Ол ислам цивилизациясының илимий мийрасын қайта көрип шығыў, оны
раўажланыўдың бүгинги күн тәртибине интеграциялаў ҳәм халықаралық бирге
ислесиўдиң жаңа модельлерин қәлиплестириўге бағышланған ең ири халықаралық
платформалардан бири сыпатында атап өтилмекте.
Форум жүзлеген илимпазлар, диний уламалар, халықаралық шөлкемлердиң
басшылары ҳәм мәмлекетлик делегациялардың ўәкиллерин бирлестирди. Ол
Өзбекстанның мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў сиясатын глобал гуманитарлық
қарым-қатнас пенен бирлестиретуғын жаңа басқышты баслап береди.
Илаж Өзбекстан
Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Өзбекстан ислам
цивилизациясы орайы, Дин ислери бойынша комитет, Имам Бухарий, Имам Мотуридий
ҳәм Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайлары, Өзбекстан мусылманлары
мәкемеси, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы ҳәм ICESCO менен биргеликте
шөлкемлестирилди.
Форумның тийкарғы
мақсети - ислам цивилизациясының илим, ағартыўшылық ҳәм инсаныйлыққа
тийкарланған ҳақыйқый мәнисин халықаралық майданда кеңнен таныстырыў, қолжазба
ҳәм мәдений мийрасты сақлаў ҳәм санластырыў, түрли цивилизациялар арасындағы
қарым-қатнасты беккемлеўден ибарат.
Халықаралық
бақлаўшылардың пикиринше, диний кеңпейиллик, экстремизм ҳәм исламофобия менен
байланыслы додалаўлар күшейип атырған кейинги жылларда бундай майданларға
талап, әсиресе, артқан.
Форум жумысында ICESCO
бас директоры доктор Салим ал-Малик, Пүткил жер жүзилик мусылманлар лигасының
бас хаткери Муҳаммад ал-Иса, Иордания шахзадасы Ҳасан бин Талал, Россия
Федерациясы мусылманлары диний басқармасының баслығы, муфтий Равиль Гайнутдин,
Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери Кубанычбек Омуралиев, ТҮРКСАЙ бас
хаткери Султан Раев, IRSICA бас директоры Махмуд Эрол Кылыч, Кавказ
мусылманлары басқармасының баслығы шайхулислам Оллоҳшукур Пашшазада ҳәм басқа
да көплеген ҳүрметли мийманлар қатнаспақта.
Форумның ашылыў
мәресиминде Өзбекстан Республикасы Президентиниң жәрдемшиси Хайриддин Султонов
Президент Шавкат Мирзиёевтиң әнжуман қатнасыўшыларына мүрәжатын оқып еситтирди.
Қутлықлаўда ислам цивилизациясы мийрасын тиклеў ҳәм қәстерлеп сақлаў,
фундаментал изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў, жоқары маманлықтағы қәнигелерди
таярлаў, халықаралық гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў мәмлекетлик
сиясаттың ең әҳмийетли бағдарларынан бирине айланғаны атап өтилди.
Мүрәжатта
мәдениятлар ҳәм цивилизациялар арасындағы қарым-қатнасты беккемлеў, уллы
ойшыллардың мийрасын келешек әўладлар ушын қәстерлеп сақлаў, ислам дининиң
адамгершилик мәнисин дүнья жәмийетшилигине әдил түрде көрсетиў мәселелерине
айрықша итибар қаратылған. Бул ўазыйпалар Жаңа Өзбекстанды раўажландырыўдың ең
әҳмийетли бағдарлары сыпатында атап өтилди.
Президент
Администрациясы Дин ҳәм ағартыўшылық мәселелери департаментиниң баслығы
Музаффар Комилов форумды Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли ағартыўшылық
реформалардың әмелий нәтийжеси, деп атады.
- Сизлерди әййемги
ҳәм миймандос Өзбекстан жеринде - дүнья илиминиң раўажланыўына шексиз үлес
қосқан Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Мотуридий, Бурханиддин Марғиноний,
Мырза Улығбек, Ибн Сина ҳәм басқа да уллы илимпазлардың ўатанында күтип алыў
мен ушын үлкен мақтаныш. Әсиресе, Жаңа Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң
жеке басламасы ҳәм басшылығында шөлкемлестирилген саўлатлы Ислам цивилизациясы
орайында жыйналып турғанымыздың рәмзий мәниси бар", - деп атап өтти
Музаффар Комилов.
Форумда шығып
сөйлеген ICESCO бас директоры Салим ал-Малик кейинги жылларда Өзбекстанда
әмелге асырылып атырған гуманитарлық реформалар халықаралық жәмийетшилик
тәрепинен жоқары баҳаланып атырғанын атап өтти.
Оның атап өтиўинше,
тарийхый мийрасты қәстерлеп сақлаў, илимий изертлеўлер ҳәм халықаралық бирге
ислесиўди раўажландырыўға қаратылған мәмлекетлик сиясат Өзбекстан ҳәм пүткил
ислам цивилизациясы ушын үлкен әҳмийетке ийе.
Жәҳән
цивилизациясының раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған бул қутлы елге және
бир мәрте шын жүректен миннетдаршылық билдиремен. Бүгинги күнде Өзбекстанның
пуқаралық жәмийети, социаллық әдиллик, экономикалық раўажланыў ҳәм сыртқы
сиясат тараўларында ерисип атырған жетискенликлери халықаралық шөлкемлер
тәрепинен жоқары тән алынбақта.
Бул
цивилизацияның өзи ушын қуўанышлы ўақыя, пүткил ислам дүньясы ушын айрықша
мақтаныш.
Усы мүнәсибет
пенен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа ҳәм мәмлекет
басшылығына дана сиясаты ҳәм ийгиликли ҳәрекетлери ушын шын жүректен
миннетдаршылық билдиремен", - деди Салим ал-Малик.
Форумның ашылыў
мәресиминде Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның форум қатнасыўшыларына
қутлықлаўы оқып еситтирилди.
Мүрәжатта форум
тынышлықты беккемлеў, заманагөй халықаралық қатнасықлар системасында
қарым-қатнас ҳәм өз-ара исенимди раўажландырыўға хызмет ететуғын әҳмийетли
баслама сыпатында атап өтилген.
Эрдоған
исломофобия күшейип баратырған шараятта халықаралық майданда исламның ҳақыйқый
гуманистлик мәнисин үгит-нәсиятлаў улыўма тарийхый жуўапкершилик екенин атап
өтти.
Форум
қатнасыўшылары Маўараннахр цивилизациясының инсаният раўажланыўына қосқан
үлесин айрықша атап өтип, Самарқанд, Бухара, Термиз ҳәм Хийўаны дүнья тән алған
илим ҳәм мәденият орайлары сыпатында және де кеңнен үгит-нәсиятлаў зәрүрлигин
атап өтти.
Өзбекстанның
қолжазба мийрасын санластырыў, тарийхый естеликлерди қәстерлеп сақлаў,
академиялық изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў бағдарындағы сиясаты халықаралық
экспертлер тәрепинен жоқары баҳаланды.
Усы тәризде I Халықаралық
ислам цивилизациясы форумы илимий бирге ислесиў, мәдений дипломатия, илим ҳәм
ағартыўшылықты раўажландырыў ушын стратегиялық платформаға айланбақта.
Ташкентте
басланған сөйлесиў Өзбекстанның бай илимий ҳәм руўхый мийрасын жәҳән
академиялық мәканына интеграциялаў, цивилизациялар арасындағы өз-ара бирге
ислесиўди кеңейтиў, ислам цивилизациясының инсаныйлық, илим ҳәм кеңпейилликке
тийкарланған қәдириятларын глобал дәрежеде үгит-нәсиятлаўға қаратылған.
Форумның биринши
күнинде билдирилген басламалар Өзбекстанның гуманитарлық дипломатиядағы орны
артып атырғанын және бир мәрте тастыйықлады ҳәм мәмлекетимиздиң Орайлық
Азиядағы халықаралық интеллектуаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли орайларынан
бири сыпатындағы статусын беккемледи.
Форумға ислам
цивилизациясы ҳәм уллы бабаларымыздың мийрасына бағышланған арнаўлы
презентацияларға таярлықтың әҳмийетли басқышы сыпатында қаралмақта. Олар
быйылғы жылы БМШтың Нью-Йорк ҳәм Женева қалаларындағы бас резиденцияларында,
Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен ЮНЕСКОның Париждеги бас
резиденциясында болып өтеди.
Форумның жумысы
11-июльге шекем даўам етеди. Оның шеңберинде Самарқанд ҳәм Термиз қалаларында
ислам дүньясының белгили уламаларының мийрасына бағышланған төртинши
халықаралық илимий конференция өткериледи.