Ушырасыўда АҚШтың Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Жонатан Хеник те қатнасты.

АҚШ Экспорт-импорт банки (US EXIM Bank) - 1934-жылы шөлкемлестирилген мәмлекетлик финанс мекемеси болып, экспортты қоллап-қуўатлаў ушын кредит, кепиллик ҳәм қамсызландырыў қуралларын береди. Жәми портфели 130 миллиард доллардан аслам.

Ушырасыўда US EXIM Bank инструментлерин тартқан ҳалда аўыл хожалығы, транспорт, пайдалы қазылмаларды қазып алыў ҳәм инфраструктураны раўажландырыў сыяқлы тийкарғы тараўлардағы биргеликтеги жойбарларды қаржыландырыў механизмлери додаланды.

Тәреплер еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў ушын жоқары потенциал бар екенин атап өтип, Америка компанияларының қатнасыўындағы инвестициялық жойбарларды алға қойыў бойынша бирге ислесиўди жеделлестириўге өз-ара таяр екенин билдирди.