Илаж даўамында табыслы мәмлекетлик сиясаттың әмелий үлгилерин өз ишине
алған 6-ТРМға ерисиўди жеделлестириў бойынша миллий кейслер топламының бесинши
басылымы таныстырылды. Ең жақсы халықаралық әмелиятлар қатарына Қытай, Сан-Томе
ҳәм Принсипи кейслери менен бир қатарда Өзбекстанның 6-ТРМды әмелге асырыўдағы
жетискенликлери ҳәм суў ресурсларын басқарыўдағы нәтийжели көзқарасларды
сәўлелендиретуғын миллий кейс киргизилди, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Президент
Администрациясы басшысының орынбасары Тимур Бутунбаев басшылығындағы Өзбекстан
делегациясы мәмлекетимизде суў ресурсларын басқарыў, халықты қәўипсиз ишимлик
суўы менен тәмийинлеў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, тараўды
санластырыў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарындағы
комплексли реформалар ҳәм әмелий нәтийжелерди таныстырды.
Атап
өтилгениндей, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында суў
ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелери мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли
бағдарларынан бирине айланған. Мәмлекетимизде кең көлемли институционаллық ҳәм
нызамшылық реформалары әмелге асырылды, соның ишинде, Суў хожалығы министрлиги
шөлкемлестирилди, жаңа Суў кодекси қабыл етилди ҳәм 2030-жылға шекем Суў
хожалығын раўажландырыў стратегиясы әмелге асырылды.
Ерисилген
нәтийжелерге айрықша итибар қаратылды. Кейинги жыллары ишимлик суўы тәмийнаты
системасына инвестиция көлеми 10 есеге артты. Халықтың ярымынан көби орайласқан
ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм заманагөй канализация инфраструктурасының
раўажланыўы есабынан жақсыланған ишимлик суўы ҳәм санитариялық хызметлерден
пайдаланыў имканиятына ийе болды.
Суўды үнемлеў
тараўында да үлкен табысларға ерисилди. Егер 2017-жылға шекем заманагөй суўды
үнемлейтуғын технологиялар суўғарылатуғын жерлердиң бир процентинен азында
қолланылған болса, ҳәзирги күнде олар 2,6 миллион гектардан аслам ямаса
мәмлекетимиздеги барлық суўғарылатуғын майданлардың 60 процентинен асламын
қамтып алған. 2030-жылға шекем оларды суўғарылатуғын жерлердиң барлық
майданларында енгизиўди тәмийинлеў режелестирилген.
Ирригация
инфраструктурасын модернизациялаў, санлы шешимлерди енгизиў ҳәм басқарыў
нәтийжелилигин арттырыў есабынан ҳәзирги ўақытта суў ресурсларының жыллық
үнемлениўи дерлик 11 миллиард куб метрге жетпекте. 2030-жылға шекем бул
көрсеткишти 15 миллиард куб метрге жеткериў режелестирилген.
Шығып сөйлеў
ўақтында Өзбекстанның Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде ерисип атырған
табыслары да атап өтилди. Турақлы раўажланыў бойынша шешимлерди ислеп шығыў
тармағы (SDSN) тәрепинен таярланған 2025-жыл ушын Турақлы раўажланыў ҳаққындағы
есабатқа бола, Өзбекстан дүнья рейтингинде бирден 19 пунктке жақсыланып,
62-орынға көтерилди. Онда мәмлекетимиз Орайлық Азия ҳәм Шығыс Европа
мәмлекетлери арасында ТРМға ерисиўде ең жоқары раўажланыў пәтлерине ерискен
мәмлекет сыпатында тән алынған.
Трансшегаралық
суў ресурслары мәселелери бойынша регионаллық бирге ислесиўди беккемлеўде
Өзбекстанның рольине айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан Президентиниң
басламалары менен Орайлық Азияда исеним ҳәм конструктивлик бирге ислесиўдиң
жаңа орталығы қәлиплескени, регион мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт
ушырасыўлары суў мәселелерин биргеликте шешиў ушын нәтийжели майданға айланғаны
атап өтилди.
Сондай-ақ,
2027-жылдан баслап Өзбекстан суў, экология ҳәм социаллық-экономикалық
тараўларда биргеликтеги регионаллық жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар
қаратқан ҳалда Аралды қутқарыў халықаралық қорына басшылық етиўи атап өтилди.
Өзбекстанның суў
тараўында кадрлар потенциалын раўажландырыў бағдарындағы жумыслары да
таныстырылды. Атап айтқанда, Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын
механизациялаў инженерлери институтында дүньяның 16 мәмлекетинен қәнигелер,
соның ишинде, халықаралық суў дипломатиясы бойынша магистрлер таярланбақта.
Ҳәзирги ўақытта Миллий суўшылар мектебинде 90 мыңнан аслам қәниге ҳәм фермерлер
оқытылды.
2025-2026-жылларда
Өзбекстан бир қатар ири халықаралық илажларды, соның ишинде, Ташкент суў
ҳәптелиги ҳәм биринши Ташкент ҳаял-қызлар суў ҳәптелигин табыслы
шөлкемлестиргенлиги атап өтилди. Усы жылдың гүзинде әййемги Самарқандта Суў
ресурсларын сақлаў бойынша пүткил жер жүзилик форумның өткерилиўи бул
жумыслардың даўамы болады.
Өзбекстан
халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да жедел раўажландырыўға, алдынғы
тәжирийбелерди алмасыўға, халықаралық шериклер менен биргеликте Турақлы
раўажланыў мақсетлерине ерисиў, ҳәзирги ҳәм келешек әўладлар ушын суў
қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған әмелий шешимлерди алға қойыўға таяр екени
тастыйықланды.
Өз-ара бирге
ислесиўди беккемлеў, инвестицияларды көбейтиў, технологияларды жеткерип бериўди
кеңейтиў ҳәм өз-ара исеним арқалы ғана мәмлекетлер 6-ТРМге ерисиўи ҳәм келешек
әўладлар ушын суў қәўипсизлигин тәмийинлеўи мүмкин екенлиги айрықша атап
өтилди.