Ислам цивилизациясы орайы баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше,
Декларацияда бир қатар глобал басламалар алға қойылған. Атап айтқанда,
Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы жанында халықаралық шөлкемлер,
академиялық ҳәм илимий мәкемелер, музейлер, китапханалар, архивлер, қолжазбалар
орайлары, илимий-изертлеў институтлары ҳәм басқа да мәпдар структураларды
бирлестиретуғын Пүткил жер жүзилик Ислам цивилизациясы альянсын шөлкемлестириў
усыныс етилди.
Сондай-ақ, бул
мийрас объектлерин бирден-бир халықаралық санлы платформаға бирлестиретуғын
Ислам цивилизациясы мийрасының Пүткил жер жүзилик санлы реестрин жаратыў,
"Ислам цивилизациясы - пүткил инсанияттың мийрасы" халықаралық
бағдарламасын әмелге асырыў, Халықаралық ислам цивилизациясы сыйлығын
шөлкемлестириў, Пүткил жер жүзилик ислам цивилизациясы санлы китапханасын
шөлкемлестириў, Ислам цивилизациясы бойынша халықаралық жаслар форумын өткериў
де әҳмийетли басламалар қатарына киреди.
Бул басламалардың
барлығы ислам цивилизациясының гуманистлик мийрасын қәстерлеп сақлаў, илимий
үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған.
Өзбекстанда Ислам
цивилизациясы орайының шөлкемлестирилиўи ҳәм I Халықаралық ислам цивилизациясы форумының өткерилиўи ислам
цивилизациясы мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў тараўында
халықаралық бирге ислесиўдиң жаңа басқышын баслап берди.