түркий тилде де жәҳән әдебиятының ең бийик шоққыларын ийелеў мүмкин екенлигин әмелде көрсетти. Дөретиўшилигинде 26 мыңнан аслам сөз қолланған бул данышпан сөз шебери дүньяға түркий әдебий тилдиң қүдиретин ҳәм гөззаллығын көрсетти.

Соның ушын Наўайының мийрасы Балканлардан Алтайға шекем, Анатолиядан Ҳиндстанға шекемги үлкен мәканда жасайтуғын халықлар ушын улыўма руўхый ғәзийне болып есапланады. Физулий ҳәм Мақтымқулы, Абай ҳәм Тоқай, Бердақ ҳәм Әжинияз сыяқлы онлаған уллы шайырлар Наўайы мектебинен сабақ алып, оның ғәззеллерине назиралар жазған. Уллы бабамыздың ҳәйкеллери бүгин Москва, Вашингтон, Токио, Баку, Сеул, Душанбе ҳәм Тбилиси сыяқлы дүньяның ири қалаларында бой тиклеп тур. Булардың барлығы Наўайы тек ғана өзбек халқының емес, ал барлық түркий халықлар, қалаберсе, пүткил инсанияттың руўхый мүлки екенин айқын көрсетеди.

Уллы ойшылдың:

Әлем халқы, билиниз, ис емес душпанлық,

Яр болың бир-бириңизге, ерур ярлығ ис,

деген ҳикметли шақырығы болса бүгинги тыныш емес дүньяда ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли жаңламақта. Ҳәзирети Наўайы аты түркий халықлар руўхый бирлигиниң тымсалы, жоқары байрағы болып есапланады. Мине, усы байрақ астында туўысқан халықларды бирлестириў идеясы халықаралық сыйлықтың мазмун-мәнисин қурайды.

***

Сыйлықтың биринши ийеси Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң 2022-жыл ноябрьде Самарқандта болып өткен саммитинде жәрияланды. Ол түркий дүнья бирлигине қосқан үлкен үлеси ушын уллы жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер, уллы гуманист Шыңғыс Айтматовқа өлиминен соң берилди ҳәм салтанатлы түрде Қырғызстан Президенти Садир Жапаровқа тапсырылды.

Айтматов дөретиўшилиги - түркий халықлар көркем ой-пикириниң жәҳән әдебиятындағы ең айқын тымсалы. Оның шығармалары дүньяның жүзден аслам тилине аўдарылып, миллионлаған оқыўшылардың қәлбинен орын алған. Жазыўшы өз қаҳарманлары арқалы түркий халықлардың руўхый дүньясын, дәрт-әрманларын ҳәм арзыў-нийетлерин улыўмаинсаныйлық әдебияттың мүлкине айландырды.

Шөлкемниң 2025-жыл 21-майда Будапештте өткерилген рәсмий емес саммитинде болса сыйлықтың гезектеги ийеси дүньяға белгили биохимик илимпаз, химия тараўында Нобель сыйлығының лауреаты, Өзбекстан Миллий университетиниң ҳүрметли докторы Азиз Санжар болды. Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, абырайлы сыйлықтың илимий жәмийетшилик ўәкилине тапсырылыўы түркий дүнья илимпазларын, әсиресе, жас изертлеўшилерди жаңа шеклерди ийелеўге руўхландырады.

Шыңғыс Айтматов сөз өнеринде, Әзиз Санжар анық илимлер әлеминде түркий халықлар потенциалын пүткил дүньяға көрсеткен уллы тулғалар болып есапланады. Демек, Әлийшер Наўайы атындағы сыйлық тар миллий шеңбердеги сыйлық емес, ал түркий халықлардың дүнья цивилизациясына қосып атырған мүнәсип үлесин тән алатуғын жоқары нормаға айланды. Бунда да өзине тән ҳикмет бар: ақыры ҳәзирет Наўайының өзи ҳәм шайыр, ҳәм илимпаз, ҳәм мәмлекетлик жәмийетлик ғайраткер сыпатында жумыстың барлық тараўларында жетиклик тымсалы болған еди. Оның атындағы сыйлықтың ҳәм әдебият, ҳәм илим ғайраткерлерине берилип атырғаны мине усы көп қырлы данышпанға мүнәсип ҳүрмет болып есапланады.

***

Халықаралық сыйлықтың шөлкемлестирилиўи мәмлекетимизде соңғы жыллары наўайытаныўшылық тараўында исленип атырған үлкен жумыслардың логикалық даўамы болды.

Әсиресе, Президентимиздиң басламасы ҳәм арнаўлы қарарына муўапық, уллы шайыр туўылған күниниң 580 жыллығы халықаралық көлемде кеңнен белгилениўи, пайтахтымызда Жазыўшылар қыябанының қурылғаны мәдений турмысымыздың умытылмас ўақыяларына айланды. Ҳәр жылы 9-февральда өткерилетуғын дәстүрий халықаралық әнжуманлар, соның ишинде, "Әлийшер Наўайы ҳәм Шығыс Ренессансы" халықаралық симпозиумы дүньяның онлаған мәмлекетлеринен келген илимпазларды бир дөгерекке жәмлемекте. "Әлийшер Наўайы изинен" халықаралық илимий экспедициялары шеңберинде илимпазларымыз Иран, Аўғанстан, Түркия, Египет, Қытай, Әзербайжан ҳәм басқа да мәмлекетлердеги қолжазба фондларында изертлеўлер алып барып, абырайлы илимий орайлар менен бирге ислесиў меморандумларына қол қоймақта.

Ғәрезсизлик жылларында жаратылған ең сайланды изертлеўлерди жәмлеген 30 томлық "Ғәрезсизлик дәўири өзбек наўайытаныўшылығы" изертлеўлер топламының басып шығарылғаны тараў тарийхында мисли көрилмеген ҳәдийсе болып табылады. Сондай-ақ, төрт томлық "Әлийшер Наўайы энциклопедиясы" жаратылды, онлаған жаңа монография ҳәм китапша басып шығарылды, шайыр дөретиўшилигине бағышланған көплеген докторлық ҳәм философия докторы диссертациялары қорғалды. Сырт еллерде наўайытаныўшылық мектеплери қайта тикленбекте: сырт елли илимпазлардың изертлеўлери өзбек тилинде, наўайытаныўшыларымыздың шығармалары болса түрк, парсы, рус ҳәм басқа да тиллерде басып шығарылмақта, сырт ел университетлери менен қоспа илимий жойбарлар жолға қойылмақта.

Арнаўлы қарар менен 2025-жылдың Наўайы ўәлаятында "Әлийшер Наўайы жылы" деп жәрияланғаны болса бул бағдардағы жумыслардың және де кең ен жайыўына тийкар жаратты. Ҳәзирги күнлерде Әлийшер Наўайы шығармаларының 100 томлық ғалабалық басылымын таярлаў бойынша жумыслар қызғын даўам етпекте. Бул мисли көрилмеген жойбар уллы ойшылдың мийрасын ҳәр бир шаңараққа, ҳәр бир китапқумарға жеткериў жолындағы тарийхый қәдем болып есапланады. Булардың барлығы Наўайытаныў Өзбекстанда мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланғанын, Өзбекстан болса шын мәнисинде жәҳән Наўайытаныўының орайы статусын беккемлеп атырғанын айқын көрсетеди.

***

Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық сыйлықтың шөлкемлестирилиўи бир неше тәрептен стратегиялық әҳмийетке ийе. Бәринен бурын, сыйлық мәмлекетимиздиң мәдений дипломатиясының нәтийжели қуралына айланды. Ол Өзбекстанның дүнья наўайытаныўшылығы орайы, түркий цивилизацияның руўхый ошақларынан бири сыпатындағы халықаралық абырайын және де беккемлейди.

Екиншиден, сыйлық түркий мәмлекетлер арасындағы интеграция процесслерине беккем руўхый тийкар болып хызмет етеди. Сиясий ҳәм экономикалық бирге ислесиў улыўма қәдириятлар менен байланысқан жағдайда ғана ҳақыйқый турақлы болады. Наўайы тулғасы болса туўысқан халықларды бирлестиретуғын мине усындай теңсиз қәдирият болып есапланады.

Үшиншиден, ол жас әўлад тәрбиясында шексиз әҳмийетке ийе. Айтматов ҳәм Санжар сыяқлы уллы шахслардың тән алыныўы миллионлаған жаслар ушын ибрат мектеби болып, оларды илим ҳәм дөретиўшилик шыңларын ийелеўге илҳамландырады.

Төртиншиден, сыйлық Наўайы дөретиўшилигиниң тийкарын қурайтуғын тынышлық, дослық, кеңпейиллик ҳәм адамгершилик идеяларын дүньяға үгит-нәсиятлайды. Қарама-қарсылықлар күшейип баратырған бүгинги қыйын дәўирде бул идеялардың қәдири шексиз.

Исеним менен айтыў мүмкин, ўақыт өткен сайын Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық сыйлықтың абырайы барған сайын артып, ол дүньяның ең абырайлы сыйлықлары қатарынан мүнәсип орын ийелейди. Себеби, тийкарында уллы Наўайыдай данышпан тулға, тынышлық ҳәм аўызбиршилик сыяқлы ийгиликли идеялар турған ҳәр қандай баслама узақ өмир сүреди. Үшинши Ренессанс тийкарын жаратып атырған Өзбекстан бул бағдарда пүткил түркий дүньяға, қалаберди, дүнья жәмийетшилигине руўхый аўызбиршиликтиң айқын үлгисин көрсетпекте.

Олимжон ДАВЛАТОВ,

Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық жәмийетлик фондының атқарыўшы директоры, профессор