Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, кадрлар таярлаў ҳәм кәсиплик тәжирийбе алмасыў тараўларындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелерин додалады.

Терроризм ҳәм экстремизм, наркотиклердиң нызамсыз айланысы, шөлкемлескен жынаятшылық, сондай-ақ, трансмиллий жынаятшылықтың басқа түрлерине қарсы гүресиўде бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратылды. Буннан тысқары, тәреплер киберқәўипсизлик ҳәм санлы криминалистика тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери бойынша пикир алысты.

Еки мәмлекет ҳуқық қорғаў уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Қытай Халық Республикасы Жәмийетлик қәўипсизлик министрлиги арасында 2026-2027-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды.

Ушырасыў дослық ҳәм конструктивлик руўхта өтип, оның жуўмақлары бойынша уйымлараралық бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарлары белгилеп алынды.