Тәреплер Өзбекстан ҳәм Азия раўажланыў банки арасындағы бирге ислесиўдиң жоқары дәрежеси ҳәм системалы характерин атап өтти. Мәмлекетимиздиң туризмди раўажландырыў бойынша әмелдеги стратегиясы Банктиң тийкарғы бағдарлары, әсиресе, инфраструктураны раўажландырыў, өз-ара байланыслылықты ҳәм регионаллық интеграцияны арттырыў бағдарындағы әҳмийетли бағдарлары менен толық сәйкес екени атап өтилди.
Кейинги жылларда туризм Өзбекстан экономикасының тийкарғы драйверлеринен бирине айланды: 95 мәмлекет ушын виза режими либералластырылды, туристлер ағымы 2017-жылдағы 2,7 миллионнан 2025-жылы 11,7 миллионға жетти, тараўды 2026-2027-жылларда раўажландырыў бойынша 40 мың жумыс орнын жаратыўға мөлшерленген қысқа мүддетли бағдарлама, сондай-ақ, узақ мүддетли «Tourism Vision 2040» стратегиясы әмелге асырылмақта.
Келешектеги бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары сыпатында төмендегилер атап өтилди:
туристлердиң үзликсиз ағымын тәмийинлеў ушын шегара инфраструктурасын модернизациялаў ҳәм процесслерди санластырыў;
- Самарқандтағы UN Tourism "Жипек жолында туризм" тематикалық офисин муўапықластырыў ҳәм алға қойыўдың регионаллық платформасы сыпатында раўажландырыў;
инвестициялық тартымлы жойбарларды қәлиплестириў ушын улыўма майданы 9 мың гектардан аслам туристлик аймақлардың мастер-режесин ислеп шығыў.
Тәреплер жойбарлар шеңбериндеги бирге ислесиўден және де комплексли қатнасқа - турақлы ҳәм интеграцияласқан регионаллық туризм экосистемасын қәлиплестириўге өтиўге таяр екенин тастыйықлады.